3 Патшалар 18 bob

Илияс пенен Обадия(1-15). Илияс Кармел таўында(16-40). Қурғақшылықтың тамам болыўы(41-46).

1 Арадан көп ўақытлар өткеннен соң, қурғақшылықтың үшинши жылында Жаратқан Ийеден Илиясқа: «Патша Ахабтың алдына барып, өзиңди көрсет. Мен жерге жаўын жаўдыражақпан», – деген сөз түсти.
2 Илияс Ахабтың алдына барыў ушын кетти. Сол ўақытта Самарияда күшли ашаршылық ҳүким сүрип турған еди.
3 Сонлықтан Ахаб сарай басқарыўшысы Обадияны шақырды. Обадия Жаратқан Ийеден қатты қорқатуғын еди.
4 Изабел Жаратқан Ийениң пайғамбарларын қырып таслаған ўақытта, Обадия жүз пайғамбарды алып кетип, елиў-елиўден үңгирлерге жасырды да, оларды нан ҳәм суў менен тәмийинлеп турған еди.
5 Ахаб Обадияға: «Үлке бойлап, барлық булақлар менен сайларды көрип шық. Бәлким, ат ҳәм ғашырларымызды бағыў ушын бир жерден от табылып, оларды аман сақлап қалармыз», – деди.
6 Олар айланып шығыў ушын, жерди бөлисип алғаннан соң, екеўи еки жаққа қарай жолға түсти.
7 Обадия кетип баратырып, жолда өзине қарай киятырған Илиясты көрди. Ол Илиясты танып, ет-бетинен жығылып, тәжим етип: – Мырзам Илияс, бул сизбисиз? – деди.
8 Илияс оған: – Аўа, бул мен. Мырзаңа барып: «Илияс усы жерде», – деп айт, – деди.
9 Бирақ Обадия Илиясқа былай деди: – Қулың болған мени өлтириў ушын Ахабтың қолына тапсыратуғындай, мен не гүна иследим?
10 Сизиң Қудайыңыз, тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: тақсырым сизди излеў ушын адам жибермеген бирде бир халық яки патшалық қалмады. Ол: «Илияс бул жерде жоқ», – деген ҳәр бир халық ҳәм патшалықларға сизди таба алмағаны ҳаққында ант иштирди.
11 Ал сиз болсаңыз, енди маған өзиңиздиң усы жерде екенлигиңизди мырзаңа айт деп атырсыз.
12 Мен сизиң жаныңыздан кетиўден-ақ, Жаратқан Ийениң Руўхы сизди мен билмейтуғын бир жерге алып барады. Мен барып, Ахабқа хабар бергенимде, ол келип, сизди таппай қалса, мени өлтиреди. Ал қулыңыз болған мен балалығымнан Жаратқан Ийеден қорқып жасап келдим.
13 Изабел Жаратқан Ийениң пайғамбарларын қырып таслап атырғанда, мениң не ислегенимнен, мырзам, сизиң хабарыңыз жоқ па? Мен Жаратқан Ийениң жүз пайғамбарын елиў-елиўден үңгирлерге жасырдым, оларды нан ҳәм суў менен тәмийинлеп турдым.
14 Енди сиз болсаңыз маған: «Мырзаңа барып: „Мине, Илияс усы жерде“, – деп айт», – дейсиз. Ол мени өлтиреди-ғо.
15 Илияс Обадияға: – Мен дәргайында турған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тирилиги ҳақы ант ишемен: мен бүгин сөзсиз оған ушырасаман, – деди.
16 Обадия Ахабқа барып, оны ўақыядан хабардар етти. Сонда Ахаб Илиясты қарсы алыўға кетти.
17 Ахаб Илиясты көргенде: – Ҳәй, Израилды бәлеге дуўшар еткен адам, бул сенбисең?! – деди.
18 Илияс оған былай деди: – Израилды бәлеге дуўшар еткен мен емес, ал Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынбай, Баалдың мүсинлерине хызмет етип, Израилды бәлеге дуўшар еткен сиз ҳәм сизиң үй-ишиңиз болады.
19 Енди барып, хабар жибериң: пүткил Израил халқы, Изабелдиң дастурханынан ишип- жейтуғын Баалдың төрт жүз елиў пайғамбары ҳәм Ашераның төрт жүз пайғамбары Кармел таўына, мениң жаныма жыйналсын.
20 Ахаб хабар жиберип, пүткил Израил халқын ҳәм пайғамбарларды Кармел таўына жыйнады.
21 Илияс халықтың алдына шығып: «Қашанға дейин, еки кемениң басын услап жүресиз? Егер Жаратқан Ийени Қудай деп билсеңиз, Оның изине ериң. Ал егер Баалды Қудай деп билсеңиз, онда оның изине ериң», – деди. Бирақ халық Илиясқа ҳеш қандай жуўап бермеди.
22 Илияс сөзин даўам етип былай деди: «Жаратқан Ийениң пайғамбарларынан жалғыз мен қалдым. Ал Баалдың төрт жүз елиў пайғамбары бар.
23 Бизлерге еки буға алып келиң. Биреўин Баалдың пайғамбарлары таңлап алып, сойсын ҳәм оны майдалап отынның үстине қойсын. Бирақ отынды жақпасын. Ал екинши буғаны мен сойып таярлап, отынның үстине қояман. Бирақ отынды жақпайман.
24 Кейин сизлер өз қудайыңыздың атын айтып шақырың, мен де Жаратқан Ийениң атын айтып шақыраман. Сонда кимниң Қудайы от арқалы жуўап берсе, сол – Қудай болады». Пүткил халық: «Яқшы, солай болсын», – деп жуўап берди.
25 Илияс Баалдың пайғамбарларына: «Сизлер көпсиз. Сонлықтан дәслеп сизлер буғаның биреўин таңлап алып, таярлаңлар ҳәм қудайыңыздың атын айтып шақырыңлар. Бирақ отынды жақпаңлар», – деди.
26 Олар өзлерине берилген буғаны алып, таярлағаннан соң, азаннан түске шекем: «Ҳәй Баал, бизлерге жуўап бер», – деп Баалдың атын айтып шақырды. Бирақ ҳеш бир даўыс та, жуўап та болмады. Сонда олар өзлери қурған қурбанлық орын әтирапында секире баслады.
27 Түс болғанда, Илияс: «Қатты бақырып, шақырың! Өйткени ол қудай-ғо. Бәлким, ол ойға шүмип кеткен, ямаса бир нәрсе менен бәнт шығар, яки сапарда шығар. Бәлким, уйықлап атырған болып, оны оятыў керек шығар», – деп олардың үстинен күле баслады.
28 Олар қатты бақырды. Дәстүрлери бойынша, өзлерине пышақ ҳәм найза суғып, қан ағызып, денелерин жарақатлады.
29 Олар түс аўғаннан баслап, кешки қурбанлық берилетуғын ўақытқа шекем жинлиленип бақыра берди. Бирақ саза да, белги де, жуўап та болмады.
30 Сонда Илияс пүткил халыққа: «Мениң жаныма келиңлер», – деди. Пүткил халық Илиястың жанына келди. Ол Жаратқан Ийениң бузылған қурбанлық орнын қайта тикледи.
31 Илияс Яқыптың улларынан келип шыққан урыўлардың саны бойынша он еки тас алды. Себеби Жаратқан Ийеден Яқыпқа: «Сениң атың Израил болады», – деген сөз түскен еди.
32 Илияс бул таслардан Жаратқан Ийениң атына арнап қурбанлық орын қурды ҳәм оның дөгерегине еки сеа дән сыятуғын ор қазды.
33 Соңынан отынларды қалады ҳәм буғаны бөлеклеп, отынның үстине қойды да: «Төрт гүзе суў әкелип, жандырылатуғын қурбанлық пенен отынның үстине қуйыңлар», – деди.
34 Кейин ол: «Және солай ислеңлер», – деди. Олар солай иследи. Кейин және: «Үшинши рет те солай ислеңлер», – деди. Олар үшинши рет те солай иследи.
35 Суў қурбанлық орынның дөгерегине ағып, ор да суўға толды.
36 Кеште, қурбанлық берилетуғын ўақытта, Илияс пайғамбар қурбанлық орынға жақынлап, былай деп дуўа етти: «Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Бүгин Израилда Өзиңниң Қудай екениңди, мениң де Сениң қулың екенимди ҳәм булардың ҳәммесин Сениң буйрықларың бойынша ислегенимди билдире гөр!
37 Жаратқан Ийе, мени еситип, маған жуўап бер. Бул халыққа Өзиңниң Қудай екениңди ҳәм олардың жүреклерин қайтадан Өзиңе қаратып атырғаныңды билдире гөр!»
38 Сол ўақытта Жаратқан Ийениң оты түсти. Түскен от жандырылатуғын қурбанлықты, отынды, тасларды ҳәм топырақты жандырып жиберип, ордағы суўды да жалмап кетти.
39 Пүткил халық буны көргенде, ет-бетинен жерге жығылып: «Жаратқан Ийе – Қудай, Жаратқан Ийе – Қудай!» – деп бақырысты.
40 Сонда Илияс оларға: «Баалдың пайғамбарларын услап алыңлар, ҳеш бири қашып кетпесин!», – деп буйырды. Олар услап алынды. Илияс оларды Кишон сайына алып барып, сол жерде өлтирди.
41 Буннан кейин, Илияс патша Ахабқа: «Барып, ишип-жең. Себеби күшли жаўынның даўысы еситилип тур», – деди.
42 Ахаб аўқатланыўға кетти. Илияс Кармел таўының төбесине шықты ҳәм басын еки дизесиниң арасына тығып, жерге қарап отырды.
43 Кейин хызметшисине: «Барып, теңиз тәрепке қара», – деди. Хызметшиси барып, теңизге қарады да: «Ҳеш нәрсе жоқ», – деди. Илияс хызметшисин жети рет теңиз тәрепке қарап келиў ушын жиберди.
44 Жетинши ретте хызметшиси: «Теңизден үлкенлиги адамның алақанындай бир булт көтерилип киятыр», – деди. Сонда Илияс: «Ахабқа барып айт, арбасын жегип тез қайтсын, жаўында қалып қоймасын», – деди.
45 Сол ўақытта, аспанды қалың булт қаплап, самал ести ҳәм нөсер жаўын жаўа баслады. Ахаб арбасына минди де, Изреелге кетти.
46 Жаратқан Ийениң қолы Илиястың үстинде болды. Ол белин беккем буўды да, Ахабтың алдына түсип, Изреелге шекем жуўырып барды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.