Аян 18 bob

Бабилонның қулаўы (1-24).

1 Буннан соң, мен күшли бийликке ийе басқа бир периштениң аспаннан түскенин көрдим. Оның салтанатынан дүнья жүзи жарқырап кетти.
2 Периште қатты даўыслап былай деди: «Қулады! Уллы Бабилон қулады! Ол енди жинлердиң мәканы, Ҳәр түрли жаўыз руўхлардың ордасы, Ҳәр қыйлы ҳарам ҳәм жеркенишли қуслардың уясы болды.
3 Өйткени барлық миллетлер оның бузықшылығының күшли шарабын ишти. Дүньяның патшалары оның менен бирге бузықшылық иследи. Дүньяның саўдагерлери де оның асып-тасқан молшылығынан байып кетти».
4 Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди: «Ҳәй, халқым! Оның гүналарына шерик болып, Ол дуўшар болған бәлелерге дуўшар болмаўың ушын, оннан шығып кет!
5 Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, аспанға жетти, Қудай оның жаман ислерин ядында сақлады.
6 Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар. Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар, Өзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, оған бериңлер.
7 Ол қаншама сән-салтанатқа ҳәм молшылыққа бөленген болса, оған соншама қайғы-ҳәсирет бериңлер. Өйткени ол өз кеўлинде: „Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен. Ҳеш қашан қайғы көрмеймен“, – дейди.
8 Сонлықтан ол өлим, қайғы ҳәм ашлық бәлелерине бир күнниң ишинде дуўшар болады, ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Қудай Ийемиз қүдиретли»+.Сонлықтан ол өлим, қайғы ҳәм ашлық бәлелерине бир күнниң ишинде дуўшар болады, ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Қудай Ийемиз қүдиретли».
9 Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бөлискен дүньяның патшалары ол жанып атырған оттың түтинин көргенде, оны азалап жылайды.
10 Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып: «Ўай-ўай, уллы қала, күшли қала Бабилон! Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди.
11 Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Өйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ.
12 Олар алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, баҳалы гезлеме, жипек, қызғылт көк ҳәм қырмызы гезлемелерди, ҳәр түрли хош ийисли ағашларды, пил сүйегинен исленген затларды, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нәрселерди, қола, темир ҳәм мәрмерден исленген ҳәр қыйлы буйымларды,
13 дәмли қабық, мазалы дәм беретуғын нәрселерди, хош ийисли түтеткилерди, әтир май, әтир, шарап, зәйтүн майы, сапалы ун ҳәм бийдай, ири қара мал ҳәм қойлар, атлар ҳәм арбалар, қулларды, және де адам жанын сататуғын ҳәм сатып алатуғын еди.
14 Олар және: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳәм көзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди.
15 Бабилонда усы нәрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳәм узақта турып, жылап аза тутады.
16 Олар былай дейди: «Ўай, ўай, уллы қала! Баҳалы гезлеме, қызғылт көк ҳәм қырмызы липаслар кийген, алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген уллы қала!
17 Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды». Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемеде ислейтуғынлар ҳәм теңизден күн көретуғынлардың ҳәммеси узақта турып,
18 ол жанған оттың түтинин көргенде: «Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды.
19 Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты: «Ўай, ўай, уллы қала! Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳәммеси ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли байыған еди. Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды.
20 Қуўаныңлар Бабилонның аўҳалына, Ҳәй аспан, мухаддеслер, елшилер ҳәм пайғамбарлар! Себеби Қудай оны ҳүким етип, сизлер ушын өш алды».
21 Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты көтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди: «Уллы қала Бабилон! Минекей, ол усындай күш пенен ылақтырылып, мәңгиге жоқ болады.
22 Ендигиден былай, сенде тарлы әсбап шертиўшилердиң, қосықшылардың, сырнай ҳәм кәрнай шертиўшилердиң даўыслары ҳеш қашан еситилмейди. Сенде қайтып ҳеш бир өнердиң устасы табылмайды, дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди.
23 Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды. Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди. Өйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып, пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен азғырылған еди.
24 Және де, пайғамбарлардың, мухаддеслердиң ҳәм жер жүзинде өлтирилгенлердиң ҳәммесиниң қаны сеннен табылған еди».


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.