Жаратылыс 46 bob

Яқыптың Мысырға көшип барыўы (1-27). Яқыптың Юсуп пенен ушырасыўы (28-34)

1 Солай етип, Израил өзиниң барлық мал-мүлкин алып, жолға шықты. Беер-Шебаға жетип келгенде, әкеси Ысақтың Қудайына арнап қурбанлықлар шалды.
2 Қудай түнде Израилға аян берип: – Яқып, Яқып! – деди. – Ләббәй, – деди ол.
3 Қудай оған былай деди: – Мен Қудайман, әкеңниң Қудайыман. Сен Мысырға барыўдан қорқпа. Мен ол жерде сениң урпақларыңнан уллы халық жаратаман.
4 Мен сениң менен бирге Мысырға бараман ҳәм урпақларыңды усы жерге сөзсиз қайтарып алып келемен. Қайтыс болғаныңда, Юсуп өз қоллары менен көзлериңди жабады.
5 Соңынан Яқып Беер-Шебадан жолға шықты. Израилдың уллары әкеси Яқыпты, балаларын ҳәм ҳаялларын фараон жиберген арбаларға мингизип, алып кетти.
6 Олар малларын ҳәм Қанан жеринде жыйнаған пүткил мал- мүлкин алып, Мысырға келди. Яқып пенен оның пүткил урпақлары бирге еди.
7 Яқып өзи менен бирге улларын, қызларын, ақлықларын, яғный пүткил урпақларын алып, Мысырға көшип келди.
8 Израилдың, яғный Яқыптың Мысырға алып келген улларының ҳәм урпақларының атлары төмендегише: Яқыптың туңғышы – Рубен.
9 Рубенниң уллары: Ханох, Паллу, Хесрон ҳәм Кармий.
10 Шимонның уллары: Емуел, Ямин, Оҳад, Яхин, Сохар ҳәм қананлы ҳаялынан туўылған Шаул.
11 Лебийдиң уллары: Гершон, Қоҳат, Мерарий.
12 Яҳуданың уллары: Эр, Онан, Шела, Перес ҳәм Зерах. Бирақ Эр менен Онан Қананда қайтыс болған еди. Перестиң уллары: Хесрон ҳәм Хамул.
13 Иссахардың уллары: Тола, Пуўа, Иоб ҳәм Шимрон.
14 Зебулонның уллары: Серед, Элон ҳәм Яхлеел.
15 Булар Леаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Леа оларды ҳәм қызы Динаны Паддан-Арамда туўған еди. Яқыптың Леа арқалы тараған урпақлары барлығы болып отыз үш еди.
16 Гадтың уллары: Сифйон, Хаггий, Шуний, Эсбон, Эрий, Ародий ҳәм Арелий.
17 Ашердиң уллары: Имна, Ишўа, Ишўий, Бериа ҳәм олардың қарындасы Серах. Берияның уллары: Хебер ҳәм Малкиел.
18 Булар Лабанның қызы Леаға берген шорысы Зилпаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар барлығы он алты еди.
19 Яқыптың ҳаялы Раҳиланың уллары Юсуп ҳәм Бенямин еди.
20 Мысырда Юсуп Менашше ҳәм Эфрайым деген еки уллы болды. Юсупке оларды Он қаласының руўханийи болған Потифераның қызы Асенат туўып берди.
21 Беняминниң уллары: Бела, Бехер, Ашбел, Гера, Нааман, Эхий, Рош, Муппим, Хуппим ҳәм Ард.
22 Булар Раҳиланың Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар ҳәммеси болып он төрт еди.
23 Данның улы: Хушим.
24 Нафталийдиң уллары: Яхсиел, Гуний, Есер ҳәм Шиллем.
25 Булар Лабанның қызы Раҳилаға берген шорысы Билҳаның Яқыпқа туўып берген уллары ҳәм олардың урпақлары. Олар ҳәммеси жетеў еди.
26 Яқыптың улларының ҳаялларын қоспағанда, Яқыптың урпағынан болған ҳәм оның менен бирге Мысырға келгенлердиң саны ҳәммеси болып алпыс алты адам еди.
27 Юсуптиң Мысырда туўылған еки улы менен бирликте Мысырға көшкен Яқыптың хожалығы ҳәммеси болып жетпис адам еди.
28 Яқып Гошен жеринде көрисетуғынын айтыў ушын Юсупке алдын ала Яҳуданы жиберди. Олар Гошен жерине жетип келгенде,
29 Юсуп өзиниң арбасын жегип, әкеси Израилды көриў ушын, Гошенге барды. Юсуп әкесин көре сала, оны мойнынан қушақлап, узақ жылады.
30 Израил Юсупке: – Тири екениңди өз көзим менен көрдим, енди өлсем де, әрманым жоқ, – деди.
31 Юсуп туўысқанларына ҳәм әкесиниң үй-ишиндеги адамларға былай деди: – Мен фараонға барып былай деймен: «Қанан жеринде жасаған туўысқанларым ҳәм әкемниң үй-ишиндеги адамлар маған келди.
32 Олар шопанлар болып, шарўашылық пенен шуғылланады. Сонлықтан олар сүриўлерин, падаларын ҳәм барлық мал-мүлкин өзлери менен бирге алып келген».
33 Егер фараон сизлерди шақырып: «Кәсип-кәриңиз не?» – деп сораса,
34 сизлер: «Ата-бабаларымыз сыяқлы, бизлер де бала ўақтымыздан бери шарўашылық пенен шуғылланамыз», – деп айтыңлар. Сонда сизлерге Гошен жерине орналасыўыңызға рухсат етиледи. Себеби мысырлылар шопанлардан жеркенеди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.