Бийлер 10 bob

Тола (1-2). Яир (3-5). Ифтах (6-18).

1 Абимелехтиң өлиминен кейин, Израилды қутқарыў ушын Иссахар урыўынан Додоның ақлығы, Пуаның улы болған Тола атлы бир адам шықты. Тола Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Шамирде жасайтуғын еди.
2 Ол Израилға жигирма үш жыл бийлик еткеннен соң, қайтыс болды ҳәм Шамирде жерленди.
3 Соннан кейин, Гиладтан Яир деген адам шығып, Израилда жигирма еки жыл бийлик етти.
4 Оның отыз улы болды. Олар отыз ешекке минип, отыз қаланы басқарды. Гилад жериндеги бул қалалар бүгин де Яирге тийисли қалалар деп аталады.
5 Яир өлип, Қамонда жерленди.
6 Израиллылар Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және иследи. Олар Баал ҳәм Аштарта мүсинлерине, арамлылар, сидонлылар, моаблылар, аммонлар ҳәм филистлердиң бутларына табынып кетти. Олар Жаратқан Ийени таслап кетти, Оған сыйынбай қойды.
7 Солай етип, израиллыларға ғәзеби қайнаған Жаратқан Ийе оларды филистлер менен аммонлардың қолына тапсырды.
8 Олар Иордан дәрьясының арғы тәрепинде, Гиладтағы аморлардың жеринде жасайтуғын пүткил израиллыларды сол жылдан баслап он сегиз жыл даўамында езип, оларға зулымлық иследи.
9 Аммон халқы Яҳуда, Бенямин ҳәм Эфрайым урыўлары менен урысыў ушын Иордан дәрьясынан өтти. Сол себепли Израил аўыр аўҳалда қалды.
10 Сонда израиллылар Жаратқан Ийеге: – Бизлер Саған қарсы гүна иследик. Сени, өз Қудайымызды таслап, Баалларға табынып кеттик, – деп нала шекти.
11 Жаратқан Ийе израиллыларға былай деп жуўап берди: – Сизлерди мысырлылардан, аморлардан, аммонлардан ҳәм филистлерден қутқарған Мен емес пе едим?
12 Сидонлылар, амалеклер ҳәм маонлылар сизлерге езиўшилик қылғанда да, сизлер Маған нала шеккен едиңиз ҳәм Мен сизлерди олардың қолынан қутқарған едим.
13 Бирақ сизлер Мени таслап, басқа қудайларға табынып кеттиңиз. Сол себепли Мен де енди сизлерди қутқармайман.
14 Барыңлар, таңлаған қудайларыңызға нала етиңлер. Қыйыншылыққа түскениңизде, сизлерди олар қутқарсын.
15 Израиллылар Жаратқан Ийеге: – Бизлер гүна иследик. Нени мақул деп тапсаң, бизлерге соны исле. Тек бүгин бизлерди қутқар, – деди.
16 Соңынан олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслап, Жаратқан Ийеге сыйынды. Жаратқан Ийе де израиллылардың жәбир шегиўине артық шыдамады.
17 Аммонлар урысыў ушын жыйналып, Гиладта орда қурғанда, израиллылар да жыйналып, Миспада ордасын қурды.
18 Гилад әскерлериниң басшылары бир-бирине: «Аммонларға қарсы биринши болып урысты баслаған адам пүткил Гилад халқының басшысы болады», – деди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.