Эстер 4 bob
1 Мордохай болған ислердиң ҳәммесинен хабар тапқанда кийимлерин жыртып, аза кийимин кийди ҳәм басына күл шашып, дад салып бақырып жылаўы менен қала ортасына келди.
2 Ол барып, сарай дәрўазасының алдында турды, өйткени аза кийиминдеги ҳеш бир адамды сарайға киргизбейтуғын еди.
3 Сондай-ақ патшаның буйрығы ҳәм пәрманы жетип барған ҳәр бир ўәлаятта яҳудийлер уллы қайғыға батып, ораза тутты ҳәм дад салып жыласты. Көпшилиги аза кийимин кийип, күлдиң үстинде жатты.
4 Ханбийке Эстердиң қәнизеклери ҳәм ақталары келип, Мордохай туўралы хабар бергенде, Эстер қатты тынышсызланды. Үстиндеги аза кийимлерин шешип, мыналарды кийип алсын деп, ол Мордохайға кийимлер жиберди. Бирақ Мордохай оларды қабыл етпеди.
5 Эстер өзине патша тәрепинен хызметши етип тайынланған Ҳатах деген ақтасын шақыртып алып, оған Мордохайға не болғанын билип келиўди буйырды.
6 Ҳатах патша сарайының дәрўазасы алдындағы ашық майданға, Мордохайдың жанына кетти.
7 Мордохай оған басына түскен ҳәмме нәрсени ҳәм Ҳаманның яҳудийлерди қырып таслаў ушын патша қазнасына қанша гүмис бериўди ўәде еткенин де айтып берди.
8 Кейин Мордохай яҳудийлерди қырып таслаў ҳаққында Сузада жәрияланған пәрманның бир көширмесин Ҳатахқа берип: «Эстерге мынаны көрсетип, оған ҳәммесин түсиндир. Эстер патшаға барсын ҳәм оннан өз халқына реҳим етиўди жалбарынып сорасын», – деп тапсырды.
9 Ҳатах қайтып келип, Мордохайдың айтқанларын Эстерге жеткизди.
10 Эстер Ҳатахты Мордохайға және жиберип, мына сөзлерди жеткизиўди буйырды:
11 «Сарайдың ишки ҳәўлисине, патшаның алдына шақырылмастан кирген ҳәр бир адамды, оның еркек ямаса ҳаял болыўына қарамастан, тек бир жаза, яғный өлим жазасы күтеди. Бул ҳаққында патшаның ҳәмме хызметшилери де, оның қол астындағы ўәлаятлардың халықлары да биледи. Тек патша кимге өзиниң алтын ҳасасын созса, сол адам ғана тири қалады. Мен де патшаның алдына отыз күннен бери шақырылған жоқпан».
12 Ҳатах Эстердиң бул сөзлерин Мордохайға жеткизгенде,
13 Мордохай Эстерге мына жуўапты қайтарды: «Сарайда жасағаным ушын пүткил яҳудийлер ишинде жалғыз өзим аман қаламан, деп ойлама.
14 Егер сен ҳәзир үндемей қалсаң, яҳудийлерге жәрдем ҳәм қутқарылыў басқа жақтан келеди. Ал сен ҳәм сениң әкеңниң үй-иши набыт боласызлар. Ким биледи, бәлким, усындай күнлер ушын сен ханбийке болыў мәртебесине ерискен шығарсаң».
15 Эстер де Мордохайға мына жуўапты қайтарды:
16 «Барып, Сузадағы барлық яҳудийлерди жыйнап, мен ушын ораза тутыңлар. Үш күн ҳәм үш түн ҳеш нәрсе ишип-жемеңлер. Мен де өз қәнизеклерим менен сизлер сыяқлы ораза тутаман, соңынан бул нызамға қарсы болса да, патшаның алдына бараман. Егер мен өлиўге тийисли болсам, өлемен».
17 Солай етип, Мордохай сол жерден кетип, Эстердиң өзине буйырғанларының ҳәммесин орынлады.