3 Патшалар 13 bob
1 Яробам қурбанлықты жағып түтетиў ушын қурбанлық орынның жанында турған ўақытта, Қудайдың адамы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳудадан Бейт-Элге келди.
2 Ол Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша, қурбанлық орынға қарата былай деп бақырды: «Қурбанлық орын, ҳәй, қурбанлық орын! Жаратқан Ийе былай дейди: „Даўыттың урпағынан Иошия деген бир ул дүньяға келеди. Ол қурбанлықты жағып түтетип, сыйыныў орынларында хызмет еткен руўханийлерди сениң үстиңде қурбанлыққа береди. Сениң үстиңде адамның сүйеклери жағылады“».
3 Сол күни Қудайдың адамы буның белгиси туўралы былай деди: «Бул сөзлерди Жаратқан Ийениң айтқанлығын билдиретуғын белги мынаў: мына қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилип кетеди».
4 Патша Яробам Қудайдың адамының Бейт-Элде қурбанлық орынға қарсы бақырып айтқан сөзлерин еситкенде, қолын қурбанлық орыннан алып, оған қарай созды да: «Услаңлар оны!» – деп бақырды. Сонда оның Қудайдың адамына қарай созған қолы сәррийип қатып, қыймылдамай қалды.
5 Қудайдың адамының Жаратқан Ийениң сөзине муўапық айтқан белгиси бойынша, қурбанлық орын қақ айырылып, үстиндеги күл төгилди.
6 Сол ўақытта патша Яробам Қудайдың адамына: «Өтинемен, қолымның бурынғы ҳалына келиўи ушын, Қудайың Жаратқан Ийеге дуўа етип, Оннан реҳим етиўди сора», – деди. Қудайдың адамы Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, патшаның қолы жазылып, бурынғы ҳалына келди.
7 Патша Қудайдың адамына: – Мениң менен үйиме барып, аўқатланып, ҳәлленип ал, саған сыйлар берейин, – деди.
8 Бирақ Қудайдың адамы оған: – Байлығыңыздың ярымын берсеңиз де, мен сиз бенен бирге бармайман, бул жерден нан да жемеймен, суў да ишпеймен.
9 Себеби Жаратқан Ийе маған: «Ол жерде ҳеш нәрсе ишип-жеме ҳәм барған жолың менен қайтпа», – деп буйрық берди, – деп жуўап берди.
10 Солай етип, Қудайдың адамы Бейт-Элге келген жолынан кери қайтпай, басқа жол менен кетти.
11 Бейт-Элде жасайтуғын бир ғарры пайғамбар бар еди. Уллары келип, оған сол күни Қудайдың адамының Бейт-Элде ислеген ислери ҳәм патшаға айтқанлары ҳаққында әкесине айтып берди.
12 Ғарры олардан: «Қудайдың адамы қайсы жолдан кетти?» – деп сорады. Уллары оған Яҳудадан келген Қудайдың адамының қайсы жолдан кеткенин көрсетти.
13 Сонда ғарры улларына: «Ешегимди ертлеңлер», – деди. Уллары ешегин ертлегеннен соң,ол ешекке минип,
14 Қудайдың адамының изинен кетти. Оны теребинф ағашының астында отырған жеринен тапты ҳәм оннан: – Яҳудадан келген Қудайдың адамы сенбисең? – деп сорады. Сол адам: – Аўа, мен, – деп жуўап берди.
15 Ғарры пайғамбар оған: – Жүр, мениң менен үйге барып, аўқат жеп кет, – деди.
16 Қудайдың адамы оған: – Жолымнан қайтып, сиз бенен кете алмайман. Бул жерде нан да жемеймен, суў да ишпеймен.
17 Өйткени Жаратқан Ийе маған: «Ол жерде ҳеш нәрсе ишип-жеме ҳәм барған жолың менен қайтпа», – деп буйрық берди, – деп жуўап берди.
18 Ғарры пайғамбар оған: – Мен де сен сыяқлы бир пайғамбарман. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша бир периште келип, маған: «Оны қайтарып, үйиңе әкел. Ол нан жеп, суў ишип алсын», – деп айтты, – деди. Бирақ ғарры пайғамбар Қудайдың адамын алдаған еди.
19 Солай етип, Қудайдың адамы ғарры пайғамбар менен бирге изине қайтты ҳәм оның үйине барып, ишип-жеди.
20 Олар еле дастурхан әтирапында отырғанда, Қудайдың адамын жолынан қайтарған пайғамбарға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
21 Ғарры пайғамбар Яҳудадан келген Қудайдың адамына былай деп бақырды: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен Мениң сөзиме бойсынбадың, Қудайың Жаратқан Ийениң өзиңе берген буйрығын орынламадың.
22 Жолыңнан қайтып, саған ишип-жеме деген жеримде ишип-жедиң. Сонлықтан сениң денең ата- бабаларыңның қәбирине қосылмайды“».
23 Қудайдың адамы ишип-жеп болғаннан соң, ғарры пайғамбар оның ешегин ертлеп берди.
24 Қудайдың адамы кетип баратырып, жолда бир арысланға тап болды, арыслан оны өлтирди. Ешек те, арыслан да созылып жатырған денениң жанында турған еди.
25 Жолдан өтип баратырғанлар жолда жатырған өликти ҳәм оның жанында турған арысланды көрди. Олар ғарры пайғамбар жасап атырған қалаға барып, көргенлерин айтып берди.
26 Қудайдың адамын жолдан қайтарған ғарры пайғамбар буны еситкенде: «Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбаған Қудайдың адамы сол болады. Сонлықтан Жаратқан Ийе Өз сөзи бойынша оған бир арысланды жиберди. Арыслан оны тилкимлеп өлтирди», – деди.
27 Ол улларына: «Ешегимди ертлеңлер», – деди. Олар ешекти ертледи.
28 Ғарры кетип, жолда жатырған денени таўып алды. Ешек пенен арыслан еле денениң жанында турған екен. Арыслан денени де жемеген, ешекке де тиймеген еди.
29 Ғарры пайғамбар Қудайдың адамының денесин көтерип алып, ешекке артты. Жоқлаў айтып жерлеў ушын, оны өз қаласына қайтарып алып келди.
30 Ғарры пайғамбар Қудайдың адамының денесин көтерип алып, ешекке артты. Жоқлаў айтып жерлеў ушын, оны өз қаласына қайтарып алып келди.
31 Қудайдың адамын жерлегеннен кейин, пайғамбар ғарры улларына былай деди: «Өлгенимнен кейин, мени Қудайдың адамының қәбирине қойың, сүйеклеримди де оның сүйеклериниң жанына қойың.
32 Себеби оның Бейт-Элдеги қурбанлық орын ҳәм Самария қалаларындағы барлық сыйыныў орынлары туўралы Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша айтқан сөзлери сөзсиз орынланады».
33 Бул ўақыядан кейин де, Яробам өзиниң жаман жолынан қайтпады. Ол халық арасынан қәлеген адамын сыйыныў орынларына руўханийлер етип қойыўын даўам етип, руўханий болыўды қәлеген ҳәр бир адамға хызмет берди.
34 Бул ислер Яробамның урпағының гүнаға батыўына ҳәм қырылып, жер бетинен жоқ болып кетиўине алып келди.