Бийлер 18 bob

Данлылардың Лайышқа жайласыўы (1-31).

1 Сол дәўирде Израилда патша жоқ еди. Сонда Дан урыўы мәканлайтуғын жер излеп атырған еди. Өйткени оларға Израил урыўлары арасында өзлерине тийисли үлес жер еле берилмеген еди.
2 Солай етип, данлылар өз урыўындағы барлық тийрелери ишинен Сора ҳәм Эштаол қалаларынан болған бес батыр жигитти жерлерди көзден өткерип, оларды билип қайтыў ушын жиберди. Олар жигитлерге: «Барып, жерлерди көзден өткизиңлер», – деди. Жигитлер Эфрайымның таўлы үлкесинде жайласқан Миханың үйине келди ҳәм сол жерде түнеп қалды.
3 Олар Миханың үйиниң жанында турғанда, лебийли жас жигиттиң сөйлеген сөзинен таныды ҳәм сол тәрепке бурылып, оннан: – Сени бул жерге ким әкелди? Бул жерде не ислеп атырсаң? Не ушын бул жердесең? – деп сорады.
4 Лебийли жигит Миханың өзине не ислегенлерин айтып: – Миха мени жаллады, мен оған руўханийлик қыламан, – деди.
5 Сонда данлылар оған: – Бизлердиң баратырған бул жолымыздың сәтли яки сәтсиз екенин Қудайдан сорап, билип бер, – деди.
6 Руўханий оларға: – Қәўетерленбей кете бериңлер, Жаратқан Ийе баратырған жолыңызда яр болады, – деп жуўап берди.
7 Солай етип, сол бес адам жолға шығып, Лайышқа келди. Олар қала халқының сидонлылар сыяқлы қәўипсиз, тыныш ҳәм бийғам өмир сүрип атырғанын көрди. Бул үлкениң халқына ҳүкимин өткизип, жәбир беретуғын ҳеш ким жоқ еди. Олар сидонлылардан узақта болып, ҳеш ким менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди.
8 Бес жигит Сора ҳәм Эштаолға, урыўласларының жанына қайтқанда, урыўласлары олардан: – Қандай хабар алып келдиңлер? – деп сорады.
9 Жигитлер оларға былай деп жуўап берди: – Жүриңлер, сидонлыларға ҳүжим етейик. Бизлер олардың жерин көрдик, ол жүдә жақсы жер екен. Не қылып турсызлар? Иркилмей барып, оған ийелик етейик.
10 Ол жерге барғаныңызда, бийғам жасап атырған халықты ҳәм жүдә кең жерди көресизлер. Ҳеш қандай кемшилиги жоқ ол жерди Қудай қолыңызға тапсырып атыр.
11 Сонда Дан урыўынан алты жүз адам қуралланып, Сора ҳәм Эштаолдан жолға шықты.
12 Олар Яҳудаға келип, Кирят-Ярим қаласының жанында орда қурды. Сол себепли Кирят-Яримниң батысындағы бул жер бүгинги күнге дейин Махане-Дан деп аталады.
13 Данлылар сол жерден Эфрайымның таўлы үлкесине қарай кетип, Миханың үйине келди.
14 Лайыш журтын көзден өткериўге кеткен бес жигит урыўласларына: «Сизлер мына үйлердиң биринде эфод, үй бутлары, бир жонылған ҳәм бир қуйма бут бар екенин билесизлер ме? Енди не ислеў кереклигин өзлериңиз шешиңлер», – деди.
15 Сонда олар лебийли жас жигит жасап атырған Миханың үйине келип, лебийлиден ҳал-аўҳал сорады.
16 Ал қуралланған алты жүз данлы адам дәрўазаның кирер аўзында турды.
17 Жерди көзден өткерген бес жигит үйге кирип, эфодты, үй бутларын, жонылған бутты ҳәм қуйма бутты алып шықты. Руўханий ҳәм қуралланған алты жүз адам дәрўазаның кирер аўзында турған еди.
18 Олардың Миханың үйине кирип, эфодты, үй бутларын, жонылған бутты ҳәм қуйма бутты алып шыққанын көрген руўханий олардан: – Не қылып атырсызлар? – деп сорады.
19 Олар руўханийге: – Үниңди өшир, аўзыңды жап. Сен бизлер менен бирге жүр де, бизлерге кеңесгөй ҳәм руўханий бол. Саған бир адамның үйинде руўханийлик еткениң жақсы ма, я Израилдың бир урыўы ямаса бир тийресине руўханийлик еткениң жақсы ма? – деди.
20 Руўханий қуўанып кетти. Ол эфодты, үй бутларын ҳәм жонылған бутты алып, сол адамлар менен бирге кетти.
21 Данлылар бала-шағаларын, малларын ҳәм дүнья-мүлкин алдына салып, жолға шықты.
22 Данлылар Миханың үйинен узақласқанда, Миханың қоңсы-қобалары жыйналып, оларды қуўып жетти.
23 Олар данлылардың изинен бақырғанда, данлылар артына бурылып қарап, Михаға: – Не болып қалды, неге адамларды жыйнап келдиң? – деди.
24 Миха оларға: – Сизлер мениң руўханийимди ҳәм соқтырған бутларымды алып кеттиңлер. Маған не қалды өзи? Және меннен: «Саған не болды?» – деп сорағаныңыз неси?! – деди.
25 Данлылар оған: – Үниңди өшир! Болмаса, адамларымыздың базылары ғәзепленип, ҳүжим етсе, өзиңди де, шаңарағыңды да набыт қыласаң, – деди.
26 Соннан кейин, данлылар жолларын даўам етти. Миха олардың өзинен гөре күшлирек екенлигин көрип, үйине қайтып кетти.
27 Ал данлылар Миханың соқтырған затларын ҳәм руўханийин жанына алып, Лайышқа қарай кетти. Олар тыныш ҳәм бийғам қала халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди.
28 Бейт-Рехобтың жанындағы ойпатлықта жайласқан Лайыш қаласына жәрдемге келетуғын ҳеш ким болмады. Өйткени Лайыш Сидоннан узақта болып, басқа қалалар менен қарым-қатнас жасамайтуғын еди. Дан урыўы қаланы жаңадан қурып, сол жерге орналасып қалды.
29 Олар Израилдың улы болған бабасы Данның ҳүрметине қаланы Дан деп атады. Қаланың ески аты Лайыш еди.
30 Данлылар жонылған бутты сол жерге орнатты. Муўсаның ақлығы болған Гершомның улы Ионатан ҳәм оның уллары сүргинге дейин Дан урыўына руўханийлик қылды.
31 Қудайдың Үйи Шилода болған ўақыт даўамында, данлылар Миха ислеткен жонылған бутқа табынды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.