Забур 106 bob

1 Жаратқан Ийени тәрийиплең, Ол ийгиликли, Сүйиспеншилиги мәңги даўам етеди.
2 Солай десин Жаратқан Ийениң қутқарғанлары, Душпан қолынан азат етип алғанлары,
3 Шығыс, батыс, арқа ҳәм қубладан, Шет еллерден жыйнап алғанлары.
4 Базылары изсиз далаларда гезип жүрди, Мәканлаў ушын қалаға жол таппады.
5 Аш болып, шөллеп қалды, Жанлары ҳәлсиреп, өле жазлады.
6 Сонда олар ҳәсирет шегип, Жаратқан Ийеге жалбарынды, Жаратқан Ийе оларды азаптан азат етти.
7 Мәканлай алатуғын қалаға оларды, Туўры жол менен жетелеп, баслап барды.
8 Алғыслар айтсын Жаратқан Ийеге сүйиспеншилиги ушын, Адамларға ислеген әжайып ислери ушын.
9 Ол шөллегенниң шөлин қандырды, Аш болғанды жақсы азықлар менен тойдырды.
10 Базылары тас түнек қараңғылықта, Шынжырланып, азап ишинде отырды.
11 Олар Қудайдың сөзлерине қарсы шығып, Қудай Тааланың үгит-нәсиятларын менсинбеген еди.
12 Ол аўыр жумыслар менен олардың көкирегин басты, Жығылғанда, жәрдем беретуғын ҳеш ким болмады.
13 Сонда олар ҳәсирет шегип, Жаратқан Ийеге жалбарынды, Жаратқан Ийе оларды азаптан қутқарды.
14 Алып шықты тас түнек қараңғылықтан, Үзип таслады шынжырларын.
15 Алғыслар айтсын Жаратқан Ийеге сүйиспеншилиги ушын, Адамларға ислеген әжайып ислери ушын!
16 Ол қола дәрўазаларды сындырды, Темир тәмбилерди екиге бөлип таслады.
17 Базылары жынаят қылып, ақмақтай болды, Гүналары себепли азап шекти.
18 Барлық азық-аўқаттан жүреклери айнып, Өлим аўзына жақынлап қалды.
19 Сонда олар ҳәсирет шегип, Жаратқан Ийеге жалбарынды, Жаратқан Ийе оларды азаптан қутқарды.
20 Сөзин жиберип, шыпалады, Қәбирден оларды қутқарды.
21 Алғыслар айтсын Жаратқан Ийеге сүйиспеншилиги ушын, Адамларға ислеген әжайып ислери ушын!
22 Миннетдаршылық қурбанлықларын усынсын, Оның ислерин бәлент даўыс пенен жәрияласын!
23 Базылары кемелер менен теңизге шығып, Шексиз суўларда саўда қылды,
24 Жаратқан Ийениң ислерин, Терең суўларда ислеген әжайып ислерин көрди.
25 Ол буйрық бергенде, даўыл басланды, Теңиз толқынлары бийик көтерилди.
26 Кемелер жоқары көтерилип, және туңғыйыққа түсти, Апаттан кемедегилердиң руўхлары түсип кетти.
27 Олар мәскүнемдей шайқалып жүрди, Олардың шеберликлери нәтийже бермеди.
28 Сонда олар ҳәсирет шегип, Жаратқан Ийеге жалбарынды, Жаратқан Ийе оларды апаттан алып шықты.
29 Ол даўылды тынышландырды, Теңиз толқынлары да басылды.
30 Даўыл тоқтағанда, олар қуўанды, Өзлери қәлеген мәнзилге Жаратқан Ийе жеткерди.
31 Алғыслар айтсын Жаратқан Ийеге сүйиспеншилиги ушын, Адамзатқа ислеген әжайып ислери ушын!
32 Оны уллыласын жәмийет ишинде, Алғыслар айтсын ақсақаллар жыйынында.
33 Ол дәрьяларды шөлге, Булақларды кеўип қалған жерге айландырады.
34 Турғынларының жаўызлығы себепли, Өнимли топырақты шор жерге айландырады.
35 Ал шөлди көллерге, Кеўип қалған жерди булақларға айландырады.
36 Ашларды сол жерге жайластырады, Олар жасаў ушын қала қурады.
37 Егин егип, жүзимзарлар отырғызады, Солардан мол өним алады.
38 Жаратқан Ийениң жарылқаўы астында, Олар өсип-өнеди, Малларының саны көбейеди.
39 Кейин күшли езиўшиликтен ҳәм азаптан, Олардың саны азайып, көкиреклери басылды.
40 Жаратқан Ийе хор қылды ақсүйеклерди, Изсиз бир шөлде гездирди оларды.
41 Ал жарлыларды болса, езиўшиликтен қутқарды, Қой сүриўиндей етип, зүрядын көбейтти.
42 Ҳақ адамлар буны көрип шадланады, Наҳақлар болса аўызларын жабады.
43 Ким дана болса, усыларға итибар берсин, Жаратқан Ийениң сүйиспеншилигин аңласын.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha • Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha • Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.