Аян 6 bob

Бекитилген мөрлердиң бузып ашылыўы (1-17).

1 Соңынан мен Қозының бекитилген жети мөрдиң бириншисин бузып ашқанын көрдим. Сонда төрт мақлуқтың бириниң гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўыс пенен: «Кел» дегенин еситтим.
2 Мен қарап, бир ақ атты көрдим. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, және жеңиске ерисиўге атланды.
3 Қозы бекитилген екинши мөрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим
4 Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин өлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди.
5 Қозы бекитилген үшинши мөрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Мен қарап, бир қара атты көрдим. Атқа мингенниң қолында пәлле тәрези бар еди.
6 Төрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зәйтүн майына ҳәм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим+.
7 Қозы бекитилген төртинши мөрди бузып ашқанда, төртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим.
8 Мен қарап, ақшыл сур атты көрдим. Атқа мингенниң аты өлим болып, оның изинен биреў ерип киятыр еди. Бул – өлилер мәканы еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды өлтириў ушын, дүньяның төрттен бир бөлегиниң үстинен бийлик берилди.
9 Қозы бекитилген бесинши мөрди бузып ашқанда, қурбанлық шалынатуғын орынның астында Қудайдың сөзи ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары ушын өлтирилгенлердиң жанларын көрдим.
10 Олар бәлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳәм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашан жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан төгилген қанымыз ушын өш аласаң?»
11 Сонда олардың ҳәр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы өлтирилетуғын өзлериңиздей хызметшилердиң ҳәм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди.
12 Қозы бекитилген алтыншы мөрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған қаптай, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти.
13 Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған әнжир ағашынан төгилген писпеген мийўелер сыяқлы жерге түсти.
14 Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳәр бир таў ҳәм атаў орнынан көширилди.
15 Сонда дүньяның патшалары, ҳәмелдарлары, әскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳәм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды.
16 Олар таўлар ҳәм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахтың үстинде Отырғаннан ҳәм Қозының ғәзебинен бизлерди жасыра гөриң!
17 Себеби олардың қәҳәрли ғәзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.