Бийлер 7 bob

Гидеонның мидянлыларды жеңиўи (1-25).

1 Еруббаал, яғный Гидеон ҳәм оның жанындағы барлық адамлар ерте турып, Харод булағының басына орда қурды. Мидянлылардың ордасы олардың арқа тәрепинде, Море төбешигиниң қасындағы ойпатлықта еди.
2 Жаратқан Ийе Гидеонға былай деди: – Сениң қасыңдағы адамлар жүдә көп. Олар: «Өз күшимиз бенен қутқарылдық» деп, Мениң алдымда мақтанбаўы ушын, мидянлыларды оларға тәслим қыла алмайман.
3 Енди сен халыққа: «Ким қорққанынан қалтырап турған болса, кетсин, Гилад таўынан изине қайтсын», – де. Солай етип, халықтан жигирма еки мың адам қайтып кетип, ол жерде он мың адам қалды.
4 Жаратқан Ийе Гидеонға: – Адамларыңның саны еле де көп. Сен оларды суў бойына алып бар. Мен оларды сол жерде сен ушын електен өткеремен. «Сениң менен барады» деген адамым сениң менен барады. Ал «Сениң менен бармайды» деген адамым бармайды, – деди.
5 Гидеон халықты суў бойына алып барды. Жаратқан Ийе Гидеонға: – Ийт сыяқлы тили менен суў ишкенлерди бир тәрепке, дизерлеп отырып суў ишкенлерди екинши тәрепке айыр, – деди.
6 Қолларын аўзына апарып, тиллери менен суў ишкенлердиң саны үш жүз болды. Ал қалғанларының ҳәммеси суў ишиў ушын дизерлеп отырды.
7 Жаратқан Ийе Гидеонға: – Сизлерди тили менен суў ишкен үш жүз адам арқалы қутқараман. Мидянлыларды саған тәслим қыламан. Ал қалғанлары үйлерине қайтсын, – деди.
8 Солай етип, Гидеон тек үш жүз адамды ғана алып қалып, қалған израиллыларды үйлерине қайтарып жиберди. Сол үш жүз адам кеткенлердиң азық-аўқатлары менен кәрнайларын алып қалды. Мидянлылардың ордасы Гидеон болған жердиң төменги жағында, ойпатлықта еди.
9 Жаратқан Ийе сол күни түнде Гидеонға былай деди: – Тур, мидянлылардың ордасына ҳүжим қыл, өйткени оларды саған тәслим қылып атырман.
10 Егер ҳүжим етиўге қорқсаң, Пура атлы хызметшиңди жаныңа алып, төменге, олардың ордасына бар.
11 Мидянлылардың сөзлерин тыңла. Сонда сен оларға ҳүжим етиўге жүрексинесең. Солай етип, Гидеон хызметшиси Пура менен бирге мидянлылар ордасының шетиндеги сақшылар бөлимине кетти.
12 Ойпатлыққа жайласып алған мидянлылар, амалеклер ҳәм барлық шығыс халықлары шегиртке сыяқлы көп еди. Олардың түйелери де теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз еди.
13 Гидеон ол жерге жетип барғанда, бир адам өз жолдасына көрген түсин айтып берип атыр еди. Ол: – Мен бир түс көрдим. Түсимде арпадан писирилген бир шөрек нан Мидян ордасына туўры домалап барып, шатырға урылғанда, шатыр қулап, жер менен жексен болды, – деди.
14 Сол адамның жолдасы: – Бул израиллы Иоаш улы Гидеонның қылышынан басқа ҳеш нәрсе емес. Қудай мидянлыларды ҳәм пүткил орданы оған тәслим етежақ болғаны, – деп жуўап берди.
15 Гидеон түсти ҳәм оның жорылыўын еситип, Қудайға сыйынды. Ол Израил ордасына қайтып келип, адамларына: – Турыңлар! Жаратқан Ийе Мидян ордасын сизлерге тәслим қылды, – деди.
16 Соңынан Гидеон үш жүз адамды үш топарға бөлип, олардың ҳәр бирине бир кәрнай ҳәм бос бир гүзеден берди. Гүзелердиң ишинде шыралар бар еди.
17 Сонда Гидеон оларға былай деди: – Көзиңиз менде болсын. Мен не ислесем, сизлер де соны ислеңлер. Олардың ордасына барғанымда, мен не ислесем, сизлер де соны ислеңлер.
18 Мен ҳәм мениң қасымдағылар кәрнайларымызды шерткенимизде, сизлер де орданың айнала дөгерегинде турып, кәрнайларыңызды шертиңлер де: «Жаратқан Ийе ушын ҳәм Гидеон ушын!» – деп бақырыңлар.
19 Гидеон ҳәм оның қасындағы жүз адам түнде, ортанғы гезектеги қараўыллар алмасыўдан-ақ, ордаға жетип барды. Олар кәрнайларын шертип, қолларындағы гүзелерди сындырды.
20 Үш топар да кәрнайларын шертип, гүзелерин сындырды. Олар шеп қолына шырасын, оң қолына кәрнайын услап: «Жасасын Жаратқан Ийениң ҳәм Гидеонның қылышы!» – деп бақырды.
21 Олардың ҳәр бири душпан ордасының дөгерегинде, өз орнында турғанда, ордадағылардың ҳәммеси албырасып, бақырысып қаша баслады.
22 Үш жүз кәрнай бирден шертилгенде, Жаратқан Ийе ордадағылардың ҳәммесине бир-бирине қарсы қылыш көтергизди. Мидян ордасы Серера тәрептеги Бейт-Шиттаға қарай, яғный Таббатқа жақын жердеги Абел- Мехоланың шетине дейин қашып кетти.
23 Сонда Нафталий, Ашер ҳәм пүткил Менашше урыўларынан болған израиллылар шақырылды ҳәм олар мидянлыларды қуўа баслады.
24 Кейин Гидеон Эфрайымның пүткил таўлы үлкесине хабаршылар жиберип, былай деди: «Төменге түсип, мидянлыларға ҳүжим қылыңлар. Олардың жолларын тосыў ушын, Бейт-Бараға дейинги Иордан дәрьясының суў өткеллерин қолға киргизиңлер». Солай етип, эфрайымлылар жыйналып, Бейт-Бараға дейинги Иордан дәрьясының суў өткеллерин қолға киргизди.
25 Олар мидянлылардың еки басшысын, Ореб пенен Зеебти тутқынға алды. Оребти Ореб жартасының қасында, ал Зеебти Зееб шарап искенжеси жанында өлтирип, мидянлыларды қуўыўды даўам етти. Ореб пенен Зеебтиң кесилген басларын Иордан дәрьясының арғы жағындағы Гидеонға апарып берди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.