Жаратылыс 40 bob
1 Бир қанша ўақыттан соң, Мысыр патшасының шарап қуйыўшысы ҳәм нанбайы өз хожайынына, яғный Мысыр патшасына қарсы айып иследи.
2 Фараон өзиниң усы еки хызметкерине, яғный бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайына ашыўланып,
3 оларды сақшылардың басшысының үйине, Юсуп отырған қамақханаға қаматып таслады.
4 Сақшылардың басшысы Юсупти олардың хызметине бекитти. Солай етип, олар бир қанша ўақыт қамақханада қалды.
5 Бир күни түнде фараонның қамақта болған шарап қуйыўшысы менен нанбайы екеўи де түс көрди. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди.
6 Ертеңине азанда Юсуп олардың жанына келгенде, екеўиниң де еңсеси түсип отырғанын көрди.
7 Юсуп хожайынының үйинде өзи менен бирге қамалып жатырған фараонның хызметкерлеринен: – Бүгин неге қапа көринесиз? – деп сорады.
8 Олар: – Бизлер түс көрген едик, бирақ оларды жорып беретуғын ҳеш ким жоқ, – деди. Юсуп оларға: – Түс жорыў Қудайдан емес пе? Түслериңизди маған айтып бериңлер, – деди.
9 Сонда бас шарап қуйыўшы түсин Юсупке айтып: – Мен түсимде бир жүзим ағашын көрдим.
10 Ағаштың үш шақасы бар екен. Олар бөрте сала гүллеп, солқым-солқым жүзим писти.
11 Мениң қолымда фараонның кесеси бар екен. Мен жүзимлерди алып, фараонның кесесине сықтым да, кесени оның қолына бердим, – деди.
12 Юсуп оған былай деди: – Бул түс мынаны аңлатады: үш шақа – үш күн.
13 Үш күн ишинде фараон сениң тәғдириңди шешеди ҳәм сен бурынғы хызметиңе қайтасаң. Оған бурынғыдай шарап усынатуғын боласаң.
14 Бирақ исиң жүрискеннен кейин, мени есиңе ал. Маған жақсылық ислеп, фараонға мен туўралы айт ҳәм мени бул қамақханадан шығарып ал.
15 Себеби мен еврейлердиң жеринен урлап әкелингенмен. Бул жерде де қамаққа таслағандай ҳеш нәрсе ислемедим, – деди.
16 Бас нанбай Юсуптиң түсти жақсы жорығанын көрип, оған былай деди: – Мен де түс көрдим. Түсимде басымда үш себет нан бар екен.
17 Ең үстиндеги себетте фараонға арнап писирилген ҳәр түрли нан өнимлери бар екен. Бирақ қуслар басымдағы себеттен оларды шоқып жеп атыр екен, – деди.
18 Юсуп оған былай деди: – Бул түс мынаны аңлатады: үш себет – үш күн.
19 Үш күн ишинде фараон тәғдириңди шешип, сени дарға астырады ҳәм қуслар келип, денеңди шоқыйды.
20 Үшинши күни фараон өзиниң туўылған күнинде барлық хызметкерлерине зыяпат берди. Сонда ол өз хызметкерлериниң алдында бас шарап қуйыўшысы менен бас нанбайының тәғдирин шешти.
21 Бас шарап қуйыўшыны өз хызметине қайтарды. Солай етип, бас шарап қуйыўшы және фараонға кесесин усынатуғын болды.
22 Бирақ бас нанбайды, Юсуп жорығандай, дарға астырды.
23 Бас шарап қуйыўшы Юсупти еске алмады, оны умытып жиберди.