1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2 Жаратқан Ийе, қашанға дейин мени умытасаң? Мәңгиге ме? Қашанға дейин, жүзиңди меннен жасырасаң?
3 Қашанға дейин, жаным азапта қалып, Күн даўамында жүрегим ғамға толады? Қашанға дейин, душпаным меннен үстем шығады?
4 Аўҳалыма қара, Қудайым, Жаратқан Ийе, маған жуўап бер, Көзлериме нур бер, өлим уйқысына кетпейин.
5 «Оны жеңдик», – деп айтпасын душпанларым, Жығылғанымда сүйсинбесин жаўларым.
6 Үмит байлайман сүйиспеншилигиңе, Мени қутқарып, кеўлимди толтыр қуўанышқа. Жырлайман Сени, Жаратқан Ийе, Маған жақсылық қылдың.



































