Эзра 4 bob

Ибадатхананың қайта қурылыўына тосқынлық(1-5). Ерусалимниң тиклениўине соңғы қарсылық(6-23). Ибадатхана қурылысын қайтадан даўам еттириў(24).

1 Яҳуда ҳәм Бенямин урыўларының душпанлары сүргиннен қайтқанлардың Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхана қурып атырғанын еситти.
2 Олар Зеруббабелге ҳәм урыўбасыларға келип: – Бизлер де сизлер менен бирге қурылысқа қатнасайық. Себеби бизлер де сизлер сыяқлы Қудайыңызға сыйынамыз. Бизлерди усы жерге алып келген Ассирия патшасы Эсар-Хаддонның дәўиринен бери, Оған арнап қурбанлық берип келемиз, – деди.
3 Бирақ Зеруббабел, Ешуа ҳәм Израилдың басқа урыўбасылары оларға былай деп жуўап берди: – Қудайымызға арнап Ибадатхана қурыў ушын сизлердиң бизлер менен бирге қурылысқа қатнасыўға ҳақыңыз жоқ. Персия патшасы Кирдиң буйрығы бойынша, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап Ибадатхананы жалғыз өзимиз қурамыз.
4 Сонда сол жердеги халықлар Яҳуда халқын қорқытып, қурылыс исине тосқынлық жасаўға ҳәм истен қолын суўытыўға ҳәрекет етти.
5 Душпанлар кеңесшилерге пара берип, Персия патшасы Кирдиң пүткил ҳүкимдарлығы даўамында олардың жобаларына қарсылық қылып келди. Бул аўҳал Персия патшасы Дарийдиң патшалығына дейин даўам етти.
6 Жыллар өтип, Ахашўерош тахтқа отырып, оның патшалығы басланыўдан, душпанлар Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары үстинен шағым хат жазды.
7 Соңынан Персия патшасы Артаксеркстиң дәўиринде де Бишлам, Митредат, Табеел ҳәм олардың басқа жолдаслары патшаға хат жазды. Хат арамей тилинде жазылған болып, патшаға аўдарып берилди.
8 Патшаның найыбы Рехум менен хаткер Шимшайдың патша Артаксеркске Ерусалимди қаралап жазған хатының мазмуны мынадай еди:
9 «Патшаның найыбы Рехум, хаткер Шимшай ҳәм олардың басқа жолдаслары: Триполис, Персия, Эрех ҳәм Бабилон турғынларынан ҳәм Суза қаласының, яғный элам халқының бийлери ҳәм ҳәмелдарларынан,
10 және де, уллы ҳәм қүдиретли Аснаппар тутқын етип әкелип, Самария қалаларына ҳәм Евфраттың арғы тәрепине қонысландырған халықлардан».
11 Олар жиберген хаттың нусқасы мынадай еди: «Патша Артаксеркске Евфрат дәрьясының арғы тәрепинде жасайтуғын хызметшилеринен.
12 Патшаға мынаны мәлим етпекшимиз: сизиң қол астыңыздан шығып, бизге, Ерусалимге келген яҳудийлер қозғалаңшы ҳәм жаўыз қаланы қайта қура баслады. Олар дийўалларды тиклеп, имаратлардың тийкарларын дүзетип атыр.
13 Және мынаны да мәлим етпекшимиз: егер усы қала қурылып, оның дийўаллары қайта тикленип болынса, онда олар салғырт, салық ҳәм бажы пулларын төлемей қояды. Нәтийжеде патша қазнасына зыян келеди.
14 Патша сарайының дузына өзлеримиз де шерик болғанымыз себепли ҳәм патшамыздың зыянға ушыраўына қарап тура алмайтуғын болғанлықтан, хат жиберип, патшаны хабардар қылып қоймақшымыз.
15 Егер ата-бабаларыңыздың жылнама китабынан излетсеңиз, жазбаларда бул қаланың қозғалаңшы, патшалар ҳәм ўәлаятлар ушын қәўипли болғанын көресиз. Бул қала әзелден қозғалаңның ошағы болғанлықтан, ўайран етилген.
16 Усы себепли патшаға мәлим етемиз: егер усы қала қайта тикленип, дийўаллары қайта қурылса, онда дәрьяның арғы жағындағы ийеликлериңизден де айырыласыз».
17 Патша мынадай жуўап жиберди: «Найып Рехумға, хаткер Шимшайға, Самарияда ҳәм дәрьяның арғы тәрепинде жасайтуғын олардың басқа жолдасларына сәлем!
18 Сизлердиң бизлерге жиберген хатыңыз мениң алдымда оқылып, аўдарылды.
19 Мениң буйрығым менен излеў алып барылды ҳәм бул қаланың әзелден патшаларға қарсы бас көтерип келгени, қозғалаң ҳәм бүлгиншиликтиң мәканы болғаны тастыйықланды.
20 Ерусалимде Евфрат дәрьясының арғы тәрепиндеги пүткил жерлерди ийелеп, олардан салғырт, салық ҳәм бажы пулларын өндирген қүдиретли патшалар жасаған екен.
21 Сонлықтан сол адамлардың исти тоқтатыўы ушын буйрық бер. Мен буйрық бермегенше, қаланы қайта қурмасын.
22 Абайлы болыңлар, итибарсызлық етпеңлер. Патшаға зәлел келтиретуғын зыянлы истиң көбейиўине жол қоймаңлар».
23 Патша Артаксеркстиң бул хаты Рехум, хаткер Шимшай ҳәм олардың жолдасларының алдында оқылыўдан, олар асығыс Ерусалимге, яҳудийлердиң жанына барды ҳәм әскерий күш пенен жумысты тоқтатыўға мәжбүр қылды.
24 Солай етип, Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасының қурылысы тоқтап қалып, Персия патшасы Дарийдиң патшалығының екинши жылына шекем ҳәрекетсиз турды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.