Еврейлер 7 bob

Руўханий Мелхиседек (1-10), Ийса Мелхиседек сыяқлы руўханий (11-28).

1 Бул Мелхиседек Сәлем патшасы ҳәм Қүдиретли Қудайдың руўханийи еди. Ол патшаларды жеңилиске ушыратып қайтып киятырған Ибрайымды қарсы алып, оған пәтиясын берген еди.
2 Ал Ибрайым оған ҳәмме нәрсениң оннан бирин берген еди. Оның еки аты бар, бириншиси Мелхиседек болып, бул аттың мәниси «әдиллик патшасы», ал екиншиси Сәлем патшасы болып, бул аттың мәниси «тынышлық патшасы» дегенди аңлатады.
3 Оның әкеси, анасы ҳәм шежиреси белгисиз. Өмириниң басы, я соңы жоқ. Ол сол жағынан Қудайдың Улына уқсайды ҳәм мәңгиге руўханий болып қалады.
4 Қараңлар, ол қаншелли уллы! Ҳәтте, түп бабамыз Ибрайым да түскен олжаларының оннан бирин оған берген еди.
5 Лебий урыўынан шыққан руўханийлер Мухаддес Нызамдағы буйрық бойынша өз туўысқанларынан, яғный халықтан, ҳәммеси де Ибрайымның урпақлары болса да, оннан бирин алыўы тийис еди.
6 Мелхиседек Лебий урыўынан болмаса да, Ибрайымнан оннан бирин алып, Қудайдың ўәдесине ийе болған оған пәтиясын берген еди.
7 Пәтия берген адам пәтия алған адамнан уллы екени сөзсиз.
8 Оннан бирин алатуғын руўханийлердиң басында өлим бар. Бирақ, Ибрайымнан оннан бирин алған Мелхиседектиң тири екени ҳаққында гүўалық бар.
9 Демек, оннан бирин алатуғын Лебийдиң өзи де Ибрайым арқалы оннан бирин берди, деп айтыўға болады.
10 Өйткени Мелхиседек Ибрайымды қарсы алғанда, Лебий еле бабасы Ибрайымның белинде еди.
11 Израил халқы Мухаддес Нызамды лебийлилердиң руўханийлик хызмети тийкарында алған еди. Бирақ егер Харон әўладынан болған лебийлилердиң руўханийлик хызмети арқалы минсизликке ерисиў мүмкин болғанда, онда Мелхиседек сыяқлы басқа бир руўханийдиң келиўине ҳәжет бар ма еди?
12 Себеби руўханийлик хызмети өзгертилсе, Мухаддес Нызам да өзгертилиўи тийис.
13 Алдын сөз етилген адам, яғный Ийса басқа урыўдан шыққан еди. Сол урыўдан ҳеш ким қурбанлық шалынатуғын орында хызмет етпеген.
14 Ал Ийемиз Ийсаның Яҳуда урыўынан келип шыққаны анық. Муўса бул урыўға байланыслы руўханийлик ҳаққында ҳеш нәрсе айтпаған еди.
15 Мелхиседекке уқсаған басқа бир руўханий пайда болғанынан бул сөзлеримиз еле де анығырақ болады.
16 Ийса Лебий урыўына байланыслы болған Мухаддес Нызамдағы қағыйдалар бойынша емес, ал таўсылмайтуғын өмир қүдирети менен руўханий болды.
17 Өйткени Мухаддес Жазыўда Ол ҳаққында: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мәңгиге руўханийсең», – деген гүўалық бар.
18 Руўханийлик ҳаққында әўелги қағыйдалар ҳәлсиз ҳәм пайдасыз болғанлықтан бийкар етилди.
19 Себеби Мухаддес Нызам ҳеш бир нәрсени минсизликке еристирмеди. Буның орнына, бизлерди Қудайға жақынластыратуғын жақсы үмит берилди.
20 Ийса Қудайдың берген анты бойынша руўханий болды. Ал лебийли руўханийлер Қудайдың анты бойынша руўханий болған жоқ.
21 Ийса Өзине: «Қудай Ийемиз ант ишти, Ол антынан таймайды: „Сен мәңгиге руўханийсең“» , – деген Қудайдың анты бойынша руўханий болды.
22 Солай етип, Ийса еле де жақсырақ келисимниң гиреўи болды.
23 Және бир айырмашылығы мынадай: әпиўайы руўханийлердиң саны көп еди. Өйткени өлим оларға хызметлерин даўам етиўге тосқынлық қылатуғын еди.
24 Бирақ Ийса мәңги жасайтуғын болғанлықтан, Оның руўханийлиги де мәңги.
25 Сонлықтан Ол Өзи арқалы Қудайға келгенлерди пүткиллей қутқаратуғын күшке ийе. Себеби Ол мәңгиге тири болып, Қудайдан олар ушын өтинип сорайды.
26 Ийса бизлерге керек болған бас руўханийдиң анық Өзи болады. Өйткени Ол мухаддес, айыпсыз, пәк, гүнакарлардан ажыратылған ҳәм аспаннан да жоқары көтерилип, уллы абырайға ийе болған.
27 Басқа бас руўханийлер сыяқлы, ҳәр күни әўели Өз гүналары ушын, ал соңынан халықтың гүналары ушын қурбанлық бериўдиң Оған ҳәжети жоқ. Себеби Ол Өзин қурбан етип, бул исти бир мәртебе ҳәм биротала орынлады+.
28 Муўсаның Нызамы адам болғанлықтан минсиз емес болғанларды бас руўханий қылып қояды. Бирақ Муўсаның Нызамынан соң, Қудайдың ант етип берген ўәдеси Оның мәңгиге минсиз Улын бас руўханий етип қойды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.