1 Жылнама 27 bob

Ордадағы әскерий бөлимлер(1-15). Израил урыўларының көсемлери(16-24). Патшаның хызметкерлери(25-34).

1 Төменде Израил халқының әўлад басшылары, мыңбасылары, жүзбасылары ҳәм патшалық ислерин алып баратуғын олардың басқарыўшыларының дизими берилген. Олар ҳәр бири жигирма төрт мың адамнан ибарат болған, гезек пенен жылына бир ай хызмет ететуғын әскерий топарларға жуўапкер болды.
2 Биринши ай ушын қойылған биринши бөлимге Забдиел улы Яшобам басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
3 Яшобам Перестиң урпағынан болып, ол биринши айда хызмет ететуғын барлық әскербасыларға басшы болды,
4 Екинши ай ушын қойылған екинши бөлимге ахохлы Додай басшылық етти. Миклот оның сәркәрдасы болды. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
5 Үшинши ай ушын қойылған үшинши бөлимге руўханий Еҳояданың улы Беная басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
6 Отыз батырдың бири ҳәм отыз батырдың жетекшиси болған Беная усы еди. Оның улы Аммизабад та оның бөлиминде оған жәрдемши еди.
7 Отыз батырдың бири ҳәм отыз батырдың жетекшиси болған Беная усы еди. Оның улы Аммизабад та оның бөлиминде оған жәрдемши еди.
8 Бесинши ай ушын қойылған бесинши бөлимге израхлы Шамҳут басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
9 Алтыншы ай ушын қойылған алтыншы бөлимге теқоалы Иккеш улы Ира басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
10 Жетинши ай ушын қойылған жетинши бөлимге Эфрайым урыўынан пелонлы Хелес басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
11 Сегизинши ай ушын қойылған сегизинши бөлимге Зерах урпағынан хушалы Сиббехай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
12 Тоғызыншы ай ушын қойылған тоғызыншы бөлимге Бенямин урыўынан анатотлы Абиезер басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
13 Оныншы ай ушын қойылған оныншы бөлимге Зерах урпағынан нетофалы Маҳарай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
14 Он биринши ай ушын қойылған он биринши бөлимге Эфрайым урыўынан пиратонлы Беная басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
15 Он екинши ай ушын қойылған он екинши бөлимге Отниелдиң урпағынан нетофалы Хелдай басшылық етти. Оған тийисли бөлимде жигирма төрт мың адам бар еди.
16 Израил урыўларын басқаратуғын көсемлер мыналар болды: Рубен урыўын Зихрий улы Элиезер, Шимон урыўын Мааха улы Шефатия,
17 Лебий урыўын Кемуел улы Хашабия, Харонның урпақларын Садоқ,
18 Яҳуда урыўын Даўыттың әжағасы Элиҳу, Иссахар урыўын Михаил улы Омрий,
19 Зебулон урыўын Обадия улы Ишмая, Нафталий урыўын Азриел улы Еримот,
20 Эфрайым урыўын Азазия улы Ҳошеа, Менашше урыўының ярымын Педая улы Иоел,
21 Гиладтағы Менашше урыўының басқа ярымын Зехария улы Иддо, Бенямин урыўын Абнер улы Ясиел,
22 Дан урыўын Ерохам улы Азарел басқаратуғын болды. Израил урыўларының көсемлери усылар еди.
23 Даўыт жигирма ҳәм оннан төмен жастағыларды санамады. Себеби Жаратқан Ийе Израилды аспандағы жулдызлар киби көп қылыўға ўәде берген еди.
24 Серуя улы Иоаб та халықты санақтан өткериўди баслағаны менен, оны ақырына жеткермеген еди. Сол санақтың кесиринен Жаратқан Ийе Израилға ғәзебин шашқан еди. Сонлықтан санақтың нәтийжеси Даўыт патшаның жылнама китабына киргизилмеди.
25 Патшаға тийисли қазналарға қараў Адиел улы Азмаўетке, ал қала әтирапындағы, қалалардағы, аўыллардағы ҳәм минаралардағы қазналарға қараў Уззия улы Ионатанға тапсырылды
26 Егислик жерлерди тәрбиялайтуғын дийханларға Келуб улы Эзрий,
27 жүзим бағларына рамалы Шимей, жүзим бағларындағы шарап сақланатуғын орынларға шифамлы Забдий,
28 батыстағы таў етеклериндеги зәйтүн ҳәм жабайы әнжир ағашларына гедерли Баал-Ханан, зәйтүн майы сақланатуғын орынларға Иоаш,
29 Шаронда отлайтуғын малларға шаронлы Шитрай, ойпатлықларда бағылатуғын малларға Адлай улы Шафат,
30 түйелерге Исмайыл урпағынан Обил, ешеклерге меронотлы Ехдея,
31 майда малларға Ажар урпағынан Язиз жуўапкер еди. Булардың ҳәммеси Даўыт патшаның мал-мүлки үстинен қарайтуғын хызметкерлер еди.
32 Даўыттың әкесиниң туўысқаны Ионатан мәсләҳәтши болды. Ол дана мәсләҳәтши ҳәм хаткер еди. Хахмон улы Ехиел патшаның улларының тәрбияшысы болды.
33 Ахитофел патшаның мәсләҳәтшиси, ал Арк тийресинен болған Хушай патшаның досты еди
34 Ахитофелден кейин, оның орнын Беная улы Еҳояда менен Абиятар ийеледи. Иоаб патшаның ордасының сәркәрдасы еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.