Бийлер 5 bob
1 Дебора менен Абиноам улы Барақ сол күни былай жырлады:
2 «Израил көсемлери басшылық қылғанда, Халық пидәкерлик пенен атланғанда, Жаратқан Ийени алғыслаңлар!
3 Тыңлаңлар, сизлер, ҳәй патшалар! Ҳәй төрелер, қулақ салыңлар! Жаратқан Ийени жырлайман, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийени саз шертип алғыслайман.
4 Сеирден шыққаныңда, Жаратқан Ийе, Эдом жеринен жүрис қылғаныңда, Жер силкинди, аспаннан жаўын қуйды. Аўа, бултлар жаўын қуйдырды.
5 Таўлар Жаратқан Ийениң алдында титиреди, Ҳәттеки, титиреди Синай таўы, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң алдында.
6 Анат улы Шамгардың дәўиринде, Яелдиң заманында кәрўанлар жүрмей қалды, Жолаўшылар айланба жолдан жүретуғын болды.
7 Мен Израилда ана болып, ортаға шықпағанымша, Мен, Дебора ортаға шыққанға дейин, Израил аўыллары босап қалды.
8 Израиллылар жаңа қудайларды таңлағанда, Урыс қаланың дәрўазасына тирелди, Израилдың қырық мың әскериниң қолында, Қалқан да, найза да көринбеди.
9 Жүрегим Израилдың басшылары менен, Ҳәм халық арасындағы пидәкерлер менен бирге, Жаратқан Ийени алғыслаңлар!
10 Ҳәй, ақ ешек мингенлер, Ҳәй, гилем үстинде отырғанлар, Ҳәй, жолда жаяў жүриўшилер, тыңлаңлар!
11 Қудықлардың басындағы аламан даўысы, Жаратқан Ийениң жеңислерин, Израил әскерлериниң жеңислерин аңлатар: „Сонда Жаратқан Ийениң халқы, Қала дәрўазаларына қарай жүрис қылды.
12 Оян, Дебора, оян, Оян, жырыңды айт, оян! Ҳәй, Абиноам улы Барақ, Орныңнан тур, алып жүр тутқынларыңды“.
13 Аман қалғанлар сәркәрдаларының жанына келди, Жаратқан Ийениң халқы батырлары менен маған келди.
14 Амалек жериндеги Эфрайымнан келди, Беняминлилер де саған ерди. Махир әўладынан келди басшылар, Зебулоннан келди сәркәрдалық ҳасасын услағанлар.
15 Бирге еди Иссахар басшылары Дебора менен, Иссахар урыўы да Барақтың изинен, Ойпатлыққа түсти асығыслық пенен. Бирақ Рубен урыўының тийрелери, Күшли екилениўшилик ишинде қалды.
16 Не ушын қалдыңыз сүриўлер арасында? Шопанлардың қойларды шақырғанын еситиў ушын ба? Бирақ Рубен урыўының тийрелери, Күшли екилениўшилик ишинде қалды.
17 Гиладлылар Иордан дәрьясының арғы жағында қалды, Не ушын Дан урыўы кемелер жанында қалды? Ашер урыўы теңиз жағасында қалды, Өз жағысларына мәкан басты.
18 Бирақ Зебулон ҳәм Нафталий халқы, Жанларын өлимге тикти майданның бийик жерлеринде.
19 Сонда патшалар келип урысты, Таанахта ҳәм Мегиддо суўлары жағасында, Кенаан патшалары урысты, Бирақ гүмис те, олжа да алмады.
20 Саўашқа түсти жулдызлар аспаннан, Сисераға қарсы урысты, жүрип олар аспандағы өз жолынан.
21 Кишон дәрьясы, ҳәй, ески дәрья, Ағысып кетти оларды, Ҳәй жаным, күш-қуўатқа толып, алға бас.
22 Келди сонда атлар дүсирлеп, Күшли атлардың туяқлары, Қалдырды излерин жерде.
23 Жаратқан Ийениң периштеси былай деди: „Нәлетлеңлер, Мероз қаласын, Нәлетлер айтың, оның халқына. Жәрдемге келмегени ушын Жаратқан Ийеге, Батырларға қарсы урысыў ушын“.
24 Кен тийресинен болған Хебердиң ҳаялы Яел, Ҳаяллар арасында мол-мол етип жарылқансын, Шатырларда жасайтуғын ҳаяллар арасында, Мол-мол етип жарылқансын.
25 Суў сорағанда сүт берди, Ҳасыл кеседе қатық усынды.
26 Алды шеп қолына шатыр қазығын, Оң қолына жумысшының балғасын. Урды Сисераны, езди басын, Шекесине қақты қазықты, Қазық та тесип өтти оның басын.
27 Жығылды Сисера оның аяқлары астына, Қулап, жерде созылып жатты. Ол жығылып, Яелдиң аяқлары астына, Жығылған жеринде жансыз қалды.
28 Сисераның анасы терезе артынан, Зарланды былай деп, пәнжиреден қарап: „Улымның саўаш арбасы, Кешикти неге буншелли? Еситилмейди неге елеге дейин, Саўаш арбаларының сеслери?“
29 Жуўап берер оған жанындағы дана ҳаяллары. Анасы да өзин жубатып былай дер:
30 „Мүмкин, олар олжаны бөлисип атырған шығар, Ҳәр жигиттиң пайына бир-еки қыздан. Сисераға олжадан реңли кийимлер, Аўа, олжадан түскен рәңбәрәң кийимлер, Олжа алғанның ҳәр бирине, Еки рәңбәрәң етип кестеленген кийимлер тийискен шығар“.
31 Жаратқан Ийе! Барлық душпанларың усылай жоқ болсын. Сени сүйгенлер болса, Пүткил қүдирети менен шыққан қуяш яңлы болсын!» Соннан кейин, ел қырық жыл парахатшылықта жасады.