1 Патшалар 7 bob
1 Солай етип, Кирят-Яримниң халқы келип, Жаратқан Ийениң сандығын алды да, оны төбешиктеги Абинадабтың үйине апарды. Оның улы Элазарды Жаратқан Ийениң сандығына қараў ушын тайынлады.
2 Сандық узақ ўақыт, жигирма жыл даўамында Кирят-Яримде қалды. Сол ўақыт ишинде пүткил Израил халқы қайғыға батып, Жаратқан Ийеге интизар болды.
3 Самуел пүткил Израил халқына былай деди: «Егер Жаратқан Ийеге шын жүректен жүз бурмақшы болсаңыз, онда өзлериңиздеги басқа қудайлардың ҳәм Аштартаның* мүсинлерин жоқ қылыңлар. Өзлериңизди Жаратқан Ийеге бағышлап, тек Оған хызмет етиңлер. Сонда Ол сизлерди филистлердиң қолынан қутқарады».
4 Солай етип, израиллылар Баалдың ҳәм Аштартаның мүсинлерин жоқ қылып, жалғыз Жаратқан Ийеге хызмет ете баслады.
5 Сонда Самуел: «Пүткил израиллыларды Миспаға жыйнаңлар, мен сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарынаман», – деди.
6 Миспаға жыйналған израиллылар қудықтан суў алып, оны Жаратқан Ийеге арнап төкти. Олар сол күни ораза тутып: «Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследик», – деди. Самуел Миспада Израил халқына бийлик етти.
7 Филистлер Израил халқының Миспаға топланғанын еситкенде, филист ҳүкимдарлары израиллыларға қарсы ҳүжимге атланды. Израиллылар буны еситкенде, филистлерден қорқты.
8 Олар Самуелге: «Бизлерди филистлердиң қолынан қутқарыўы ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге тынбай жалбарын», – деди.
9 Сонда Самуел еле сүттен шықпаған бир қозыны алып, оны Жаратқан Ийеге арнап толығы менен жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Самуел Израил халқы ушын Жаратқан Ийеге жалбарынды. Жаратқан Ийе де оған жуўап берди.
10 Самуел қурбанлықты жандырып атырғанда, филистлер израиллыларға ҳүжим қылыў ушын жақынласып қалған еди. Бирақ сол ўақытта Жаратқан Ийе күшли даўыс пенен гүркиреп, филистлерди қатты албыратты ҳәм олар израиллылардың алдында күл-талқан болды.
11 Миспадан шыққан израиллылар филистлерди қуўалап, оларды Бейт-Кардың төменги жағына шекем өлтирип барды.
12 Самуел бир тас алып, оны Миспа менен Шенниң арасына орнатты. Ол: «Жаратқан Ийе бизлерге усы жерге дейин жәрдем берди», – деп тасқа Эбен- Эзер деп ат қойды.
13 Солай етип, жеңилиске ушыраған филистлер қайтып Израил жерине ҳүжим жасамайтуғын болды. Самуелдиң көзиниң тирисинде Жаратқан Ийе филистлерге қарсы турды.
14 Экроннан Гатқа шекемги филистлердиң басып алған қалалары израиллыларға қайтарып берилди. Израиллылар олардың әтирапындағы жерлерди де филистлердиң қолынан қутқарды. Израил ҳәм амор халқы арасында парахатшылық орнады.
15 Самуел пүткил өмири бойы Израилға бийлик етти.
16 Ол ҳәр жылы Бейт-Элди, Гилгалды ҳәм Миспаны айланып шығатуғын, бул қалаларда турып, пүткил Израилға бийлик ететуғын еди.
17 Соңынан Рамадағы өз үйине қайтып кететуғын ҳәм сол жерден Израилға бийлик ететуғын еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды.