Рут 2 bob
1 Нағыйманың күйеўи Элимелехтиң Боаз деген тийрелес ағайини бар еди. Ол абырайлы ҳәм бай адам еди.
2 Бир күни моаблы Рут Нағыймаға: – Мен атызға барайын. Мийримли биреўди ушыратсам, соның атызынан масақ терип келейин, – деди. – Яқшы, қызым, бара ғой, – деди Нағыйма.
3 Рут атызға барды да, орақшылардың изинен жүрип, масақ тере баслады. Бул егислик майдан Элимелехтиң тийрелес ағайини Боаздың меншик жери болып шықты.
4 Сол ўақытта Бейтлеҳемнен Боаз келип, орақшыларға: – Ҳармаңлар, Жаратқан Ийе сизлерге күш-қуўат берсин! – деди. Орақшылар оған: – Бар болың, сизди Жаратқан Ийе жарылқасын! – деди.
5 Боаз олардың басқарыўшысынан: – Бул жас келиншек ким? – деп сорады.
6 Орақшылардың басқарыўшысы былай деп жуўап берди: – Бул Моаб елинен Нағыйма менен бирге келген моаблы жас келиншек.
7 Ол маған: «Орақшылардың изинен жүрип, баўлардың арасына түскен масақты териўиме рухсат етиң», – деген еди. Шертекте азғантай ғана дем алғаны болмаса, ерте азаннан усы ўақытқа дейин тынбай атызда ислеп атыр.
8 Боаз Рутқа қарап: – Қызым, сөзиме қулақ сал. Масақ териў ушын басқа атызға бармай-ақ қой. Усы жерде, мениң хызметши қызларымның қасында жүрип, тере бер.
9 Орақшылар қайсы атызды орса, нәзериң сол жерде болып, қызлардың кейнинен жүре бер. Жигитлерге саған тиймеўге буйрық бердим. Егер шөллесең барып, жигитлер толтырып қойған ыдыстан суў ише бер, – деди.
10 Рут Боаздың алдында ет-бетинен жығылып, тәжим етти де: – Мен бир жат жерли адам болсам да, неге сиз маған нәзер аўдарып, мийримлилик көрсетип атырсыз? – деди.
11 Боаз оған былай деп жуўап берди: – Күйеўиң қайтыс болғаннан кейин, енеңе нелерди ислегениңниң ҳәммесин еситтим. Сен ата-анаңды ҳәм өз ўатаныңды таслап, бурын өзиң танымаған халық арасына жасаўға келдиң.
12 Бул жақсы ислериң Жаратқан Ийеден қайтсын! Сен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң қолы астынан пана излеген екенсең, Оның Өзи сени мол-мол етип сыйлықласын.
13 Сонда Рут: – Ендигиден былай да, маған деген мийримлилигиңиз таўысылмасын, мырзам! Мен сизиң шорыларыңыздың бирине де арзымайман. Бирақ сиз мендей қулыңызға жубаныш бердиңиз ҳәм жыллы сөйледиңиз, – деди.
14 Түслик ўақты келгенде, Боаз оған: – Берман кел, наннан алып, сирке суўына батырып же, – деди. Рут орақшылардың жанына барып отырды. Боаз оған қуўырмаштан узатты. Рут жеп тойып алды ҳәм жегенинен аўыстырып алып қойды.
15 Соннан кейин Рут масақ териў ушын орнынан турып кеткенде, Боаз жигитлерге былай деп буйырды: «Рут баўлар қасынан да масақ тере берсин, оны қапа қылыўшы болмаңлар.
16 Ҳәттеки, оған дәстелерден шашып қалдырып кетиңлер. Ол терип алсын, оның кеўлине тиймеңлер».
17 Солай етип, Рут кешке дейин атызда масақ терди ҳәм тергенлерин түйип, суўырғанда бир эфаға шамалас бийдай алды.
18 Рут дәнди көтерип қалаға қарай жүрип кетти. Ол терип келген дәнин енесине көрсетти ҳәм түсте өзи жеген азығынан аўыстырып қалдырғанын оған берди.
19 Енеси Рутқа: – Бүгин қай жерде масақ тердиң, қай жерде иследиң? Саған нәзерин аўдарған адамды Қудай жарылқасын! – деди. Рут кимниң атызында жумыс ислегенин енесине айтып: – Бүгин мен ислеген егислик жердиң ийеси Боаз деген адам, – деди.
20 Нағыйма келинине: – Тирилерден ҳәм марҳумлардан* Өз мийрим-шәпәәтин аямаған Жаратқан Ийе сол адамды жарылқасын, – деди. Нағыйма және даўам етип: – Ол киси бизлерге жақын адам, әменгерлеримиздиң бири болады, – деди.
21 Моаблы Рут былай деди: – Аўа, ҳәттеки, ол маған: «Хызметшилерим жыйын-терим ислерин тамамлағанша, олар менен бирге жүре бер», – деген еди.
22 Нағыйма өз келини Рутқа: – Жүдә жақсы, қызым, сол адамның хызметши қызлары менен бирге жүре бергениң жақсырақ. Басқаның атызына барсаң, саған азар бериўи мүмкин, – деди.
23 Солай етип, Рут арпа ҳәм бийдай орағының ақырына дейин Боаздың хызметши қызларынан айырылмады. Ол масақ терип, енеси менен бирге жасай берди.