2 Патшалар 11 bob
1 Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Даўыт өз әскербасыларын ҳәм пүткил Израил әскерлерин Иоабтың басшылығында урысқа жиберди. Олар аммонларды қырып таслап, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыттың өзи Ерусалимде қалған еди.
2 Бир күни кешке қарай Даўыт төсегинен турды да, сарайдың үшегине шығып, арман-берман жүре баслады. Ол сол жерден қарап, шомылып атырған бир ҳаялды көрди. Ҳаял жүдә сулыў еди.
3 Даўыт ҳаялдың ким екенин билип келиў ушын, адам жиберди. Сол адам қайтып келип, ҳаялдың Элиамның қызы, хетт халқынан болған Урияның ҳаялы Бат-Шеба екенлигин айтты.
4 Даўыт ҳаялды алып келиў ушын хызметшилерин жиберди. Ҳаял Даўыттың алдына келди. Даўыт етек киринен енди тазаланған ҳаял менен жатты. Соңынан ҳаял үйине қайтты.
5 Ҳаял ҳәмиледар болып қалған еди. Сонлықтан ол Даўытқа: «Мен ҳәмиледарман», – деп хабар жиберди.
6 Сонда Даўыт Иоабқа: «Хетт халқынан болған Урияны маған жибер», – деген хабар жоллады. Иоаб Урияны Даўыттың алдына жиберди.
7 Урия алдына келгенде, Даўыт оннан Иоаб пенен әскерлердиң жағдайы ҳәм урыстың барысы ҳаққында сорады.
8 Соңынан Урияға: «Үйиңе барып, дем ал», – деди. Урия сарайдан шыққаннан соң, патша оның изинен сый жиберди.
9 Деген менен, Урия үйине қайтпай, патшаның барлық хызметшилери менен бирге сарай дәрўазасы алдында уйықлады.
10 Даўытқа Урияның үйине қайтпағаны ҳаққында хабар жеткенде, Даўыт Урияны шақыртып: – Сен узақ ўақыт сыртта болдың-ғо, неге үйиңе қайтпадың? – деп сорады.
11 Урия Даўытқа: – Қудайдың сандығы да, Израил ҳәм Яҳуда әскерлери де ордада қалды. Сәркәрдам Иоаб пенен сизиң адамларыңыз болса, қыр далада түнеп атыр. Солай екен, ишип-жеп, ҳаялым менен жатыў ушын, мен үйиме бара аламан ба? Алдыңызда ант ишип айтаман: мен ҳасла булай ислемеймен, – деп жуўап берди.
12 Сонда Даўыт Урияға: – Бүгин де усы жерде қал, ертең сени қайтарып жиберемен, – деди. Урия сол күни Ерусалимде қалды. Ертеңине
13 Даўыт Урияны шақырып алып, ишкизип-жегизди ҳәм оны мәс қылды. Бирақ кеште Урия және үйине бармай, патшаның хызметшилери менен бирге уйықлаў ушын бурынғы жатқан орнына барды.
14 Сонлықтан келеси күни азанда Даўыт Иоабқа бир хат жазып, оны Урияның қолына берип жиберди.
15 Ол хатта былай деп жазған еди: «Урияның жарадар болып өлиўи ушын, оны саўаштың ең қызған жерине қойып, бир өзин қалдыр».
16 Солай етип, Иоаб қаланы қоршап алғанда, душпанлардың мәрт әскерлериниң қай жерде туратуғынын билгенликтен, Урияны сол жерге қойды.
17 Қала халқы шығып, Иоабтың әскерлери менен саўашқа түсти. Саўашта Даўыттың әскерлеринен айырымлары қаза тапты. Қазаланғанлар арасында хетт халқынан болған Урия да бар еди.
18 Саўаштың барысы ҳаққында хабарлаў ушын, Иоаб Даўытқа адам жиберди.
19 Ол хабаршыға былай деп буйырды: «Сен саўаштың барысы ҳаққында патшаға жеткергениңде,
20 патша ғәзепленип, саған: „Олар менен урысыў ушын қалаға неге буншелли жақынластыңыз? Олардың қала дийўалынан оқ ататуғынын билмейтуғын ба едиңиз?
21 Еруббешеттиң улы Абимелехти қалай өлтиргенин билмейтуғын ба едиңиз? Тебесте бир ҳаял дийўалдан Абимелехтиң үстине дигирман тасын таслап жиберип, оны өлтиргени есиңизде жоқ па еди? Солай екен, неге дийўалға буншелли жақын бардыңлар?“ – дегенде, сен оған: „Хетт халқынан болған қулыңыз Урия да өлди“, – деп айтарсаң».
22 Хабаршы жолға шықты. Ол Даўытқа барғанда, Иоабтың өзине айтқанларының ҳәммесин оған жеткизип былай деди:
23 – Душпан бизлерден үстин шықты. Олар қаладан шығып, бизлер менен қыр далада урысты. Бирақ бизлер оларды қала дәрўазасына шекем қуўып бардық.
24 Сонда мергенлер сизиң адамларыңызға қарай дийўалдан оқ атты. Патшаның адамларының айырымлары қаза тапты, хетт халқынан болған қулыңыз Урия да қаза тапты.
25 Даўыт хабаршыға: – Иоабқа былай деп айт: «Болған ўақыяға қапа болма. Саўашта кимниң өлетуғынын билип болмайды. Қалаға қарсы ҳүжимди күшейтип, оны жер менен жексен қылыңлар». Усы сөзлерди айтып, оған жигер бер, – деди.
26 Урияның ҳаялы күйеўиниң қаза тапқанын еситип, ол ушын аза тутты.
27 Аза тутыў ўақты тамам болғанда, Даўыт ҳаялды сарайға алдырды. Ҳаял Даўытқа турмысқа шығып, оған бир ул туўып берди. Бирақ Даўыттың бул иси Жаратқан Ийеге унамады.