Аян 2 bob

Ефес жәмәәтине (1-7), Смирна жәмәәтине (8-11), Пергам жәмәәтине (12-17), Тиатира жәмәәтине (18-29).

1 – Ефес жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Оң қолына жети жулдыз услаған, жети алтын шыра қойғыштың ортасында жүретуғын былай дейди:
2 «Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, өзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳәм олардың өтирикши екенин билип алдың.
3 Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳәм шаршамадың.
4 Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың.
5 Солай етип, не нәрседе алжасқаныңды есиңе түсир! Тәўбе қылып, дәслепки ислериңди даўам ет. Егер тәўбе қылмасаң, саған келип, шыра қойғышыңды орнынан алып таслайман.
6 Деген менен, сенде бир унамлы қәсийет бар: сен Николас уйымының ислерин жек көресең. Оларды Мен де жек көремен.
7 Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға Қудайдың жәннетиндеги өмир терегиниң мийўесин жеў ҳуқықын беремен».
8 – Смирна жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Өлип, өлимнен қайта тирилген, биринши ҳәм соңғы болған былай дейди:
9 «Сениң қайғы-ҳәсиретиңди ҳәм кәмбағаллығыңды билемен. Бирақ, сен байсаң. Өзлерин яҳудийлермиз дейтуғынлардың сени масқаралап айтқан сөзлерин де билемен. Бирақ олар яҳудий емес, ал шайтан жыйыны.
10 Басыңа түсетуғын қыйыншылықлардан қорқпа! Мине, шайтан сизлерди сынаў ушын араңыздағы базыларыңызды қамаққа таслайды. Он күн азап шегесизлер. Өлиўге туўра келсе де, Маған садық қал, сонда Мен саған өмир тажын беремен.
11 Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққан екинши өлимнен ҳеш қандай зәлел көрмейди».
12 – Пергам жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Еки жүзли өткир қылышқа ийе болған былай дейди:
13 «Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды билемен. Атыма садық екениңди де билемен. Ҳәтте, садық гүўам Антипа араңызда, шайтан отырған жерде өлтирилген күнлерде де сен Маған деген исенимиңнен қайтпадың.
14 Бирақ, саған бираз қарсылығым бар: араңызда Билам тәлийматын тутыўшылар бар. Бутқа сойылған қурбанлық гөшин жеўге ҳәм бузықшылық қылыўға үйретиў ушын, Билам Балакқа Израил халқын жолдан урыўды үгитлеген еди.
15 Сол сыяқлы, сизлердиң араңызда Николас уйымының тәлийматын тутыўшылар да бар.
16 Бул ушын тәўбе қыл! Болмаса, тез жаныңа келип, оларға қарсы аўзымдағы қылыш пенен урысаман.
17 Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға сырлы манна ҳәм бир ақ тас та беремен. Бул тастың үстине жаңа ат жазылған. Атты тасты алған адамнан басқа ҳеш ким билмейди».
18 – Тиатира жәмәәтиниң жетекшисине жаз. Көзлери лаўлап жанған отқа, аяқлары жылтыраған қолаға уқсаған Қудайдың Улы былай дейди:
19 «Сениң ислериңди, сүйиспеншилигиңди, исенимиңди, хызметиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Соңғы ислериңниң биринши исенген ўақтыңдағы ислериңнен көбирек екенин де билемен
20 Деген менен, саған бир қарсылығым бар: өзин пайғамбар деп атаған Изабел атлы ҳаялға жол қойып атырсаң. Бул ҳаял хызметшилеримди жолдан урып, бузықшылық ислеўге ҳәм бутларға сойылған қурбанлық гөшин жеўге үйретпекте.
21 Тәўбе етиўи ушын оған мәўлет берген едим. Бирақ ол бузықшылығы ушын тәўбе етиўди қәлемейди.
22 Мине, Мен оны кеселлик төсегине қулатаман. Оның менен бузықшылық ислейтуғынларды да оның менен биргеликте ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпесе, үлкен қайғы-ҳәсиретке дуўшар етемен.
23 Оның изине ергенлерди де өлимге дуўшар етемен. Сонда пүткил жәмәәтлер Мениң кеўил ҳәм жүреклерди сынаўшы екенимди билип алады. Ҳәр бириңизге ислериңизге қарай қайтараман.
24 Бирақ, Тиатирадағы басқаларға, яғный сол ҳаялдың тәлийматын тутпай, „шайтанның тәлийматының терең сырларын“ үйренбеген сизлерге айтатуғыным мынаў:
25 „Мен келемен дегенше, өзлериңизде бар болғанларға беккем болыңлар“. Сизлерге буннан басқа аўырманлық салмайман.
26 Жеңип шығып, Мениң буйырғанларымды ақырына дейин орынлағанға миллетлер үстинен бийлик беремен.
27 „Ол оларды темир таяқ пенен басқарып, Ылай ыдыс сыяқлы сындырып таслайды“ .Әкемнен Мен алған усындай бийликти ол да алады.
28 Жеңип шыққанға таң жулдызын да беремен.
29 Қулағы бар Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.