1 Патшалар 6 bob

Келисим сандығының Израилға қайтарылыўы (1-21).

 
1 Жаратқан Ийениң сандығы филистлер елинде жети ай болғаннан соң,
2 филистлер руўханийлерди ҳәм палкерлерди шақыртып, оларға: – Жаратқан Ийениң сандығын не қылсақ екен? Оны өз орнына қалай қайтарыўымыз кереклигин бизлерге айтыңлар, – деди.
3 Олар: – Егер сизлер Израилдың Қудайының сандығын изге қайтармақшы болсаңыз, оны бос жибермей, оған қоса айыбыңызды жуўыў ушын сый берип жибериңлер. Сонда шыпа табасызлар ҳәм Оның сизлерди не ушын жазалап атырғанын билип аласызлар, – деди.
4 Сонда филистлер: – Айыбымызды жуўыў ушын Оған қандай қурбанлық жиберейик? – деп сорады. Руўханийлер ҳәм палкерлер былай деп жуўап берди: – Сизлер жиберетуғын қурбанлықлар филист ҳүкимдарларының санына қарай бес шыйқанның ҳәм бес тышқанның алтын мүсинлеринен ибарат. Өйткени сизлер де, ҳүкимдарларыңыз да бирдей жазаға тартылғансыз.
5 Буның ушын шыйқанлардың ҳәм жериңизди ўайран еткен тышқанлардың мүсинлерин ислең ҳәм Израилдың Қудайын уллылаң. Мүмкин, сонда Ол сизлерди, қудайларыңызды ҳәм жериңизди жазалаўды тоқтатар.
6 Не ушын мысырлылар ҳәм фараон сыяқлы қайсарлық қыласызлар? Қудай мысырлылардың жанына тийгенде, олар Израил халқын босатып жибермеди ме?
7 Енди жаңа бир арба ислетиңлер де, биринши рет төллеген ҳәм ҳеш қашан арбаға жегилмеген еки қашарды алып, оларды арбаға жегиңлер. Қашарлардың бузаўларын айырып алып, қораға апарыңлар.
8 Жаратқан Ийениң сандығын арбаның үстине қойыңлар. Айыбыңызды жуўыў ушын Оған жиберип атырған алтын затларыңызды қутыға салып, сандықтың жанына жайластырыңлар. Соңынан арбаны айдап жибериңлер, кете берсин.
9 Бирақ изинен гүзетип барыңлар. Егер арба өз елине, Бейт-Шемешке қарай бетлесе, онда бул уллы апатшылықты бизлерге Жаратқан Ийениң Өзи жиберген болады. Егер арба басқа тәрепке жол алса, онда бул апатшылықтың Оннан жиберилмегенин, ал оған тосаттан дуўшар болғанымызды билип аламыз.
10 Адамлар айтылғандай иследи. Олар биринши рет төллеген еки қашарды арбаға жекти, ал бузаўларын қораға қамап таслады.
11 Жаратқан Ийениң сандығы менен бирге ишине шыйқанлардың ҳәм тышқанлардың алтын мүсинлери салынған қутыны арбаға салды.
12 Сонда қашарлар туўры Бейт-Шемешке қарай жол алды. Олар оңға да, солға да бурылмастан, мөңиреўи менен алға илгериледи. Ал филист ҳүкимдарлары болса, Бейт- Шемештиң шегарасына дейин оларға ерип келди.
13 Сол ўақытта Бейт-Шемеш халқы ойпатлықта бийдай орып атырған еди. Олар басларын көтерип қарап, сандықты көргенде, қуўанып кетти.
14 Арба бейт-шемешли Ешуаның атызына кирип, сол жердеги үлкен бир тастың жанында тоқтады. Лебийлилер Жаратқан Ийениң сандығын ҳәм алтын затлар салынған қутыны арбадан түсирип, үлкен тастың үстине қойды. Бейт-шемешлилер арбаның ағашларын отын етип жарды да, қашарларды Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Сол күни бейт-шемешлилер Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар берип, басқа қурбанлықлар да шалды
15 .
16 Филистлердиң бес ҳүкимдары болып өткенлерди көргеннен соң, сол күни Экронға қайтып кетти.
17 Филистлер айыбын жуўыў ушын сый ретинде Ашдод, Газа, Ашкелон, Гат ҳәм Экрон қалалары ушын Жаратқан Ийеге бир-бирден шыйқанлардың алтын мүсинлерин жиберген еди.
18 Ал алтыннан исленген тышқан мүсинлери болса, бес филист ҳүкимдарларына қараслы болған қорған қалалар менен қоса дөгерегиндеги аўыллардың санына туўры келетуғын еди. Үстине Жаратқан Ийениң сандығы қойылған сол үлкен тас бүгинге дейин бейт-шемешли Ешуаның атызында гүўалық болып тур.
19 Жаратқан Ийениң сандығының ишине үңилгени ушын, Жаратқан Ийе бейт- шемешлилерден базыларын жазалап, жетпис адамды жоқ қылды. Халық Жаратқан Ийениң өзлерине берген бул аўыр жазасы себепли аза тутты.
20 Бейт-Шемеш халқы: «Бул мухаддес Қудайдың, Жаратқан Ийениң алдында ким тура алады? Сандық бизлерден кимге апарылыўы тийис?» – деп сорады.
21 Олар Кирят-Яримде жасаўшыларға хабаршылар жиберип: «Филистлер Жаратқан Ийениң сандығын қайтарып жиберипти, келип, оны алып кетиңлер», – деди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.