Жаратылыс 35 bob

Бейт-Элде Қудайдың Яқыпты жарылқаўы (1-15). Раҳиланың өлими (16-22). Яқыптың уллары (23-26)

1 Қудай Яқыпқа: «Қәнекей, енди Бейт-Элге бар да, сол жерге орналас. Әжағаң Эсаўдан қашып баратырғаныңда саған көринген Қудайға арнап, сол жерде қурбанлық орын қур», – деди.
2 Сонда Яқып хожалығына ҳәм жанындағылардың ҳәммесине былай деди: – Өзлериңиздеги жат қудайлардың мүсинлерин ылақтырып таслаңлар. Өзлериңизди пәклеп, кийимлериңизди алмастырыңлар.
3 Жүриңлер, бул жерден кетип, Бейт-Элге барайық. Қыйын күнлеримде маған жуўап берген ҳәм жүрген жолларымда мениң менен бирге болған Қудайға арнап, мен сол жерде қурбанлық орын қурайын.
4 Сонда олар өзлериндеги жат қудайлардың мүсинлерин ҳәм қулақларындағы сырғаларын Яқыпқа берди. Яқып оларды Шехемге жақын жердеги бир теребинфтиң түбине көмип таслады.
5 Соңынан олар жолға түсти. Қудай әтираптағы қалалардың турғынларына қорқыныш жибергенликтен, ҳеш ким олардың изине түспеди.
6 Солай етип, Яқып жанындағы барлық адамлар менен бирге Қанан жериндеги Лузға, яғный Бейт-Элге жетип келди.
7 Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, сол жерди Эл-Бейт-Эл деп атады. Өйткени Яқып әжағасынан қашып баратырғанда, Қудай сол жерде өзине көринген еди.
8 Сол арада Ребекканы емизип баққан Дебора деген ҳаял қайтыс болды. Ол Бейт-Элдиң қубласындағы бир емен ағашының түбине жерленип, сол емен ағашы «Жоқлаў Емени» деп аталды.
9 Яқып Паддан-Арамнан қайтып келгеннен кейин, Қудай оған және көринип, оны былай деп жарылқады:
10 «Сениң атың – Яқып. Бирақ буннан былай, сениң атың Яқып емес, ал Израил болады», – деп, оны Израил деп атады.
11 Қудай оған және: «Мен – Қүдирети күшли Қудайман. Өсип-өнип, көбей. Сеннен бир халық, ҳәтте, көплеген халықлар пайда болып, сениң урпағыңнан патшалар келип шығады.
12 Мен Ибрайымға ҳәм Ысаққа берген бул жерди саған ҳәм сеннен кейинги урпақларыңа беремен», – деди.
13 Соңынан Қудай Яқып пенен сөйлескен жерден жоқары көтерилип кетти.
14 Яқып Қудай өзи менен сөйлескен жерде тастан естелик орнатып, оның үстине шарап ҳәм зәйтүн майын қуйды.
15 Ол Қудай өзи менен сөйлескен жерди Бейт-Эл деп атады.
16 Олар Бейт-Элден шығып, Эфратаға жетиўге аз қалғанда, Раҳиланың толғағы тутып, ол қыйыншылық пенен босанды.
17 Ол азап шегип туўып атырғанда, киндик шешеси оған: – Қорқпа, сен және бир ул туўдың, – деди.
18 Раҳила өлип баратырып, соңғы демин шығарарда, улын Беноний деп атады. Бирақ әкеси оның атын Бенямин деп қойды.
19 Солай етип, Раҳила қайтыс болып, Эфратаға, яғный Бейтлеҳемге баратуғын жол бойына жерленди.
20 Яқып оның қәбири үстине қулпы тас орнатты. Раҳиланың қәбириниң қулпы тасы бүгинги күнге шекем бар.
21 Соннан кейин, Израил және көшип, Эдер минарасының арғы жағына шатырын тикти.
22 Израил сол елде жасап атырғанда, улы Рубен әкесиниң тоқалы болған Билҳа менен жатты. Әкеси бул туўралы еситти. Яқыптың он еки улы бар еди.
23 Оның Леадан туўылған уллары: туңғышы Рубен, кейин Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар ҳәм Зебулон.
24 Оның Раҳиладан туўылған уллары: Юсуп ҳәм Бенямин.
25 Раҳиланың шорысы Билҳадан туўылған уллары: Дан ҳәм Нафталий.
26 Леаның шорысы Зилпадан туўылған уллары: Гад ҳәм Ашер. Булар Яқыптың Паддан-Арамда туўылған уллары.
27 Яқып әкеси Ысақтың үйине, Мамреге келди. Мамре Кирят-Арбаның, яғный Хебронның жанында болып, ол жерде Ибрайым ҳәм Ысақ келгинди болып жасаған еди.
28 Ысақ бир жүз сексен жыл жасады.
29 Ол мазмунлы өмир сүрип, қартайып, деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата- бабаларына қосылды. Уллары Эсаў менен Яқып оны жерледи.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.