Шыгыу 12 bob

Қутқарылыў асы (1-14), Ашытқысыз нан байрамы (15-20). Биринши Қутқарылыў асы (21-30) Мысырдан шығыў (31-42). Қутқарылыў асының қағыйдалары (43-51)

 
1 Жаратқан Ийе Мысыр жеринде Муўса менен Харонға былай деди:
2 – Бул ай сизлер ушын биринши ай, жылдың биринши айы болады.
3 Пүткил Израил жәмийетине айтыңлар: усы айдың онында ҳәр бир хожалық басшысы өз хожалығы ушын бир қой ямаса ешки таңлап алсын.
4 Егер бир хожалықтағы адамлар саны усы жанлықтың гөшин жеп таўыса алмайтуғындай аз болса, онда оны жақын қоңсысы менен бөлиссин. Жанлықтың үлкен-кишилигине қарап, оны қанша адамның жей алатуғынын анықлаўыңыз керек.
5 Сизлер таңлап алған қой ямаса ешки минсиз, бир жыллық еркек жанлық болсын.
6 Жанлықты усы айдың он төртине дейин бағып, сол күни кеште Израил жәмийетиниң ҳәр бир шаңарағы өз жанлықларын сойыўы тийис.
7 Олар қанды алып, өзлери гөшти жейтуғын үйлериниң қапысының жақлаўларына ҳәм кесе ағашына жақсын.
8 Сол күни кеште гөшти отқа писирип, оны ашытқысыз нан ҳәм ашшы шөплер менен жесин.
9 Гөшти шийкилей ямаса суўға писирип емес, ал бас-сыйрағы ҳәм ишек-қарны менен бирге отқа писирип жеңлер.
10 Гөш азанға дейин қалмаўы тийис. Егер оннан аўысып қалса, оны отта өртеп жибериңлер.
11 Сизлер гөшти жеп атырған ўақтыңызда, беллериңиз буўыўлы, аяқ кийимиңиз кийиўли, таяғыңыз қолыңызда болсын. Гөшти тез жеңлер. Бул – Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў асы.
12 Мен сол түни Мысыр жеринен өтемен. Ондағы адамлардың да, маллардың да ҳәр бир туңғышын өлтиремен ҳәм Мысырдың пүткил қудайларын ҳүким етемен. Мен – Жаратқан Ийемен.
13 Өзлериңиз турған үйлердиң есигиниң жақлаўларына жағылған қан сизлер ушын нышан болады. Мен қанды көрип, сизлерди шетлеп өтемен. Мысыр елин жазалағанымда, набыт қылыўшы апат сизлерге ҳеш қандай зыян тийгизбейди.
14 Бул күн сизлер ушын еслеў күни болсын. Оны Жаратқан Ийениң байрамы сыпатында байрамлаңлар. Бул байрамды байрамлаў келешек әўладларыңыз ушын мәңги қағыйда болып қалсын.
15 – Жети күн ашытқысыз нан жеңлер. Биринши күни-ақ үйлериңизден ашытқыны жоқ қылыңлар. Ким де ким усы жети күн ишинде ашытқы салынған нан жесе, ол Израил халқы арасынан жоқ қылыныўы тийис.
16 Биринши ҳәм жетинши күнлери мухаддес жыйналысыңыз болсын. Сол күнлери тек өзлериңиз ушын аўқат таярлаўдан тысқары, ҳеш қандай жумыс ислемеңлер.
17 Солай етип, сизлер Ашытқысыз нан байрамын байрамлаңлар! Өйткени анық сол күни Мен сизлерди топ-тобыңыз бенен Мысыр жеринен алып шықтым. Келешек урпақларыңыз бул күнди мәңги қағыйда сыпатында байрамласын.
18 Биринши айдың он төртинши күниниң кешинен жигирма биринши күниниң кешине дейин ашытқысыз нан жеңлер.
19 Сол жети күн даўамында үйлериңизде ашытқы болмасын. Ким де ким ашытқы салынған бир нәрсе жесе, мейли ол келгинди болсын, мейли жергиликли болсын, ол Израил жәмийети арасынан жоқ қылынады.
20 Ашытқы салынған ҳеш нәрсе жемеңлер. Қай жерде жасасаңыз да, ашытқысыз нан жеңлер.
21 1Соннан кейин, Муўса Израилдың барлық ақсақалларын шақырып алып, оларға былай деди: – Хожалығыңыз ушын қозы ямаса ылақ таңлап алып, оны Қутқарылыў асы ушын сойыңлар.
22 Соң, бир баў майоран шөбин* алың да, оны қырмадағы қурбанлықтың қанына батырып, қанды қапыларыңыздың жақлаўларына ҳәм кесе ағашына жағыңлар. Азанға шекем ҳеш ким үйинен шықпасын.
23 Жаратқан Ийе мысырлыларды өлтириў ушын елден өткенде, қапыларыңыздың жақлаўларындағы ҳәм кесе ағашындағы қанды көрип, үйлериңизди шетлеп өтеди. Ол набыт қылыўшының үйлериңизге кирип, сизлерди өлтириўине жол қоймайды.
24 Өзлериңиз де, сизлердиң әўладларыңыз да буны мәңги қағыйда қылып орынлаңлар.
25 Жаратқан Ийе өзлериңизге беремен деп ўәде еткен жерге киргениңизден кейин де, бул рәсимди өткизип барыңлар.
26 Балаларыңыз сизлерден: «Бул рәсимниң мәниси қандай?» – деп сорағанда,
27 оларға: «Бул – Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамының асы. Себеби Жаратқан Ийе мысырлыларды өлтиргенде, үйлеримизди шетлеп өтип, бизлерди аман қалдырды», – деңлер. Сонда халық тәжим етип, сыйынды.
28 Соңынан израиллылар барып, Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығын толық орынлады.
29 Түнниң ярымында Жаратқан Ийе тахтында отырған фараонның туңғыш баласынан, қамақта отырған тутқынның туңғыш баласына дейин, Мысыр елиндеги барлық туңғышларды ҳәм маллардың да туңғыш төллерин өлтирди.
30 Сол күни түнде фараон, оның хызметкерлери ҳәм пүткил Мысыр аяққа турды. Мысыр ели дад салып, ўай-ўайласқан даўысларға толып кетти. Өйткени өли болмаған бирде бир үй жоқ еди.
31 Сол күни түнде-ақ фараон Муўса менен Харонды шақырып алып былай деди: – Барыңлар! Сизлер де, израиллылар да халқымның арасынан шығып кетиңлер. Өзлериңиз айтқаныңыздай, Жаратқан Ийеге сыйыныңлар.
32 Сондай-ақ майда ҳәм ири малларыңызды да алып кетиңлер. Ал маған пәтия бериңлер.
33 Израиллылардың елден тезирек шығып кетиўи ушын, мысырлылар оларды асықтырды. «Болмаса, ҳәммемиз өлемиз», – дести олар.
34 Солай етип, израиллылар еле ашымаған қамырларын табағы менен кийимлерине орады да, ийинлерине көтерип алды.
35 Израиллылар Муўсаның айтқаны бойынша, мысырлылардан гүмис ҳәм алтын буйымлар менен кийимлер сорап алды.
36 Жаратқан Ийе израиллыларды мысырлыларға унамлы қылып көрсеткенликтен, мысырлылар оларға сорағанын берди. Солай етип, израиллылар оларды тонап кетти.
37 Израиллылар Рамсестен Суккотқа қарай жол алды. Бала-шағаларды есапламағанда, шама менен алты жүз мыңдай ер адам пияда жолға шықты .
38 Және де, көп санлы басқа миллет адамлары, есап-сансыз майда ҳәм ири маллар да олар менен бирге кетти.
39 Халық өзлери Мысырдан алып шыққан ашымаған қамырдан нан писирди. Себеби олар Мысырдан қуўып шығарылғанлықтан, қамырды ашытыўға да, жолға азық-аўқат таярлаўға да үлгере алмаған еди.
40 Израиллылардың Мысырда жасағанына төрт жүз отыз жыл болған еди
41 Төрт жүз отыз жылдың соңғы күни, анық сол күни Жаратқан Ийениң халқы топ-тобы менен Мысыр жеринен шықты.
42 Сол күни түнде Жаратқан Ийе израиллыларды Мысыр жеринен алып шығыў ушын сергек болды. Израиллылар да әўладлар даўамында сол түнди Жаратқан Ийеге бағышлап, ояў болыўы тийис.
43 Соннан кейин, Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: – Қутқарылыў асының қағыйдалары мынадай: ҳеш бир жат жерли адам байрам асынан жемесин.
44 Бирақ сатып алған қулларыңыз сүннет етилгеннен кейин, оннан жесе болады.
45 Ўақытша қоныс басқанлар ҳәм жалланған жумысшылар оннан жемеўи тийис.
46 Ас таярланған үйде желинсин. Жанлықтың гөши үйдиң сыртына шығарылмасын ҳәм оның ҳеш бир сүйеги сындырылмасын.
47 Пүткил Израил жәмийети Қутқарылыў байрамын байрамлаўы тийис.
48 Араңызда жасап атырған келгинди адам Маған, Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаўды қәлесе, онда оның үйиндеги ҳәмме еркеклер сүннет етилиўи керек. Соңынан ол жергиликли халық турғыны сыпатында Израил халқына қосылып, байрамды байрамлай алады. Бирақ сүннетсиз адам Қутқарылыў байрамының гөшин жемесин.
49 Жергиликли адам ушын да, араңызда жасайтуғын келгинди адам ушын да бир қағыйда қолланылады.
50 Израиллылар Жаратқан Ийениң Муўса менен Харонға берген буйрығын толық орынлады.
51 Сол күнниң өзинде Жаратқан Ийе израиллыларды топ-тобы менен Мысыр жеринен алып шықты.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.