Нехемия 4 bob

Қайта қурыў исине қарсы шыққанлар(1-23). 

1 Санбаллат бизлердиң дийўалды қайта қурып атырғанымызды еситкенде, қаны қайнап, ғәзепке минди ҳәм яҳудийлерди масқаралай баслады.
2 Ол өз шериклери менен Самария ләшкерлери алдында былай деди: «Мына бийшара яҳудийлер не ислеп атыр? Ырасында да, олар өз дийўалын қайта тиклемекши ме? Ырасында да, олар қурбанлық бермекши ме? Булар не, бир күн ишинде қурылысты питкермекши ме? Ырасында да, олар жанып, үйилген шығындыға айланған тасларды жанландырмақшы ма?»
3 Санбаллаттың жанында турған аммон халқынан болған Тобия да: «Қурып атырған дийўалына қараңлар! Егер бир түлки келип үстине минсе, тас дийўалы тас-талқан болады», – деди.
4 Сонда мен былай деп дуўа еттим: «Қудайымыз, бизлерге қулақ сал! Бизлер хорланып атырмыз. Олардың бизлерге көрсеткен хорлығын өзлериниң басына жаўдыр ҳәм олар да тутқын болып, жат елде таланатуғын болсын.
5 Олардың айыпларын жаўып, гүналарын кеширип, көз алдыңнан өширип таслай гөрме! Себеби олар қурылысшылардың арына тийди».
6 Деген менен, бизлер дийўал қурылысын даўам еттик. Халық бар ықласы менен ислегенликтен, пүткил дийўалды оның ярымына дейин тикледик.
7 Бирақ Санбаллат, Тобия, араблар, аммонлар ҳәм ашдодлылар Ерусалим дийўалларының тиклениў ислериниң алға илгерилеп, бузылған жерлериниң пителип атырғанын еситкенде, қатты ашыўланды.
8 Олар ҳәммеси бирге келип, Ерусалимге қарсы урыс ашыўға ҳәм ол жерде тәртипсизликти келтирип шығарыўға келисип алды.
9 Сонда бизлер Қудайымызға дуўа етип, олардан қорғаныў ушын күни-түни сақшылар қойдық.
10 Бирақ яҳудалылар тоңқылдап: «Жүк тасыўшылар ҳалдан тайды, Шығынды болса жүдә көп. Сонлықтан өз күшимиз бенен Дийўалды қайта қура алмаймыз», – деди.
11 Ал душпанларымыз болса: «Бизлерди билип, көрип қоймасынан бурын араларына кирип алып, оларды өлтирейик ҳәм исти тоқтатайық», – деп атыр.
12 Олардың жанында жасайтуғын яҳудийлер келип, бизлерге: «Олар ҳәр тәрептен сизлерге бастырып келмекши», – деп он мәртелеп айтты.
13 Сол себепли дийўалдың ең пәс, ашық жерлериниң артына қылыш, найза ҳәм оқ жай менен қуралланған адамларды тийрелери бойынша орналастырдым.
14 Буларды көрип шыққаннан соң, ақсүйеклерге, басшыларға ҳәм пүткил халыққа: «Олардан қорқпаңлар. Уллы ҳәм айбатлы Ийемизди еске алыңлар. Туўысқанларыңыз, ул-қызларыңыз, ҳаялларыңыз ҳәм үйлериңиз ушын урысыңлар», – дедим/
15 Өзлериниң нийетлеринен хабардар екенимиз ҳәм Қудай оларды пушқа шығарғаны душпанларымыздың қулағына жетип барды. Сонда бизлер ҳәммемиз дийўалға, ҳәр биримиз өз исимизге қайттық.
16 Сол күннен баслап, адамларымның ярымы қурылыста иследи, ярымы найза, қалқан, оқ жай услап, саўыт кийди.
17 Ал басшылар дийўал қурып атырған пүткил Яҳуда халқының артында турды. Дийўал қурыўшылар ҳәм жүк тасыўшылар бир қолы менен жумыс ислеп, екинши қолына қуралын алып жүрди.
18 Ҳәр бир қурылысшы белине қылышын байлап алып, жумыс иследи. Кәрнай шертетуғынлар мениң жанымда жүрди.
19 Мен ақсүйеклерге, басшыларға ҳәм пүткил халыққа былай дедим: «Жумыс көлеми үлкен ҳәм кең. Бизлер дийўал бойлап жайылып кетип, бир-биримизден узақласып баратырмыз.
20 Сонлықтан қай жерден кәрнай сестин еситсеңиз, сол жерге, қасымызға жыйналыңлар. Қудайымыз бизлер ушын урысады».
21 Бизлер жумысты азанда ерте, күн шыққанда баслап, кеште кеш, жулдызлар шыққанда тамамладық. Адамлардың ярымы бәрқулла сақшылықта турды.
22 Сол ўақытлары мен халыққа және: «Ҳәр бир адам өз хызметшилери менен бирге Ерусалимде түнесин. Олар түнде қараўыллықта турып, күндиз жумыс ислесин», – дедим.
23 Мен де, туўысқанларым да, хызметшилерим де, жанымдағы қараўыллар да, ҳеш биримиз кийимлеримизди шешпедик. Ҳәр бир адамның қуралы қолында болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.