1 Патшалар 12 bob
1 Буннан кейин, Самуел Израил халқына былай деди: – Мен айтқанларыңыздың ҳәммесине қулақ асып, сизлерге бир патша тайынлап бердим.
2 Енди сизлерди басқаратуғын патшаңыз бар. Ал мен қартайдым, шашларым да ағарды. Улларым да сизлер менен бирге. Жаслығымнан баслап, усы күнге шекем сизлерге бийлик еттим.
3 Мине, мен алдыңызда турыппан. Айтыңлар, қайсы бириңиздиң өгизиңизди алдым? Кимниң ешегин тартып алдым? Кимди алдадым? Кимге зулымлық қылдым? Кимнен пара алып, оның айыпларын көрмесликке алдым? Жаратқан Ийениң ҳәм Оның майлаған патшасының алдында гүўалық бериңлер. Сизлерден бир нәрсе алған болсам, қайтарып берейин.
4 Халық оған: – Бизлерди алдамадың, бизлерге зулымлық та қылмадың, ҳеш кимниң қолынан ҳеш нәрсе алмадың, – деди.
5 Самуел оларға: – Меннен бирде бир нуқсан таппағаныңызға Жаратқан Ийе де, Ол майлаған патша да гүўа, – деди. – Аўа, гүўа, – деди халық.
6 Самуел сөзин былай деп даўам етти: – Муўса менен Харонды тайынлап, ата-бабаларыңызды Мысыр елинен алып шыққан Жаратқан Ийе болады.
7 Енди усы жерде турыңлар. Жаратқан Ийениң сизлерди ҳәм ата-бабаларыңызды қутқарыў ушын ислеген барлық жақсы ислерин Оның алдында сизлерге дәлиллеп берейин.
8 Яқып Мысырға кеткеннен кейин, ата-бабаларыңыз Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, Ол Муўса менен Харонды жиберди. Олар ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шығып, усы жерге орналастырды.
9 Бирақ ата-бабаларыңыз өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийени умытты. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды Хасор патшасының сәркәрдасы Сисераның, филистлердиң ҳәм Моаб патшасының қолына тапсырды. Олар ата-бабаларыңызға қарсы урысты.
10 Ата- бабаларыңыз Жаратқан Ийеге: «Бизлер гүна иследик. Сени таслап, Баал ҳәм Аштарта бутларына хызмет еттик. Енди бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқар, Саған хызмет етемиз», – деп жалбарынды.
11 Сонда Жаратқан Ийе Еруббаалды, Беданды, Ифтахты ҳәм Самуелди, яғный мени жиберип, қәўипсиз жасаўыңыз ушын, әтирапыңызды қоршаған душпанларыңыздың қолынан сизлерди қутқарды.
12 Бирақ сизлер Аммон патшасы Нахаштың өзлериңизге қарсы атланғанын көргениңизде, патшаңыздың Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенине қарамастан: «Яқ, бизлерди патша басқарсын», – дедиңлер.
13 Мине, өзлериңиз таңлап, тилеп алған патшаңыз! Аўа, Жаратқан Ийе сизлерге патша берди.
14 Егер Жаратқан Ийеден қорқып, Оған хызмет қылсаңыз, Оның сөзлерин тыңлап, буйрықларына қарсы шықпасаңыз, сизлер де, сизлерди басқаратуғын патшаңыз да Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ерсеңиз, ҳәммеси жақсы болады.
15 Егер Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспай, Оның буйрықларына қарсы шықсаңыз, Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызды жазалағаны сыяқлы, сизлерди де жазалайды.
16 Енди орныңызда турып, Жаратқан Ийениң көз алдыңызда ислейтуғын уллы исин көриңлер.
17 Ҳәзир бийдай орымы ўақты емес пе? Мен Жаратқан Ийеге жалбарынаман ҳәм Ол аспанды гүркиретип, жаўын жаўдырады. Сонда сизлер патша қойыўды сорап, Жаратқан Ийениң нәзеринде қандай жаманлық ислегениңизди жақсы түсинип аласыз.
18 Самуел Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе сол күни аспанды гүркиретип, жаўын жаўдырды. Халық Жаратқан Ийеден де, Самуелден де қатты қорқты.
19 Олар Самуелге: – Набыт болмаўымыз ушын, бизлер, яғный өз қулларың ушын Қудайың Жаратқан Ийеге жалбарын. Өйткени бизлер патша сорап, өз гүналарымыз үстине гүна жамадық, – деди.
20 Сонда Самуел халыққа былай деди: – Қорқпаңлар, сизлер бул үлкен жаманлықты иследиңлер. Бирақ енди Жаратқан Ийеден жүз бурмай, Оған ериңлер ҳәм шын жүректен хызмет етиңлер.
21 Ҳеш кимди қутқара алмайтуғын жарамсыз бутлардың изине ермеңлер. Себеби олар пайдасыз.
22 Өзиниң уллы аты ушын Жаратқан Ийе Өз халқынан жүз бурмайды. Себеби Ол сизлерди Өз халқы қылыўды мақул тапты.
23 Маған келсек, сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарыныўдан ўаз кешиў арқалы, Оған қарсы гүна ислеўден аўлақ болғайман! Мен сизлерге тек жақсы ҳәм туўры жолды көрсетемен.
24 Жалғыз Қудайдан қорқыңлар, Оған шын жүректен садықлық пенен хызмет етиңлер. Оның сизлер ушын қандай уллы ислерди ислегенин есте тутыңлар!
25 Бирақ жаўызлық ислеўди даўам ете берсеңиз, өзлериңиз де, патшаңыз да қырылып кетесизлер.