Эстер 9 bob
Яҳудийлердиң жеңиси(1-19). Пурим байрамы(20-32).
1 Патшаның буйрығы ҳәм пәрманы орынланатуғын он екинши ай болған Адар айының он үшинши күни де келди. Яҳудийлердиң душпанлары бул күни яҳудийлер үстинен ҳүкимдарлықты орнатыўды үмит пенен күткен еди. Бирақ керисинше болып шықты. Яҳудийлер өзлерин жек көргенлерден үстем келди.
2 Олар өзлерине жәбир етпекши болғанларға қарсы ҳүжим жасаў ушын, патша Ахашўероштың қолы астындағы барлық ўәлаятлардағы өзлери жасайтуғын қалаларда бир жерге жыйналды. Ҳеш ким яҳудийлерге қарсы шыға алмады, себеби барлық халықларды олардан қорқыў туйғысы бийлеп алған еди.
3 Ўәлаят басшылары, найыплар, ҳәкимлер ҳәм патша ислерин жүргизиўшилер Мордохайдан қорққанлықтан, яҳудийлерди қоллап-қуўатлады.
4 Өйткени Мордохай сарайда уллы адам болды. Оның даңқы барлық ўәлаятларға тарады ҳәм күши күннен-күнге артып барды.
5 Яҳудийлер душпанларының ҳәммесин қылыштан өткерди, өлтирди ҳәм жоқ қылды. Олар өзлерин жек көргенлерге қәлеген нәрсесин иследи.
6 Яҳудийлер Суза қаласында бес жүз адамды өлтирип, жоқ қылды.
7 Және де, олар Паршандата, Далфон, Аспата,
8 Пората, Адаля, Аридата,
9 Пармашта, Арисай, Аридай ҳәм Ўайзатаны өлтирди.
10 Бул өлтирилгенлер яҳудийлердиң душпаны Ҳаммедата улы Ҳаманның он улы еди. Бирақ яҳудийлер олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди.
11 Сол күни-ақ Суза қаласында өлтирилгенлердиң саны патшаға билдирилди.
12 Патша ханбийке Эстерге: – Яҳудийлер Суза қаласында бес жүз адамды ҳәм Ҳаманның он улын өлтирип, жоқ қылыпты. Ким биледи, басқа ўәлаятларда олар не иследи екен? Не тилейсең? Ол қанаатландырылады. Және не сорайсаң? Ол орынланады, – деди.
13 Сонда Эстер: – Егер патшамыз мақул көрсе, Сузадағы яҳудийлер бүгинги пәрманыңызды ертең де орынласын. Ал Ҳаманның он улының денелери дарға асылсын, – деди.
14 Патша бул өтиништи орынлаўды буйырды ҳәм пәрман Сузада жәрияланып, Ҳаманның он улының денеси дарға асылды.
15 Сузадағы яҳудийлер Адар айының он төртинши күни де бир жерге жыйналып, қалада үш жүз адамды өлтирди. Бирақ олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди.
16 Патшалықтың ўәлаятларында жасайтуғын басқа яҳудийлер де жан сақлаў ҳәм душпанларынан қорғаныў ушын бир жерге жыйналды. Олар өзлерин жек көргенлерден жетпис бес мың адамды өлтирди, бирақ олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди.
17 Бул ўақыя Адар айының он үшинши күни жүз берген еди. Ал айдың он төртинши күни олар тынышланып, бул күнди зыяпат ҳәм қуўаныш күни деп белгиледи.
18 Сузадағы яҳудийлер болса, сол айдың он үшинши ҳәм он төртинши күнлери бир жерге жыйналды, ал он бесинши күни тынышланды. Сол күнди зыяпат ҳәм қуўаныш күни деп белгиледи.
19 Сонлықтан аўыл- аймақларда жасайтуғын яҳудийлер Адар айының он төртинши күнин зыяпат ҳәм қуўаныш күни ретинде белгилейди ҳәм бир-бирине тағамлар береди.
20 Мордохай бул ўақыяларды жазып қойды. Соңынан ол патша Ахашўероштың қолы астындағы узақ ҳәм жақын жердеги ўәлаятларда жасайтуғын яҳудийлерге хатлар жиберди.
21 Хатта ҳәр жылы Адар айының он төртинши ҳәм он бесинши күнлерин байрамлаў буйырылған еди.
22 Себеби бул күнлер яҳудийлердиң өз душпанларынан қутылған күнлери болып, қайғысы қуўанышқа, азасы байрамға айланған айы еди. Мордохай сол күнлерди зыяпат ҳәм қуўаныш күнлери деп белгилеп, бир-бирине тағамлар үлестириўди ҳәм кәмбағалларға садақалар бериўди буйырды.
23 Солай етип, яҳудийлер Мордохайдың буйрығын қабыл етти ҳәм ҳәр жылы сол күнлерди байрамлаўды әдетке айландырды.
24 Пүткил яҳудийлердиң душпаны Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаман яҳудийлерди қырып таслаўды нийет етип, оларды езип жоқ қылыў ушын пур, яғный шек таслаған еди.
25 Бирақ бул хабар патшаға жеткенде, патша хаты арқалы: «Ҳаманның яҳудийлерге қарсы ойлаған жаўыз нийети өзиниң басына жетсин. Ҳаман ҳәм оның уллары дарға асылсын», – деп буйрық берген еди.
26 Пур сөзи себепли, бул күнлерге Пурим деп ат берилген еди. Солай етип, яҳудийлер Мордохайдың бул хатында жазылғанларды, көрген-билгенлерин ҳәм басларынан кеширгенлерин еслеринде сақлаў ушын,
27 яҳудийлер, олардың әўладлары ҳәм оларға қосылғанлардың ҳәммеси хатта жазылғанындай, белгиленген ўақытта бул еки күнди ҳәр жылы сөзсиз байрамлаўға қарар етти.
28 Солай етип, бул күнлер ҳәр бир ўәлаятта, ҳәр бир қалада ҳәм ҳәр бир тийреде әўладтан-әўладқа еске алынады ҳәм байрамланады. Усы Пурим күнлерин яҳудийлер тәрепинен байрамлаў ҳеш қашан тоқтатылмайды ҳәм бул күнлер әўладлар бойы есте сақланады.
29 Абихайыл қызы ханбийке Эстер ҳәм яҳудий Мордохай Пуримге байланыслы бул екинши хатты пүткил бийлик пенен жазып тастыйықлады/
30 Мордохай Ахашўероштың қол астындағы бир жүз жигирма жети ўәлаятта жасайтуғын ҳәмме яҳудийлерге тынышлық ҳәм аманлық тилеклерине толы хатларды жиберди/
31 Хатта яҳудий Мордохай ханбийке Эстер менен бирликте алдын ала қарар еткениндей, яҳудийлерге усы Пурим күнлерин белгиленген ўақытта нышанлаўды қатаң сақлаўды буйырды. Бурын яҳудийлердиң өзлери ҳәм урпақлары ораза тутыў ҳәм азалаў бойынша белгиленген қағыйдаларға бойсынғаны сыяқлы, бул байрамға да бойсыныўы белгиленген еди/
32 Солай етип, Эстердиң буйрығы бойынша Пуримге тийисли усы қағыйдалар тастыйықланып, китапқа жазып қойылды.