1 Патшалар 4 bob
1 амуелдиң сөзи пүткил Израилға жайылды. Сол күнлери израиллылар филистлер менен урысыў ушын жолға шықты. Израиллылар Эбен-Эзерге, филистлер Афекке ордаларын қурды.
2 Филистлер израиллыларға қарсы саўаш майданына түсти. Саўаш ҳәўиж алғанда, филистлер израиллыларды жеңилиске ушыратты. Саўашта израиллылардың төрт мыңға шамалас адамы қаза тапты.
3 Әскерлер ордаға қайтып келгенде, Израил ақсақаллары: «Не ушын бүгин Жаратқан Ийе бизлердиң филистлерден жеңилиўимизге жол қойды? Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Шилодан усы жерге алып келейик. Ол арамызда болып, бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарсын», – деди.
4 Солай етип, халық Шилоға адамларды жиберди. Олар барып, керублардың ортасындағы тахтта отырған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Келисим сандығын алып келди. Элийдиң еки улы Хофний менен Пинехас та Қудайдың Келисим сандығының жанында еди.
5 Жаратқан Ийениң Келисим сандығы ордаға әкелингенде, пүткил израиллылардың қатты бақырысқан даўысларынан жер ләрзеге келди.
6 Филистлер бақырысларды еситип: «Еврейлер ордасында неге буншелли бақырыс болып атыр екен?» – дести. Олар Жаратқан Ийениң сандығының ордаға әкелингенин билгенде,
7 қорқып кетип былай деди: «Олардың қудайлары ордаға келипти. Қурып қалдық! Бурын ҳеш қашан бундай нәрсе болып көрмеген еди.
8 Қурып қалдық! Бул күшли қудайлардың қолынан бизлерди ким қутқарады? Олар шөлде мысырлыларды түрли бәлелерге ушыратқан қудайлар-ғо.
9 Беккем болыңлар, филистлер! Мәрт болыңлар! Болмаса, еврейлердиң сизлерге қул болғаны сыяқлы, сизлер де оларға қул боласызлар. Мәрт болып, саўашқа түсиңлер».
10 Солай етип, филистлер саўашқа түсип, израиллыларды жеңди. Израиллылардың ҳәр бири өз шатырына қарай қашты. Қырғынға ушырағаны соншелли, израиллылар отыз мың пияда әскеринен айырылды.
11 Қудайдың сандығы қолға түсти, ал Элийдиң еки улы Хофний ҳәм Пинехас қазаланды.
12 Бенямин урыўынан бир адам саўаш майданынан қашып шығып, сол күнниң өзинде Шилоға жетип келди. Ол қайғыдан кийимлерин жыртып, басына топырақ шашқан еди.
13 Сол адам жетип келгенде, Қудайдың сандығын ойлап, жүреги езилген Элий жол шетиндеги отырғышта жолға қарап отырған еди. Адам қалаға кирип, болған ўақыяны айтып бергенде, қаладағылардың ҳәммеси дад салып бақырысты.
14 Элий дад салып бақырысқанды еситип: «Неге шаўқым көтерилип атыр?» – деп сорады. Хабаршы болған ўақыяны айтып бериў ушын дәрриў Элийдиң жанына келди.
15 Сонда Элий тоқсан сегиз жаста болып, көзлери әззилеп, көрмей қалған еди.
16 Хабаршы Элийге: – Мен саўаш майданынан киятырман. Ҳәзир ғана сол жерден қашып шықтым, – деди. Элий оннан: – Балам, не болды? – деп сорады.
17 Хабаршы Элийге: – Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашты. Әскерлер үлкен қырғынға ушырады. Еки улыңыз Хофний менен Пинехас қазаланды, ал Қудайдың сандығы қолға түсти, – деди.
18 Хабаршы Қудайдың сандығы туўралы айтқанда, Элий отырғыштан шалқасына түсип, қала дәрўазасының қасына қулады. Ол жүдә ғарры ҳәм семиз болғанлықтан жулыны үзилип, жан тапсырды. Элий Израилға қырық жыл бийлик еткен еди.
19 Сол ўақытта Элийдиң келини, Пинехастың ҳаялы жүкли болып, туўатуғын ўақты шамаласқан еди. Ҳаял Қудайдың сандығының қолға түскени, қәйин атасы ҳәм күйеўиниң өлгени ҳаққында еситкенде, бирден толғағы тутты да, дизерлеп отырып босанды.
20 Жәрдем берген ҳаяллар оған өлими алдынан: «Қорқпа, уллы болдың», – деди. Бирақ ол жуўап та бермеди, дыққат та аўдармады.
21 Қудайдың сандығының қолға түсип, қәйин атасы ҳәм күйеўиниң өлгенлиги себепли ҳаял: «Уллылық Израилды тәрк етти», – деп улына Ихабод деп ат қойды.
22 Ол: «Уллылық Израилды тәрк етти. Себеби Қудайдың сандығы қолға түсти», – деди.