Еврейлер 9 bob

Биринши келисим дәўириндеги диний хызмет (1-10), Масихтың минсиз қурбанлығы (11-28).

1 Биринши келисим дәўиринде сыйыныў қағыйдалары ҳәм адамның қолынан қурылған Мухаддес шатыр бар еди.
2 Қурылған сол Мухаддес шатырдағы «Мухаддес бөлме» деп аталатуғын биринши бөлмеде шыра қойғыш, стол ҳәм столдың үстинде Қудайға усынылған нанлар болатуғын еди.
3 Мухаддес шатырдағы екинши пердениң артында «Ең мухаддес бөлме» деп аталатуғын екинши, ишки бөлме бар еди.
4 Бул бөлмеде хош ийисли затлар түтетилетуғын алтыннан исленген орын ҳәм ҳәмме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна салынған алтын гүзе, Харонның бөрткен ҳасасы ҳәм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди.
5 Сандықтың үстинде керуб атлы уллы периштелердиң мүсини бар еди. Олар сандықтың үстиндеги гүналар кеширилетуғын жерди қанатлары менен жаўып туратуғын еди. Бирақ, ҳәзир бул нәрселер ҳаққында бирме-бир айта алмаймыз.
6 Мухаддес шатыр усылай үскенеленген еди. Оның биринши бөлмесине руўханийлер ҳәр қашан кирип, сыйыныў хызметин орынлайтуғын еди.
7 Ал екинши, ишки бөлмеге болса, бир жылда бир мәртебе тек бас руўханий ғана кире алатуғын еди. Ол өзи менен бирге сол жерге өзиниң гүналарының ҳәм халықтың билмей ислеген гүналарының кеширилиўи ушын шалынған қурбанлықтың қанын алып кириўи тийис еди.
8 Бул арқалы Мухаддес Руўх бизлерге мынаны билдиреди: Мухаддес шатырдың биринши бөлмеси еле бар екен, Ең мухаддес бөлмеге баратуғын жол жабық болады.
9 Бул ҳәзирги заман ушын тымсал болып, берилген садақалар ҳәм қурбанлықлардың Қудайға сыйынатуғын адамның ҳүжданын пәклей алмайтуғынын көрсетеди.
10 Булар тек жеўге, ишиўге ҳәм ҳәр қыйлы диний тазаланыў үрдислерине байланыслы нәрселер болып, жаңа дүзим пайда болғанға дейин күшке ийе болған сыртқы қағыйдалар ғана.
11 Бирақ Масих пайда болған жақсы нәрселердиң бас руўханийи болып келип, қолдан соғылмаған, яғный бул дүньядағы жаратылыстан болмаған уллырақ ҳәм минсиз Мухаддес шатырға кирди.
12 Масих теке ҳәм баспақлардың қаны менен емес, ал Өз қаны менен Ең мухаддес бөлмеге биринши ҳәм соңғы мәртебе кирип, бизлерге мәңгилик қутқарылыў алып келди.
13 Бурын ҳарамланып қалғанлардың денесиниң пәк болыўы ушын, олардың үстилерине теке менен өгизлердиң қаны ҳәм қашарлардың күли себилип, оларды мухаддес қылатуғын еди.
14 Ал енди болса, мәңгилик Мухаддес Руўх арқалы Өзин минсиз қурбанлық қылып Қудайға бағышлаған Масихтың қаны бизлердиң тири Қудайға хызмет ете алыўымыз ушын, ҳүжданымызды өлимге жетелеўши ислерден тазалаўы сөзсиз.
15 Солай етип, Қудай тәрепинен шақырылғанлардың ўәде етилген мәңгилик мийрасты алыўы ушын, Масих Қудай менен адамлардың арасында дүзилген жаңа келисимниң тәўеллешиси болды. Өйткени Ол адамларды биринши келисимниң ўақтында ислеген гүналарынан қутқарыў ушын, Өзин қурбан етти.
16 Ўәсият бар жерде ўәсият еткен адамның өлимин тастыйықлаў да керек болады.
17 Ўәсият тек адамның өлиминен соң ғана күшке ийе болады. Ўәсият еткен адам тири болса, ол ҳеш қандай күшке ийе емес.
18 Сонлықтан биринши келисим де қан төгилгеннен кейин күшке енди.
19 Муўса Мухаддес Нызамның ҳәр бир буйрығын халыққа жәриялағаннан соң, баспақ ҳәм текелердиң суў қосылған қанына қызыл жүн ҳәм иссоп шөбин малып алып, келисим китабының да, пүткил халықтың да үстине септи де:
20 «Бул – Қудайдың сизлер менен дүзген келисимин бекитетуғын қан» , – деди.
21 Сондай-ақ, ол Мухаддес шатырдың ҳәм сыйынғанда қолланылатуғын барлық затлардың үстине де қан септи.
22 Ҳақыйқаттан да, Мухаддес Нызам бойынша дерлик ҳәмме нәрсе қан менен тазаланады. Қан төгилмесе, гүна кеширилмейди.
23 Солай етип, аспандағы ҳақыйқый нәрселердиң үлгиси болған бул нәрселер усылай тазаланыўы керек еди. Бирақ аспандағы нәрселер болса, оннан да жақсырақ қурбанлықлар менен тазаланыўы тийис.
24 Себеби Масих аспандағы ҳақыйқый ҳәм мухаддес шатырдың үлгиси болған, қолдан қурылған Мухаддес шатырға емес, ал туўры аспанға кирип, ҳәзир бизлер ушын Қудайдың алдында тур.
25 Малдың қаны менен Ең мухаддес бөлмеге жыл сайын киретуғын бас руўханий сыяқлы, аспанға кирген Масихқа Өзин қайта-қайта қурбан етиўдиң кереги жоқ.
26 Егер олай болмағанда, дүнья жаратылғаннан баслап Масихтың қайта-қайта азап шегиўи тийис болар еди. Бирақ Масих Өзин қурбан етип, гүнаны жоқ қылыў ушын, заманның ақырында тек бир мәртебе жерге келди.
27 Бир мәртебе өлип, оннан соң ҳүким етилиў адамлардың тәғдирине жазылған.
28 Сол сыяқлы, Масих та көплердиң гүналарын жуўыў ушын, биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан болды. Екинши мәртебе болса, Ол гүналарды жуўыў ушын емес, ал Өзин интизарлық пенен күтип атырғанларды толық қутқарыў ушын келеди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.