2 Патшалар 2 bob

Даўыттың Яҳудаға патша болыўы (1-7). Израил менен Яҳуда арасындағы саўаш (8-32).

1 Буннан кейин, Даўыт Жаратқан Ийеден: – Яҳуда қалаларының бирине барайын ба? – деп сорады. Жаратқан Ийе оған: – Бар, – деп жуўап берди. Даўыт Оннан: – Қай жерге барайын? – деп сорады. Жаратқан Ийе Даўытқа: – Хебронға бар, – деп жуўап берди.
2 Солай етип, Даўыт өзиниң еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл менен бирге сол жерге кетти.
3 Даўыт өзиниң жанындағы адамларын да хожалықлары менен бирге алып кетти. Олар Хебронның өзине ҳәм әтирапындағы қалаларға орналасты.
4 Сонда яҳудалылар Хебронға келип, Даўытты майлап, Яҳудаға патша етип қойды. Соңынан олар Даўытқа: «Ябеш-Гилад турғынлары Шаулдың денесин жерледи», – деди.
5 Даўыт Ябеш-Гилад турғынларына хабаршылар жиберип, оларға былай деди: «Мырзаңыз Шаулды жерлеп, оған көрсеткен садықлығыңыз ушын Жаратқан Ийе сизлерди жарылқасын!
6 Енди сизлерге Жаратқан Ийе мийрим-шәпәәтин ҳәм садықлығын көрсетсин. Бул исиңиз ушын, мен де сизлерге жақсылық қыламан.
7 Сонлықтан күшли ҳәм мәрт болыңлар! Мырзаңыз Шаул қайтыс болды. Ал Яҳуда халқы болса, мени майлап, өзлерине патша етип қойды».
8 Шаулдың сәркәрдасы Нер улы Абнер Шаулдың улы Иш-Бошетти* Маханайымға алып барды.
9 Ол жерде Абнер Иш-Бошетти Гиладтың, Ашердиң, Изреелдиң, Эфрайымның, Беняминниң ҳәм пүткил Израилдың үстинен патша етип тайынлады.
10 Шаулдың улы Иш-Бошет қырық жасында патша болып, Израилда еки жыл патшалық етти. Бирақ Яҳуда халқы Даўыт пенен бирге қалды.
11 Даўыт Хебронда Яҳуда халқына жети жыл алты ай патшалық етти.
12 Бир күни Нер улы Абнер Шаулдың улы Иш-Бошеттиң адамлары менен бирге Маханайымнан Гибонға кетти.
13 Ал Серуя улы Иоаб болса, Даўыттың адамлары менен барып, Гибон ҳаўызының жанында оларды қарсы алды. Усы еки топардың бири ҳаўыздың бир тәрепинде, екиншиси екинши тәрепинде отырды.
14 Сонда Абнер Иоабқа: – Жигитлер орынларынан турып, көз алдымызда алыссын, – деп усыныс қылды. Иоаб оған: – Мейли, алыса ғойсын, – деп келисим берди.
15 Солай етип, Бенямин урыўынан Шаулдың улы Иш-Бошет тәрептен он еки адам ҳәм Даўыт тәрептен он еки адам алдыға шықты.
16 Олардың ҳәр бири қарсыласының басынан услап алды да, бир-бириниң бүйирине қылыш шаншып, биргеликте жан тапсырды. Сонлықтан Гибондағы сол жерге Хелқат-Ҳассурим, яғный «Қылышлар майданы» деген ат берилди.
17 Сол күни саўаш жүдә қатал түс алып, Даўыттың адамлары Абнер менен израиллыларды жеңилиске ушыратты.
18 Серуяның үш улы: Иоаб, Абишай ҳәм Асаҳел де сол жерде еди. Асаҳел кийик сыяқлы шапқыр еди.
19 Ол изинен қалмай, Абнерди қуўалап кетти.
20 Сонда Абнер артына бурылып: – Асаҳел, бул сенбисең? – деп сорады. Асаҳел оған: – Аўа, бул мен, – деп жуўап берди.
21 Абнер оған: – Изимнен қуўыўды тоқтатып, жигитлердиң бирине ҳүжим қыл да, қурал-жарағын ал, – деди. Бирақ Асаҳелдиң Абнерди қуўыўды тоқтатқысы келмеди.
22 Сонда Абнер Асаҳелге және ескертип: «Мени қуўыўды тоқтат! Сени өлтириўимниң неге кереги бар? Соңынан туўысқаның Иоабтың жүзине қалай қарайман?» – деди.
23 Бирақ Асаҳел қуўыўды тоқтатпағанлықтан, Абнер найзасының артқы ушын Асаҳелдиң қарнына тығып жиберди. Найза Асаҳелдиң арқасын тесип шықты. Ол жерге жығыла сала, жан берди. Асаҳел жығылып өлген жерден өтип баратырғанлардың ҳәммеси сол жерде тоқтап қалды.
24 Ал Иоаб пенен Абишай Абнерди қуўыўды даўам етип, күн батқанда, Гибон шөлине кететуғын жолдағы Гиахтың қарсы алдындағы Амма төбешигине келди.
25 Бенямин урыўының адамлары Абнердиң изине ерип жыйналып, бир топарға бирлести ҳәм бир төбешиктиң басына шығып, сап тартып турды.
26 Абнер даўыслап бақырып, Иоабқа: – Қылышымыз мәңгиге инсанларды қырыўы керек пе? Ямаса сен буның ақыбетиниң қайғылы болатуғынын билмейсең бе? Әскерлериңе туўысқанларын қуўыўды тоқтатыўды қашан буйырасаң? – деди.
27 Иоаб Абнерге: – Тири Қудай ҳақы ант ишемен: егер өзиң айтпағаныңда, әскерлер ертең азанға шекем туўысқанларын қуўыўды тоқтатпаған болар еди, – деп жуўап берди.
28 Соңынан Иоаб кәрнай шертти ҳәм пүткил халық тоқтады. Кейин олар израиллыларды қуўмады да, олар менен урыспады да.
29 Абнер ҳәм оның адамлары түн бойы Иордан тегислиги бойлап жүрди. Олар Иордан дәрьясын кесип өтип, Битрон жолы арқалы Маханайымға қайтып барды.
30 Иоаб та Абнерди қуўыўды тоқтатып, қайтып келгеннен соң, ҳәмме адамларын жыйнады. Асаҳелден басқа, Даўыттың адамларынан және он тоғыз адам қазаланған болып шықты.
31 Бирақ Даўыттың адамлары Абнер тәрептеги Бенямин урыўының адамларынан үш жүз алпыс адамды өлтирген еди.
32 Иоаб ҳәм оның адамлары Асаҳелдиң денесин алып келип, Бейтлеҳемдеги әкесиниң қәбирине жерледи. Соңынан олар түн бойы жол жүрип, таң ата Хебронға жетип келди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.