Эстер 6 bob

Мордохайға ҳүрмет көрсетилиўи(1-14). 

1 Сол түни патша Ахашўероштың уйқысы қашты. Ол жылнама китабын әкелиўди буйырды ҳәм китап патшаға оқып берилди.
2 Оннан дәрўаза сақшылары болған Бигтан ҳәм Тереш деген еки ақтаның патша Ахашўерошты өлтириўди режелестиргени, буны Мордохайдың билип қалғаны ҳәм хабарлағаны туўралы жазылған сөзлер табылды.
3 Патша: – Бул иси ушын Мордохайға қандай ҳүрмет-иззет көрсетилди? – деп сорады. Патшаның арнаўлы хызметшилери: – Оған ҳеш нәрсе де исленбеди, – деп жуўап берди.
4 Сонда патша: – Ҳәўлиде ким бар? – деп сорады. Таярлатып қойған дарына Мордохайды астырыўды патшадан сораў ушын, Ҳаман тап сол ўақытта сарайдың сыртқы ҳәўлисине келген еди.
5 Хызметшилери патшаға: – Ҳәўлиде Ҳаман күтип турыпты, – деп жуўап берди. – Ишке кирсин, – деди патша.
6 Ҳаман ишке киргенде, патша оннан: – Патша ҳүрмет көрсеткиси келген адамына не ислеўи керек? – деп сорады. Ҳаман ишинен: «Патша меннен басқа кимге ҳүрмет көрсетиўди қәлер еди», – деп ойлап,
7 патшаға былай деди: – Патша ҳүрмет көрсеткиси келген адамғ
8 патша кийген патшалық кийим менен патша минген ат әкелинсин ҳәм аттың басына патшалық таж кийдирилсин.
9 Кийим де, ат та патшаның ең абырайлы ўәзирлериниң бирине берилсин. Ол адам патша ҳүрмет көрсеткиси келген адамға сол кийимлерди кийгизип, сол атқа миндирип, оны қала майданы бойлап айландырсын. Оның алдында жүрип: «Мине, патша кимге ҳүрмет көрсеткиси келсе, оған усылай ислейди», – деп жар салсын, – деди.
10 Сонда патша Ҳаманға: – Тез бар да, кийимлер менен атты алып кел ҳәм сарай хызметшиси яҳудий Мордохайға өзиңниң айтқанларыңды исле. Айтқанларыңның биреўи де қалып қоймасын, – деди.
11 Солай етип, Ҳаман кийимлерди ҳәм атты алып келди. Кейин Мордохайды кийиндирип, оны атқа миндирди де, қала майданы бойлап алып жүрди ҳәм оның алдында: «Мине, патша кимге ҳүрмет көрсеткиси келсе, оған усылай ислейди», – деп жар салды.
12 Соңынан Мордохай сарайға қайтып келди. Ҳаман болса, шерменделиктен жүзин жаўып, асығыс үйине қайтты.
13 Ҳаман ҳаялы Зерешке ҳәм ҳәмме досларына жүз берген барлық ўақыялар туўралы айтып берди. Сонда ҳаялы Зереш ҳәм кеңесшилери оған: «Сениң мәртебең Мордохай алдында төмен түсе баслаған екен, егер ол яҳудий болса, онда сен оны жеңе алмайсаң, керисинше, оның алдында жығылатуғының гүмансыз», – деди.
14 Олар еле сөйлесип отырғанда, патшаның ақталары келип, Ҳаманды Эстер таярлаған зыяпатқа асығыс алып кетти.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.