1 Атқарыўшылардың жетекшисине. «Таңдағы суўын» намасына айтылады. Даўыттың жыры
2 Қудайым, Қудайым! Неге мени таслап кеттиң? Неге меннен соншелли узақтасаң? Не ушын маған жәрдем бермейсең, Шеккен налаларымды еситпейсең?
3 Қудайым! Күн бойы шақыраман, жуўап бермейсең, Түн бойы шақыраман, еле тынышлық таппадым.
4 Сен мухаддессең, Израилдың алғыслары үстине тахт қурғансаң.
5 Саған үмит қылды ата-бабаларымыз, Үмит байлады, Сен оларды қутқардың.
6 Саған жалбарынып, азат болды, Саған үмит байлап, алданып уятқа қалмады.
7 Бирақ мен адам емес, қуртпан, Адамлар мени кемситеди, халық жек көреди.
8 Мени көргенлердиң ҳәммеси үстимнен күледи, Басларын шайқап былай дейди:
9 «Жаратқан Ийеге өзин тапсырды, оны қутқарсын, Оннан кеўли толса, Оның Өзи жәрдем берсин!»
10 Сен едиң мени ана қарнынан шығарған, Сен едиң емизиўли ўақтымда мени аман сақлаған.
11 Туўылмасымнан алдын, Сениң ғамхорлығыңа өткенмен, Анамның қарнынан берли, Қудайым Сенсең.
12 Меннен узақ болма, Апат жақын маған, Жәрдем беретуғын ҳеш ким жоқ.
13 Сүзетуғын буғалардай қоршап атыр көп душпанлар, Башанның күшли буғаларындай дөгереклеп тур.
14 Арқыраған жыртқыш арыслан яңлы, Олар маған қарсы аўзын ашып турыпты.
15 Суў сыяқлы төгилдим, Барлық сүйеклерим буўынларынан босасты, Мумдай болып, жүрегим ишимде ериди.
16 Кеўип қалған гүлалдай ҳал-дәрманым қалмады, Тилим таңлайыма жабысты, Мени өлим топырағына жатқыздың.
17 Әтирапымда ийтлер ызғып жүр, Жаўызлар топары дөгерегимди қоршап тур. Аяқ-қолларымды тесип атыр.
18 Барлық сүйеклеримди санай аламан, Душпанларым маған тигилип, тамаша қылып тур.
19 Кийимлеримди өз ара бөлиспекте, Липасларым ушын шек тасламақта.
20 Меннен узақ болма, Жаратқан Ийе, Күш-қуўатым мениң, жәрдемге асық!
21 Жанымды қылыш жүзинен, Өмиримди ийтлердиң пәнжесинен қутқар!
22 Қутқар мени арысланның аўзынан, Жабайы буғалардың шақынан, Жалбарыныўыма жуўап бердиң.
23 Туўысқанларыма Сениң атыңды жәриялайман, Жәмийет алдында Саған алғыс-мақтаў айтаман.
24 Ҳәй, Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар, Оған алғыс-мақтаў айтыңлар! Оны даңққа бөлең, ҳәй, Яқып урпағы! Оған ҳүрмет көрсетиң, ҳәй, Израил урпағы!
25 Езилгенниң қайғы-ҳәсиретин көрип, Ол тиксинип, жеркенип қарамады. Ал оннан жүзин жасырмай, қулақ салды пәриядына.
26 Уллы жыйында алғыс-мақтаў айтыўымның себеби Сенсең, Сеннен қорққанлардың алдында ўәделеримди орынлайман.
27 Жарлылар жеп тояды, Сени излегенлер алғыс-мақтаў айтады, Олардың өмири узақ ҳәм шад болады!
28 Жер жүзиниң барлығы Жаратқан Ийени еслеп, Оған қайтады, Дүньядағы барлық миллетлер Оның алдында тәжим қылады.
29 Патшалық Жаратқан Ийеге тийисли, Барлық миллетлерге Ол ҳүкимдарлық қылады.
30 Жер жүзиндеги барлық байлар ишип-жеп, Оған тәжим қылады, Ҳәтте, топыраққа кететуғын ҳәм жанын сақлай алмайтуғынлар да, Оның алдында дизе бүгип, бас ийеди.
31 Келешек әўладлар Оған хызмет етеди, Туўылатуғын нәсиллерге Ийемиз ҳаққында жәрияланады.
32 Олар келип, Жаратқан Ийениң қутқарыў жолын, Оның қылған ислерин еле туўылмағанларға жеткереди.



































