Нехемия 10 bob

1 Миннетлемеге мөр басқанлар мыналар еди: Хахалия улы ҳәким Нехемия ҳәм Седекия.
2 Руўханийлер: Серая, Азария, Еремия,
3 Пашхур, Амария, Малкия,
4 Хаттуш, Шебания, Маллух,
5 Харим, Меремот, Обадия,
6 Даниел, Гиннетон, Барух,
7 Мешуллам, Абия, Миямин,
8 Маазия, Билгай, Шемая.
9 Лебийлилер: Азания улы Ешуа, Хенадад урпақларынан Биннуй, Қадмиел,
10 олардың туўысқанлары: Шебания, Ҳодия, Келита, Пелая, Ханан,
11 Миха, Рехоб, Хашабия,
12 Заккур, Шеребия, Шебания,
13 Ҳодия, Баний, Бенину,
14 Халық басшылары: Парош, Пахат-Моаб, Элам, Затту, Баний,
15 Бунний, Азгад, Бебай,
16 Адония, Бигўай, Адин,
17 Атер, Хизкия, Аззур,
18 Ҳодия, Хашум, Бетсай,
19 Хариф, Анатот, Небай,
20 Магпиаш, Мешуллам, Хезир,
21 Мешезабел, Садоқ, Яддуа,
22 Пелатия, Ханан, Аная,
23 Ҳошеа, Ханания, Хашшуб,
24 Ҳаллохеш, Пилха, Шобек,
25 Рехум, Хашабна, Маасея,
26 Ахия, Ханан, Анан,
27 Маллух, Харим, Баана.
28 Қалған халықтың ҳәммеси: руўханийлер, лебийлилер, дәрўаза қараўыллары менен Ибадатхана хызметшилери, қосықшылар, Қудайдың Нызамына муўапық басқа халықлардан бөлекленген ҳәр бир адам ҳаяллары ҳәм оқылғанды түсине алатуғын ул-қызлары менен бирге
29 өз туўысқанларына, яғный ақсүйеклерге қосылып былай деп ант ишти: «Бизлер Қудайдың Өз қулы Муўса арқалы берген Нызамы бойынша жасаймыз, Ийемиз болған Жаратқан Ийениң барлық буйрықларына, нызам ҳәм қағыйдаларына толық бойсынамыз. Ал бойсынбағанларға нәлет жаўсын!
30 Әтирапымыздағы халықлар менен қыз алып, қыз бериспеймиз.
31 Егер әтираптағы халықлар Шаббат күни қандай да бир затын ямаса бийдайын сатыў ушын алып келсе, олардан Шаббат күни ямаса қандай да бир мухаддес күнде зат сатып алмаймыз. Ҳәр жети жылдың жетинши жылында бир рет жерди сүрмеймиз ҳәм қарызларымыздан кешемиз.
32 Қудайымыздың Ибадатханасындағы хызмет ушын жылына шекелдиң үштен бирин бериў миннетлемесин өзимизге аламыз.
33 Бул ақша усынылған нанлар, күнделикли ғәлле садақалары, күнделикли жандырылатуғын қурбанлықлар, Шаббат күни, Жаңа ай байрамлары, белгиленген байрамлар, мухаддес садақалар, Израил урпақларының гүнасын кешириў ушын берилетуғын қурбанлықлар ҳәм Қудайымыздың Ибадатханасындағы басқа ислер ушын жумсалады.
34 Бизлер – руўханийлер, лебийлилер ҳәм халық биргеликте шек таслаймыз. Ол арқалы Нызамда жазылғанына муўапық, Қудайымыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жағылатуғын отынды ҳәр жылы белгиленген ўақытта Қудайымыздың Ибадатханасына қайсы әўладтың алып келетуғынын белгилеп аламыз.
35 Ҳәр жылы егинимиздиң ҳәм ҳәр бир мийўе ағашымыздың биринши өнимин Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келемиз.
36 Нызамда жазылғанындай, туңғыш улларымызды, малларымыздың биринши төллерин, сондай-ақ ири ҳәм майда малларымыздың биринши төллерин Қудайымыздың Ибадатханасына, сол жерде хызмет етип атырған руўханийлерге алып келемиз.
37 Және дәслепки тартылған уннан ийленген қамырымызды, басқа өнимлеримизден берилетуғын садақалардың, барлық мийўе ағашларымыздың мийўелериниң, шараптың ҳәм зәйтүн майының дәслепки өнимлерин Қудайымыздың Ибадатханасындағы затлар сақланатуғын бөлмеге қосыў ушын руўханийлерге беремиз. Ал жеримизден өнген өнимнен берилетуғын үсирди лебийлилерге беремиз. Себеби дийханшылық пенен шуғылланатуғын ҳәмме қалалардан алынатуғын үсирди лебийлилер жыйнайды.
38 Лебийлилер үсир жыйнап атырғанда, Харон урпағынан болған бир руўханий олардың қасында болады. Лебийлилер өзлери жыйнаған үсирден оннан бирин Қудайдың Ибадатханасындағы затлар сақланатуғын бөлмеге береди.
39 Израил халқы ҳәм лебийлилер бийдайдан, жаңа шараптан, зәйтүн майынан берилетуғын садақаларды сол затлар сақланатуғын бөлмелерге алып келеди. Ол жерде Мухаддесхана буйымлары сақланады. Сондай-ақ руўханийлер, дәрўаза қараўыллары ҳәм қосықшылар хызмет ўақтында сол жерде болады. Бизлер Қудайымыздың Ибадатханасын қараўсыз қалдырмаймыз».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.