Аян 12 bob

Ҳаял ҳәм айдарҳа (1-18).

1 Аспанда бир уллы кәраматлы белги пайда болды: қуяшқа оранған, аяқларының астында ай, басында он еки жулдызлы тажы бар бир ҳаял көринди.
2 Ҳаял ҳәмледар еди, ол босанбақшы болып, толғақ тутып бақырмақта еди.
3 Соңынан аспанда басқа бир кәраматлы белги пайда болды: жети баслы, он шақлы, басларында жети тажы бар, үлкен қызыл айдарҳа көринди.
4 Айдарҳа қуйрығы менен аспандағы жулдызлардың үштен бирин сыпырып, жерге ылақтырды. Соңынан ол туўылыўдан-ақ баланы жутып жибериў ушын, туўайын деп атырған ҳаялдың алдында турып алды.
5 Ҳаял ул туўды. Бул бала барлық миллетлерди темир таяқ пенен басқарады. Бала дәрҳал Қудайға, Қудайдың тахтына алып келинди.
6 Ал ҳаял шөлге қашып кетти. Ол жерде ҳаялдың бир мың еки жүз алпыс күн бағылыўы ушын, Қудай тәрепинен таярланған бир орын бар еди.
7 Аспанда саўаш басланды. Бас периште Михаил ҳәм оның периштелери айдарҳаға қарсы урысты. Айдарҳа да өз периштелери менен оларға қарсы урысса да,
8 күши жетпей жеңилип қалып, аспандағы орынларынан айырылды.
9 Үлкен айдарҳа, әзәзүл ямаса шайтан деп аталған, пүткил дүньяны жолдан азғырған ески жылан периштелери менен бирликте жерге ылақтырылды.
10 Сонда мен аспанда бәлент бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Қудайымыздың қутқарыўы, қүдирети, патшалығы Ҳәм Масихының ҳүкимдарлығы енди орнады. Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы, Оларды Қудайымыздың алдында күни-түни Айыплаған шайтан жерге ылақтырылды.
11 Туўысқанларымыз Қозының қаны менен Ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары менен оны жеңди. Бул ушын олар өз жанларын өлимге қыйды.
12 Сонлықтан, ҳәй, аспан ҳәм онда жасаўшылар шадланыңлар! Ал жер ҳәм теңиз сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби шайтан қәҳәрли түрде үстилериңизге түсти. Ол өз ўақтының аз қалғанын биледи».
13 Айдарҳа өзиниң жерге ылақтырылғанын көргенде, ул бала туўған ҳаялдың изинен қуўа кетти.
14 Ҳаялдың жыланнан шөлдеги өзи ушын арналған жерге ушып кетиўи ушын, оған үлкен бир бүркиттиң еки қанаты берилди. Ҳаял ол жерде үш ярым жыл бағылыўы лазым еди.
15 Сонда жылан ҳаялды сел менен ығызып жибериў ушын, аўзынан оның изинен дәрьядай суў ағызды.
16 Бирақ жер аўзын ашты да, айдарҳаның аўзынан ағызған суўын жутып жиберип, ҳаялға жәрдем етти.
17 Сонда айдарҳа ҳаялға қарсы қәҳәрленди. Ол ҳаял нәсилинен болған басқалар менен, яғный Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийса Масихтың гүўалығына садық қалғанлар менен урысыўға атланды.
18 Айдарҳа теңиз жағасында турып алды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.