1 Патшалар 28 bob

Шаулдың әрўақ шақырыўшы ҳаялға барыўы (3-25).

 

1 Сол күнлери филистлер Израил менен урысыў ушын әскерлерин топлады. Ахиш Даўытқа: – Билип қой, сен адамларың менен бирге мениң жанымда урысасаң, – деди.
2 Даўыт оған: – Сол ўақытта сиз де қулыңыздың нелер қылатуғынын көресиз, – деп жуўап берди. Ахиш оған: – Яқшы, онда мен сени бир өмирге өзимниң жеке сақшым етип тайынлайман, – деди.
3 Самуел өлгенде, пүткил Израил халқы оған жоқлаў айтып жылап, оны өз қаласы Рамаға жерлеген еди. Ал Шаул болса, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларды елден қуўып жиберген еди.
4 Филистлер топланып, Шунемге келди ҳәм сол жерге орда қурды. Шаул да пүткил израиллыларды топлап, Гилбоа таўына орда қурды.
5 Шаул филист әскерлерин көргенде қорқып кетип, жүрегин қорқыныш бийлеп алды.
6 Ол Жаратқан Ийеден сораса да, Жаратқан Ийе оған түс арқалы да, Урим арқалы да, пайғамбарлар арқалы да жуўап бермеди.
7 Сонлықтан Шаул хызметшилерине: – Маған әрўақ шақыратуғын бир ҳаялды таўып келиң. Оған барып, мәсләҳәт сорайын, – деп буйырды. Хызметшилери оған: – Эн-Дорда әрўақ шақыратуғын бир ҳаял бар, – деди.
8 Шаул кийимин алмастырып, сыртқы көринисин өзгертти де, жанына еки адамды алып, түнде сол ҳаялға келди. Шаул ҳаялға: – Өтинемен, мен ушын әрўақлардан сорап, мен айтқан адамның әрўағын шақырып бер, – деди.
9 Бирақ ҳаял: – Шаулдың нелер ислегенин, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларды елден қуўып жибергенин билесең. Солай екен, неге мени өлтириў ушын дузақ қойып атырсаң? – деди.
10 Шаул оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, бул истен саған ҳеш қандай зыян келмейди, – деди.
11 Сонда ҳаял Шаулдан: – Саған кимди шақырып берейин? – деп сорады. Шаул оған: – Маған Самуелди шақырып бер, – деди.
12 Ҳаял Самуелди көргенде, даўысының барынша бақырып жиберип, Шаулға: – Сиз Шаулсыз-ғо, неге мени алдадыңыз? – деди.
13 Патша оған: – Қорқпа, не көрип турсаң? – деди. Ҳаял оған: – Жердиң астынан шығып киятырған бир әрўақты көрип турман, – деп жуўап берди.
14 Шаул ҳаялдан: – Оның көриниси қандай? – деп сорады. Ҳаял оған: – Үстине шапан кийген бир ғарры адам жоқарыға шығып киятыр, – деди. Сонда Шаул оның Самуел екенин билди де, ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти.
15 Самуел Шаулға: – Неге мени шақырып, тынышымды алдың? – деди. Шаул оған: – Мен жүдә қыйналып атырман. Филистлер маған қарсы урыспақта. Қудай да мени таслап кетти. Ол маған пайғамбарлар арқалы да, түслерим арқалы да жуўап бермей қойды. Сонлықтан не ислеўим кереклигин билдириўиң ушын, сени шақыртқан едим, – деди.
16 Самуел оған былай деп жуўап берди: – Жаратқан Ийе сени таслап кетип, саған душпан болған болса, енди неге меннен сорап турсаң?
17 Жаратқан Ийе мен арқалы айтқанларын жүзеге асырды. Ол патшалықты сеннен тартып алып, оны жаныңдағы адамға, яғный Даўытқа берди.
18 Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, Оның жалынлы ғәзебин амалеклерге шашпадың. Сонлықтан Жаратқан Ийе бүгин бул нәрселерди сениң басыңа салды.
19 Жаратқан Ийе сени де, Израил халқын да филистлерге тәслим етеди. Ертең сен ҳәм сениң улларың мениң жанымда боласызлар. Жаратқан Ийе Израил ордасын да филистлерге тәслим етеди.
20 Шаул бирден гүрс етип жерге қулады. Ол Самуелдиң сөзлеринен қатты қорқып кетип, күши де қалмаған еди. Себеби ол бир күн ҳәм бир түн бойы дуз татпаған еди.
21 Ҳаял Шаулға жақынлап келди де, оның қатты қорқып кеткенин көрип былай деди: – Минекей, шорыңыз болған мен гәпиңизге қулақ астым. Жанымды қәтерге қойып, тилегиңизди орынладым.
22 Енди өтинемен, сиз де шорыңыз болған мениң сөзлеримди тыңлаң. Сизге азғантай аўқат алып келиўге рухсат бериң. Жолыңызды даўам етиўге дәрман болыў ушын, аўқатланып алыңыз.
23 Бирақ Шаул: – Жемеймен, – деп бас тартты. Деген менен, хызметшилери де, ҳаял да зорлай бергеннен кейин, Шаул олардың айтқанын иследи. Ол жатқан жеринен турып, төсекке отырды.
24 Ҳаялдың қорасында бағып отырған бир жас баспағы бар еди. Ҳаял оны дәрриў сойды, қамыр ийлеп, ашытқысыз нан писирди.
25 Соңынан оларды Шаул ҳәм оның хызметшилериниң алдына қойды. Олар ишип-жеп болып, сол күни түнде кетип қалды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.