Нехемия 12 bob
1 Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм бас руўханий Ешуа менен бирге сүргиннен қайтып келген руўханийлер менен лебийлилер мыналар еди: Руўханийлер: Серая, Еремия, Эзра,
2 Амария, Маллух, Хаттуш,
3 Шекания, Рехум, Меремот,
4 Иддо, Гиннетон, Абия,
5 Миямин, Маадия, Билга,
6 Шемая, Иояриб, Едая,
7 Саллу, Амоқ, Хилкия, Едая. Булар Ешуаның дәўиринде өзлериниң изиндеги барлық руўханийлерге басшылық еткен еди.
8 Лебийлилер: Ешуа, Биннуй, Қадмиел, Шеребия, Яҳуда ҳәм Маттания. Маттания өз туўысқанлары менен бирге тәрийиплеў қосықларын алып барыў исине жуўапкер еди.
9 Ал олардың туўысқанлары Бақбуқыя менен Унний хызмет ўақтында олардың қарсы алдында туратуғын еди.
10 Бас руўханий болған Ешуа Иоякимниң әкеси еди. Иояким Эляшибтиң әкеси, Эляшиб Иояданың әкеси,
11 Иояда Ионатанның әкеси, Ионатан Яддуаның әкеси еди.
12 Бас руўханий Иояким дәўиринде әўлад басшылары болған руўханийлер мыналар еди: Серая нәсилинен Мерая, Еремия нәсилинен Ханания,
13 Эзра нәсилинен Мешуллам, Амария нәсилинен Еҳоханан,
14 Малихий нәсилинен Ионатан, Шебания нәсилинен Юсуп,
15 Харим нәсилинен Адна, Мерайот нәсилинен Хелқай,
16 Иддо нәсилинен Зехария, Гиннетон нәсилинен Мешуллам,
17 Абия нәсилинен Зихрий, Минямин нәсилинен бир басшы, Моадия нәсилинен Пилтай,
18 Билга нәсилинен Шаммуа, Шемая нәсилинен Еҳонатан,
19 Иояриб нәсилинен Маттенай, Едая нәсилинен Уззий,
20 Саллай нәсилинен Қаллай, Амоқ нәсилинен Эбер,
21 Хилкия нәсилинен Хашабия, Едая нәсилинен Нетанел.
22 Бас руўханийлер болған Эляшиб, Иояда, Юханан ҳәм Яддуаның ўақтында, Персия патшасы Дарийдиң ҳүкимдарлығы дәўиринде, лебийли әўлад басшыларының ҳәм руўханийлердиң дизими жазып қойылды.
23 Эляшиб улы Юхананның заманына дейинги лебийли әўлад басшыларының дизими жылнама китабына жазылды.
24 Лебийли басшылардан Хашабия, Шеребия ҳәм Қадмиел улы Ешуа бир тәрепте, олардың туўысқанлары қарсы тәрепте турып, Қудайдың адамы болған Даўыттың көрсетпесине муўапық, гезекпе-гезек алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еди.
25 Маттания, Бақбуқыя, Обадия, Мешуллам, Талмон ҳәм Аққуб нәўбет пенен дәрўаза қараўыллары болып, Ибадатхана дәрўазасының ишиндеги затлар сақланатуғын бөлмелерди қараўыллайтуғын еди.
26 Олар Иосадақтың ақлығы, Ешуаның улы Иояким, ҳәким Нехемия, улама ҳәм руўханий Эзра жасаған дәўирде хызмет етти.
27 Ерусалимниң жаңа дийўалларын Қудайға бағышлаў рәсимин өткериў ушын, ҳәмме жерде жасап атырған лебийлилер Ерусалимге шақыртылды. Олар тәрийиплеў қосықларын айтып, кимбал, арфа ҳәм лиралар шертип, оны қуўанышлы түрде өткериўи тийис еди.
28 Қосықшылар Ерусалимниң әтирапындағы үлкелерден, нетофалылардың аўылларынан,
29 Бейт- Гилгалдан ҳәм Геба менен Азмаўет жерлеринен келди. Себеби қосықшылар Ерусалим әтирапынан өзлери ушын аўыллар қурып алған еди.
30 Руўханийлер менен лебийлилер дәслеп өзлерин пәклеў рәсиминен өткерди, соңынан халықты, дәрўазаларды ҳәм дийўалды пәкледи.
31 Сонда мен Яҳуда басшыларын дийўалдың үстине шығардым ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын үлкен еки топарды тайынладым. Олардың биреўи дийўалдың оң тәрепи бойлап, Тезек дәрўазасына қарай жүрди.
32 Олардың изинен Ҳошая ҳәм Яҳуда басшыларының ярымы,
33 Азария, Эзра, Мешуллам,
34 Яҳуда, Бенямин, Шемая, Еремия,
35 ҳәм кәрнай шерткен бир неше руўханийлер жүрди. Олардан бири Ионатан улы Зехария болып, Ионатан Шемая улы, Шемая Маттания улы, Маттания Михая улы, Михая Заккур улы, Заккур Асаф улы еди.
36 Зехарияның туўысқанлары Шемая, Азарел, Милалай, Гилалай, Маай, Нетанел, Яҳуда ҳәм Хананий Қудайдың адамы болған Даўыттың саз әсбапларына уқсаған әсбапларды шертип жүрди. Олардың алдында улама Эзра жүрди.
37 Олар Булақ дәрўазасынан өтип, Даўыттың қаласының дийўалына қарай көтерилетуғын текшелер арқалы Даўыттың сарайының үстинги тәрепинен кесип өтип, шығыс тәрептеги Суў дәрўазасына қарай кетти.
38 Тәрийиплеў қосықларын айтатуғын екинши топар дийўалдың үсти бойлап, шеп тәрепке қарай жүрди. Мен де халықтың ярымы менен бирге олардың изине ердим. Бизлер Тандырлар минарасынан өтип, Кең дийўалға қарай жүрдик.
39 Эфрайым дәрўазасын, Ешана дәрўазасын, Балық дәрўазасын, Хананел минарасын, Жүзлик минарасын ҳәм Қой дәрўазасын басып өтип, Сақшылар дәрўазасына келип тоқтадық.
40 Кейин тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еки топар Қудайдың Ибадатханасындағы өзлериниң орнында турды. Мен де, мениң жанымда болған басшылардың ярымы да сол жерде турды.
41 Руўханийлер: Эляким, Маасея, Минямин, Михая, Элйоенай, Зехария, Ханания жанымда кәрнай шертип жүрди.
42 Және де, Маасея, Шемая, Элазар, Уззий, Еҳоханан, Малкия, Элам ҳәм Эзер де бар еди. Қосықшылар Израхияның басшылығында бақырып қосық айтты.
43 Сол күни көп қурбанлықлар берилди. Халық шадлыққа бөленди, себеби Қудай оларға үлкен қуўаныш сыйлаған еди. Ҳаяллар да, балалар да шадлыққа бөленди, Ерусалимниң шадлығы узақ- узақларға еситилип турды.
44 Сол күни берилген садақалар, дәслепки өнимлер ҳәм үсирлер сақланатуғын бөлмелер үстинен жуўапкер адамлар хызметке қойылды. Ҳәмме яҳудалылардың руўханийлер менен лебийлилердиң хызметинен кеўли тоқ болғанлықтан, Нызам бойынша қалалардың әтирапындағы егислик жерлерден жыйналатуғын, руўханийлер менен лебийлилерге арналған үлеслер усы бөлмелерге алып келинди.
45 Руўханийлер менен лебийлилер өзлериниң Қудайының хызметин ҳәм пәклеў хызметин алып барды. Қосықшылар менен дәрўаза қараўыллары да Даўыттың ҳәм оның улы Сулайманның көрсетпеси бойынша өз хызметлерин атқарды.
46 Өйткени бурыннан Даўыт пенен Асафтың дәўиринде қосықшыларға жетекши қойылған болып, Қудайға арнап алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еди.
47 Зеруббабелдиң ҳәм Нехемияның заманында пүткил Израил халқы қосықшылар менен қараўылларды күнделикли азық- аўқат пенен тәмийинлеп турды. Халық лебийлилерге өз үлеслерин айырып берди, лебийлилер де Харон урпақларына, яғный руўханийлерге тийислисин ажыратып берди.