Еврейлер 8 bob
1 Айтқанларымыздың тоқ етери мынадан ибарат: бизлердиң аспанда қүдиретли Қудайдың оң жағында отырған бас руўханийимиз Ийса бар.
2 Ол сол жерде адам тәрепинен емес, ал Қудай тәрепинен қурылған ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырда хызмет қылады.
3 Ҳәр бир бас руўханий садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. Сонлықтан бизлердиң бас руўханийимиздиң де беретуғын бир нәрсеси болыўы тийис еди.
4 Егер Ийса жер жүзинде қалғанда, руўханий болмас еди. Өйткени әлле қашан жер жүзинде Мухаддес Нызам бойынша садақалар беретуғын руўханийлер бар.
5 Бирақ, бул руўханийлер аспандағы ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырдың үлгиси ҳәм көлеңкеси болған жердеги Мухаддес шатырда хызмет етеди. Себеби Муўса усы Мухаддес шатырды қурыўға кирискенде, Қудай тәрепинен былай деп ескертилген еди: «Абайла, ҳәр бир нәрсени таўда өзиңе көрсетилген үлги бойынша исле» .
6 Ал Ийса бурынғыдан да жақсырақ ўәделерге тийкарланып дүзилген, Қудай менен адамлардың арасындағы жақсырақ келисимниң тәўеллешиси болды. Сонлықтан Ол руўханийлердиң хызметинен анағурлым жоқарырақ хызметке ийе болды.
7 Егер сол биринши келисим кемшиликсиз болғанда, оның орнына екиншисин дүзиўдиң кереги болмас еди.
8 Ал, халқын айыплы деп тапқан Қудайдың сөзлери мынадай: «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Мен Израил халқы ҳәм Яҳудия халқы менен, Жаңа келисим дүзетуғын күнлер жақынлады.
9 Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда, Олар менен дүзген келисим сыяқлы болмайды. Өйткени олар Мениң келисимиме садық болмады. Сонда Мен де олардан жүзимди терис бурдым.
10 Сол күнлерден соң, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың сана-сезимлерине салып, Жүреклерине ойып жазып қояман. Мен олардың Қудайы боламан, Олар Мениң халқым болады.
11 Ҳеш кимниң жанындағы адамға, Я болмаса, өз туўысқанына, Ийемизди бил, деп үйретиўине ҳәжет жоқ. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин, Олардың ҳәммеси Мени билетуғын болады.
12 Мен олардың наҳақ ислерин реҳимлилик пенен кеширемен, Гүналарын қайтып есиме алмайман“» .
13 Қудай «жаңа келисим» деп, бурынғысының гөнерген көрсетти. Гөнерген нәрсе көп өтпей жоқ болады.