1 Бесинши периште кәрнайын шертти. Сонда мен аспаннан жерге түскен бир жулдызды көрдим. Оған терең туңғыйықтың аўзын ашатуғын гилт берилди.
2 Жулдыз терең туңғыйықтың аўзын ашқанда, туңғыйықтан үлкен пештиң түтининдей түтин шықты. Бул түтиннен қуяш ҳәм ҳаўа қараңғыланып кетти.
3 Түтинниң ишинен жерге шегирткелер жаўды. Оларға жердеги шаянлардың күшине уқсаған бир күш берилген еди.
4 Шегирткелерге жердеги көк шөплерге, өсимликлерге ҳәм тереклерге зыян келтирмеў, тек маңлайларында Қудайдың мөри жоқ адамларға ғана азап бериў буйырылды.
5 Оларға бул адамларды өлтирмей, тек бес ай даўамында азап бериўге рухсат етилди. Олар берген азап адамды шаян шаққандай қыйнайды.
6 Сол күнлери адамлар өлим излейди, бирақ таба алмайды. Өлиўди аңсайды, бирақ өлим олардан қашып кетеди.
7 Шегирткелердиң көриниси саўашқа таярланған атлар сыяқлы болып, басларында алтын тажларға уқсаған тажлары бар еди. Жүзлери болса, адамның жүзине уқсаған еди.
8 Шашлары ҳаялдың шашындай, тислери арысланның тисиндей еди.
9 Көкиреклеринде темир саўытларға уқсаған саўытлар болып, қанатларының сести саўашқа шаўып баратырған сансыз атлы арбалардың сести сыяқлы еди.
10 Шегирткелердиң шаяндикиндей қуйрықлары ҳәм ийнелери бар еди. Қуйрықлары адамларға бес ай бойы азап беретуғын күшке ийе еди.
11 Олардың үстинен терең туңғыйықтың периштеси патшалық ететуғын еди. Бул периштениң еврейше аты Аббадон, ал грекше аты Аполлион еди.
12 Биринши ҳәсирет өтти, мине, буннан соң және еки ҳәсирет келмекте.
13 Алтыншы периште кәрнайын шертти. Сонда мен Қудайдың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынның төрт мүйешиндеги шақлардан шыққан бир даўысты еситтим.
14 Даўыс қолында кәрнайы бар алтыншы периштеге: «Уллы Евфрат дәрьясының жанында байлаўлы турған төрт периштени босатып жибер», – деди.
15 Сонда анық сол саат, сол күн, сол ай ҳәм сол жыл ушын таяр турған төрт периште адамлардың үштен бирин өлтириў ушын босатылып жиберилди.
16 Олардың атлы әскерлериниң саны еки жүз миллион екенлигин еситтим.
17 Аянымда көрген атлар менен атлылардың көриниси мынадай: атлылардың оттай қызыл, қара көкшил ҳәм күкирт реңли саўытлары бар еди. Атлардың баслары арысланның басына уқсаған болып, аўызларынан от, түтин ҳәм күкирт шығып турған еди.
18 Адамзаттың үштен бири усы үш бәледен: булардың аўзынан шыққан от, түтин ҳәм күкирттен өлди.
19 Өйткени атлардың күши аўызларында ҳәм қуйрықларында еди. Қуйрықлары басы бар жыланлар сыяқлы болып, адамларды олар менен азаплайтуғын еди.
20 Усы бәлелерден өлмей қалған адамлар өз қоллары менен ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпеди. Олар я көре, я есите, я жүре алмайтуғын алтын, гүмис, қола, тас ҳәм ағаштан исленген бутларға ҳәм жинлерге табыныўдан ўаз кешпеди.
21 Және де адам өлтириў, сыйқыршылық ислеў, жынысый бузықшылық қылыў ҳәм урлық ислеўди қойып, тәўбе етпеди.