1 Жылнама 10 bob
1 Филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды.
2 Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Ионатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди.
3 Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол жарақатланды.
4 Шаул өз нөкерине: «Қылышыңды қынабынан суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, мени хорлайды», – деди. Бирақ нөкери қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады
5 Нөкери Шаулдың өлгенин көргенде, ол да қылышының үстине өзин таслап өлди.
6 Солай етип, Шаул менен оның үш улы да қаза тапты ҳәм пүткил шаңарағы олар менен бирге қурып кетти.
7 Ойпатлықта жасайтуғын барлық израиллылар Израил әскерлериниң қашқанын ҳәм Шаул менен оның улларының өлгенин көргенде, өз қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасып алды.
8 Келеси күни филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаулдың ҳәм оның улларының өлигин тапты.
9 Олар Шаулдың кийимлерин шешип, басын ҳәм қурал-жарақларын алды. Соңынан бул хабарды бутханаларына ҳәм халқына жеткериў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди.
10 Олар Шаулдың қурал- жарақларын өз қудайларының бутханасына қойып, басын Дагонның бутханасына илдирип қойды.
11 Гиладтағы пүткил Ябеш халқы филистлердиң Шаулға ислеген ҳәмме ислери ҳаққында еситкенде,
12 олардың барлық мәрт жаўынгерлери барып, Шаул менен оның улларының денесин Ябешке алып келди. Кейин олардың сүйеклерин Ябештеги теребинф ағашының астына көмип, жети күн ораза тутып, азалады.
13 Шаул Жаратқан Ийеге қыянет еткени ушын өлген еди. Ол Жаратқан Ийениң сөзине бойсынбай, ҳәтте, әрўақ шақырыўшыға да мәсләҳәт салды.
14 Ал Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады. Сол себепли Жаратқан Ийе Шаулды өлтирип, оның патшалығын Ишай улы Даўытқа берди.