1 Жылнама 20 bob
1 Келеси жылы бәҳәрде, патшалар урысқа шығатуғын ўақытта, Иоаб әскерлерин баслап жолға шықты. Олар аммонлардың елин ўайран етип, Рабба қаласын қамал қылды. Бирақ Даўыт Ерусалимде қалған еди. Иоаб Рабба қаласына ҳүжим жасап, оны жер менен жексен етти.
2 Даўыт олардың патшасының басындағы тажды алды. Ҳасыл таслар менен безелген, аўырлығы бир талант келетуғын алтын таж Даўыттың басына кийгизилди. Даўыт қаладан көп муғдарда олжа да алып қайтты.
3 Ол қала халқын сыртқа шығарып, оларды жарғы, шөккиш ҳәм балта менен исленетуғын жумысларды ислеўге мәжбүр етти. Даўыт аммонлардың қалаларының ҳәммесинде усылай иследи. Буннан кейин, Даўыт пүткил әскерлерин ертип, Ерусалимге қайтты.
4 Бир қанша ўақыт өткеннен соң, Гезерде филистлер менен урыс басланды. Бул саўашта хушалы Сиббехай дәў әўладларынан болған Сиппайды өлтирди. Сонда филистлер бас ийди.
5 Филистлер менен болған басқа саўашта, Яир улы Элханан гатлы Голияттың туўысқаны Лахмийди өлтирди. Лахмийдиң найзасының сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай еди.
6 Кейинирек Гат қаласында және бир саўаш болып, ол жерде дәўдей бир адам бар еди. Оның қоллары ҳәм аяқлары алты бармақлы болып, ҳәммеси болып жигирма төрт бармағы бар еди. Ол да дәў әўладларынан еди.
7 Усы адам израиллыларды масқаралағанда, Даўыттың әжағасы Шимеаның улы Ионатан оны өлтирди.
8 Даўыт ҳәм оның адамлары тәрепинен өлтирилген усы адамлар да Гаттағы дәў әўладларынан еди.