Бийлер 4 bob

Дебора ҳәм Барақ (1-24).

1 Эҳудтың өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады.
2 Сонлықтан да Жаратқан Ийе израиллыларды Хасорда ҳүкимдарлық етип атырған кенаанлы патша Ябинге тәслим қылды. Ябинниң Сисера деген бир сәркәрдасы болып, ол Харошет-Гойымда жасайтуғын еди.
3 Ябинниң тоғыз жүз темир саўаш арбасы бар еди. Ол израиллыларды жигирма жыл аяўсыз езгенликтен, израиллылар Жаратқан Ийеге нала шекти.
4 Сол ўақытлары пайғамбар ҳаял, Лаппидоттың ҳаялы Дебора израиллыларға бийлик қылатуғын еди.
5 Дебора Эфрайымның таўлы үлкесинде, Рама менен Бейт-Эл арасындағы пальма ағашының астында отырып, алдына келген израиллылардың даўларын шешетуғын еди.
6 Бир күни Дебора Абиноам улы Барақты Кедеш-Нафталийден шақыртып алып, оған: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе қасыңа Нафталий ҳәм Зебулон урыўларынан он мың адамды алып, Табор таўына барыўыңды буйырады.
7 Ол патша Ябинниң сәркәрдасы Сисераны, оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин Кишон сайына, сениң алдыңа апарып, саған тәслим қылады, – деди.
8 Барақ Дебораға: – Егер мениң менен бирге барсаң, бараман. Ал бирге бармасаң, бармайман, – деди.
9 Дебора: – Әлбетте, сениң менен бирге бараман, бирақ сен тутқан бул жол өзиңе даңқ алып келмейди. Себеби Жаратқан Ийе Сисераны бир ҳаялға тәслим етежақ, – деди. Солай етип, Дебора Барақ пенен бирге Кедешке кетти.
10 Барақ Зебулон ҳәм Нафталий урпақларын Кедешке жыйнады. Барақтың изине он мың адам ерди. Дебора да оның менен бирге кетти.
11 Кен тийресинен болған Хебер Муўсаның қәйин атасы Хобабтың урпағынан болған тийрелеслеринен бөлек шығып, Кедешке жақын жердеги Саананнимдеги теребинф ағашының жанына шатырын тиккен еди.
12 Абиноам улы Барақтың Табор таўына шыққанын еситкен Сисера
13 тоғыз жүз темир саўаш арбасын ҳәм қасындағы барлық әскерлерин Харошет-Гойымнан шығарып, Кишон сайына топлады.
14 Дебора Бараққа: – Қәне, атлан! Себеби бул күн – Жаратқан Ийениң Сисераны саған тәслим ететуғын күни. Жаратқан Ийе сениң алдыңда барады, – деди. Солай етип, Барақ он мың адамды ертип, Табор таўынан түсти.
15 Барақ ҳүжим қылғанда, Жаратқан Ийе Сисераны, оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин албыратты. Сонда Сисера саўаш арбасынан түсип, жаяў қашып кетти.
16 Барақ оның саўаш арбаларын ҳәм әскерлерин Харошет-Гойымға дейин қуўып барды. Сисераның пүткил әскерлери қылыш жүзинен өткерилди. Ҳеш бири аман қалмады.
17 Ал жаяў қашып кеткен Сисера болса, кенлерден болған Хебердиң ҳаялы Яелдиң шатырына келди. Өйткени Хасордың патшасы Ябин менен Хебердиң шаңарағы арасындағы қарым-қатнас жақсы еди.
18 Яел Сисераны күтип алыўға шығып, оған: – Қорқпаң, мырзам. Келиң, шатырыма кириң, – деди. Сисера ҳаялдың шатырына киргенде, ҳаял оның үстине бир жапқышты жаўып қойды.
19 Сисера: – Шөлледим, илтимас, ишиўге аз-маз суў бер, – деди. Яел сүт месин ашып, Сисераға сүт ишкизгеннен кейин, оның үстин және жаўып қойды.
20 Сисера ҳаялға: – Шатырдың кирер аўзында тур. Егер биреў келип: «Шатырыңда ким бар?» – деп сораса, «Ҳеш ким жоқ», – деп жуўап бер, – деди.
21 Сисера ҳаялға: – Шатырдың кирер аўзында тур. Егер биреў келип: «Шатырыңда ким бар?» – деп сораса, «Ҳеш ким жоқ», – деп жуўап бер, – деди.
22 Сол ўақытта Барақ Сисераны қуўып киятырған еди. Яел Барақтың алдынан шығып, оған: – Ишке кир, излеп киятырған адамыңды саған көрсетейин, – деди. Барақ ҳаялдың шатырына кирип барғанда, шекесине қазық қағылып, өлип атырған Сисераны көрди.
23 Солай етип, Қудай сол күни кенаанлы патша Ябинди Израил халқына бойсындырды.
24 Израил халқы кенаан патшасы Ябинге күннен-күнге қарсы турып, ақырында оны жоқ қылды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.