Бийлер 12 bob

Ифтах ҳәм Эфрайым урыўы (1-7). Ибсан, Элон ҳәм Абдон (8-15).

1 Эфрайым урыўы жыйналып, Сафонға қарай кешип өтти. Олар Ифтахқа: – Аммонлар менен урысыўға кеткениңде, бизлерди не ушын шақырмадың? Сонлықтан бизлер сени де, үйиңди де жағып жиберемиз, – деди.
2 Ифтах оларға: – Халқым ҳәм мен аммонлар менен қатты жәнжеллескенимизде, мен сизлерди шақырған едим. Бирақ сизлер келип, мени олардың қолынан қутқармадыңлар.
3 Мени қутқармайтуғыныңызға көзим жеткенде, жанымды қәўип астына қойып, аммонларға қарсы ҳүжим жасадым. Кейин Жаратқан Ийе оларды маған тәслим қылды. Не ушын бүгин мениң менен урысыўға келдиңлер? – деди.
4 Эфрайым урыўынан болғанлар гиладлыларға: «Ҳәй, Эфрайым ҳәм Менашше урпақлары арасында жасайтуғын гиладлылар! Сизлер Эфрайымның қашқынларысыз», – деген еди. Сонда Ифтах пүткил Гилад халқын жыйнап, Эфрайым урыўына қарсы саўашқа түсти ҳәм оларды қыйратты.
5 Иордан дәрьясындағы Эфрайым урыўының жерине қарай өтетуғын өткеллерди қолға алған гиладлылар өтпекши болып келген қашқыннан: «Эфрайым урыўынанбысаң?» деп сорағанда, ол: «Яқ» десе,
6 сонда оларға: «Шиболет деп айт», – дейтуғын еди. Бирақ олар: «Сиболет» дейтуғын еди. Өйткени олар «шиболет» сөзин дурыс айта алмайтуғын еди. Сол себепли оларды услап, Иордан дәрьясының өткеллеринде өлтиретуғын еди. Сол ўақытта эфрайымлылардан қырық еки мың адам өлтирилди.
7 Гиладлы Ифтах Израилда алты жыл бийлик қылды. Соннан кейин ол өлип, Гиладтың бир қаласында жерленди.
8 Кейин ала Израил халқына бейтлеҳемли Ибсан бийлик етти.
9 Ибсанның отыз улы ҳәм отыз қызы болды. Ол қызларын басқа тийрелерге узатып, улларын да басқа урыўлардан үйлендирди. Ибсан Израилда жети жыл бийлик етти.
10 Соңынан ол өлип, Бейтлеҳемде жерленди.
11 Ибсаннан кейин, Израилда Зебулон урыўынан болған Элон он жыл бийлик етти.
12 Ол өлип, Зебулон жериндеги Айялонда жерленди.
13 Элоннан кейин, Израилда Пиратоннан болған Ҳиллел улы Абдон бийлик етти.
14 Абдонның жетпис ешекке минип жүретуғын қырық улы ҳәм отыз ақлығы болды. Абдон Израилда сегиз жыл бийлик етти.
15 Пиратонлы Ҳиллелдиң улы Абдон өлип, Эфрайым жериндеги, бурын амалеклерге тийисли болған таўлы үлкедеги Пиратонға жерленди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.