2 Патшалар 5 bob

Даўыттың Израилға патша болыўы (1-16). Филистлердиң жеңилиске ушыраўы (17-25).

1 Израилдың барлық урыўлары Хебронда болған Даўытқа келип, былай деди: «Бизлер сизиң өз сүйегиңиз ҳәм өз етиңизбиз.
2 Бурын Шаул патша болған ўақытта да, саўашта Израилды өзиңиз баслап жүретуғын едиңиз. Жаратқан Ийе сизге: „Халқым Израилға сен шопанлық етип, оларға ҳүкимдар боласаң“, – деп ўәде берген еди».
3 Солай етип, Израилдың барлық ақсақаллары Хебронға, патша Даўыттың алдына келгенде, Даўыт Хебронда Жаратқан Ийениң алдында олар менен келисим дүзди. Олар да Даўытты майлап, Израилға патша етип қойды.
4 Даўыт отыз жасында патша болып, қырық жыл патшалық етти.
5 Ол Хебронда жети жыл алты ай Яҳуда үстинен, Ерусалимде отыз үш жыл пүткил Израил ҳәм Яҳуда үстинен патшалық етти.
6 Даўыт патша ҳәм оның адамлары Ерусалимде жасап атырған ебус халқына шабыўыл жасаў ушын жолға шыққанда, ебус халқы: «Даўыт бул жерге кире алмайды», – деп ойлап, Даўытқа: «Сен бул жерге кире алмайсаң. Соқырлар менен шолақлар-ақ сени қуўып салады», – деп бақырды.
7 Деген менен, Даўыт Сион қорғанын, кейин ала «Даўыттың қаласы» деп аталатуғын қорғанды қолға киргизди.
8 Сол күни Даўыт адамларына былай деди: «Ебус халқын жеңбекши болған ҳәр бир адам суў тармақлары арқалы барып, Даўытты жек көретуғын сол шолақ ҳәм соқыр ебусларды жоқ қылсын», – деди. Сонлықтан: «Соқырлар менен шолақлар сарайға кирмейди», – деген гәп қалған екен.
9 Буннан кейин, Даўыт қорған қалаға орналасып алды ҳәм оны «Даўыттың қаласы» деп атады. Ол қорғанның айнала дөгерегине Милло деген жерден баслап қосымша қорған қурды.
10 Даўыт күшке толып бара берди. Өйткени Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге еди.
11 Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге кедр ағашларын, ағаш усталарын ҳәм тас қалаўшы усталарды жиберди. Бул адамлар Даўыт ушын бир сарай қурды.
12 Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израилға патша етип тайынлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын даңққа еристиргенин түсинди.
13 Даўыт Хеброннан Ерусалимге келгеннен кейин де өзине және тоқаллар ҳәм ҳаяллар алып, олардан да ул ҳәм қызлар көрди.
14 Даўыттың Ерусалимде туўылған ул-қызларының атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман,
15 Ибхар, Элишуа, Нефег, Яфиа,
16 Элишама, Эляда ҳәм Элифелет.
17 Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт қорғанға кетти.
18 Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына жайласты.
19 Даўыт Жаратқан Ийеден: – Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады. Жаратқан Ийе Даўытқа: – Аўа, жүрис қыл. Оларды саған сөзсиз тәслим етемен, – деп жуўап берди.
20 Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Жаратқан Ийе де душпанларымды алдымда қыйратып таслады», – деди. Сол себепли бул жерге «Баал-Перасим» деген ат берилди.
21 Филистлер сол жерге өзлериниң бутларын таслап қашқан еди. Даўыт ҳәм оның адамлары сол бутларды алып кетти.
22 Буннан соң, филистлер және келип, Рефаим ойпатлығына жайласты.
23 Даўыт Жаратқан Ийеден қайта сорағанда, Жаратқан Ийе оған былай деп жуўап берди: «Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Олардың артынан айланып бар да, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл.
24 Тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, ҳәрекетке кирис. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан».
25 Даўыт Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гебадан Гезерге дейин қыйратып барды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.