1 Жылнама 14 bob
1 Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге сарай қурылысы ушын кедр ағашларын, тас қалаўшыларды ҳәм ағаш усталарын жиберди.
2 Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израил патшасы етип тастыйықлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын уллы даңққа еристиргенин түсинди.
3 Даўыт Ерусалимде және бир неше ҳаяллар алды ҳәм олардан да ул- қызлар көрди.
4 Даўыттың Ерусалимде туўылған перзентлериниң атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман,
5 Ибхар, Элишуа, Элпелет,
6 Ногаҳ, Нефег, Яфиа,
7 Элишама, Белияда, Элифелет.
8 Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт оларды қарсы алыўға шықты.
9 Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына шабыўыл жасады.
10 Даўыт Қудайдан: – Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? – деп сорады. Жаратқан Ийе: – Аўа, жүрис қыл. Оларды саған тәслим етемен, – деди.
11 Сонда Даўыт әскерлери менен бирге Баал-Перасимге кетти ҳәм ол жерде филистлерди қыйратты. Кейин ол: «Ҳәр бир бөгетти жайпап өтетуғын суў тасқыны сыяқлы, Қудай душпанларымды мениң қолым менен қыйратып таслады», – деди. Сол себептен ол жерге Баал-Перасим аты берилди.
12 Филистлер бутларын сол жерге таслап қашқан еди. Даўыттың буйрығы бойынша, бутлар жағып жиберилди.
13 Көп өтпей, филистлер қайтадан сол ойпатлыққа шабыўыл жасады.
14 Даўыт және Қудайдан сорады ҳәм Қудай оған былай деп жуўап берди: «Оларға бул жерден ҳүжим қылма. Оларды айланып өтип, арт жағынан, тут ағашлары тәрептен ҳүжим қыл.
15 Сен тут ағашларының жоқарысынан аяқ сеслери сыяқлы даўысты еситиўден-ақ, оларға ҳүжимге өт. Себеби сол ўақытта Мен сениң алдыңда филист ордасын қыйратыў ушын баратырған боламан».
16 Даўыт Қудайдың буйырғанындай қылды ҳәм филист ордасын Гибоннан Гезерге дейин қыйратып барды.
17 Солай етип, Даўыттың даңқы дөгеректеги еллердиң ҳәммесине жайылды. Жаратқан Ийе барлық халықларды оннан қорқатуғын қылды.