2 Патшалар 8 bob
1 Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Даўыт филистлерди жеңип, оларды бойсындырды ҳәм филистлердиң қолынан Метег-Амма қаласын тартып алды.
2 Соңынан Моаб халқын да жеңилиске ушыратты. Оларды жерге қатара жатқызып, арқан менен өлшеди ҳәм еки өлшемди өлтирип, үшинши өлшемди тири қалдырды. Солай етип, моаблылар Даўытқа бағынышлы болып, оған салық төлейтуғын болды.
3 Даўыт Евфрат дәрьясына шекемги өз патшалығын қайта тиклемекши болып, сол жерге жүрис қылған Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезерди де жеңди.
4 Даўыт Ҳададезердиң бир мың жети жүз арбалы ҳәм жигирма мың пияда әскерин қолға алды. Ол саўаш арбасына жегилетуғын барлық атлардың тирсеклерин кесип майырып, оннан тек жүз атты ғана алып қалды.
5 Соңынан Даўыт Соба патшасы Ҳададезерге жәрдемге келген Дамаскте жасайтуғын арамлардан жигирма еки мың адамды өлтирди.
6 Ол Дамасктеги арамлардың жерине өзиниң сақшылар топарын орналастырды. Арамлар да Даўытқа бағынышлы болып, салық төлейтуғын болды. Жаратқан Ийе Даўытты барған жериниң ҳәммесинде жеңиске еристирди.
7 Даўыт Ҳададезердиң сәркәрдалары алып жүрген алтын қалқанларды алып, Ерусалимге әкелди.
8 Және де, ол Ҳададезердиң қол астындағы Бетах ҳәм Беротай қалаларынан көп муғдарда қола алды.
9 Хамат патшасы Той Даўыттың Ҳададезердиң пүткил әскерлерин жеңгенин еситти.
10 Патша Той Даўытқа сәлем бериў ҳәм оны саўашта Ҳададезер үстинен ерискен жеңиси менен қутлықлаў ушын, улы Иорамды оған жиберди. Себеби Той Ҳададезер менен узақ ўақыттан бери урысып киятырған еди. Иорам Даўытқа гүмис, алтын ҳәм қоладан исленген затларды саўғаға алып келди.
11 Даўыт патша бул саўғаларды басып алған еллеринен алып келген гүмис ҳәм алтынлар менен бирге Жаратқан Ийеге бағышлады.
12 Булар арам, моаб, аммон, филист ҳәм амалек халықларынан алып келинген, және де, Соба патшасы Рехоб улы Ҳададезерден тартып алынған гүмис ҳәм алтынлар еди.
13 Даўыт Дуз ойпатлығында эдом халқынан он сегиз мыңын өлтирип қайтқаннан соң, оның даңқы асты.
14 Ол Эдом аймағының ҳәмме жерине өз сақшылар топарын орналастырды. Пүткил эдомлар Даўытқа бағынышлы болды. Жаратқан Ийе Даўытты барған жериниң ҳәммесинде жеңиске еристирди.
15 Даўыт пүткил Израилда патшалық етип, халқына туўры ҳәм әдиллик пенен ҳүкимдарлық етти.
16 Серуя улы Иоаб сәркәрда, Ахилуд улы Еҳошафат жылнамашы еди.
17 Ахитуб улы Садоқ пенен Абиятар улы Ахимелех руўханий, Серая хаткер еди.
18 Еҳояда улы Беная керетлер менен пелетлерден алынған тән сақшылардың* басшысы еди. Ал Даўыттың уллары руўханийлер еди.