Шыгыу 15 bob
1 Соннан соң, Муўса ҳәм израиллылар Жаратқан Ийеге мына жырды айтты: «Жырлайман Жаратқан Ийени, Себеби еристи Ол салтанатлы жеңиске, Атларды да, саўаш арбадағыларды да ылақтырды теңизге.
2 Жаратқан Ийе күш-қүдиретим мениң, Қутқарыўға келди Ол мени, Ол мениң Қудайым. Алғыслар айтаман Оған, Ол мениң әкемниң Қудайы, Уллылайман Оны мен.
3 Жаратқан Ийе жаўынгердур, Аты Оның – Жаратқан Ийе.
4 Ол фараонның саўаш арбаларын, Ҳәм ләшкерлерин атты теңизге. Ғарқ болды Қамыс теңизине, Оның сайланды ләшкербасылары да.
5 Терең суўлар қаплады оларды, Батып кетти тас сыяқлы туңғыйыққа.
6 Сениң оң қолың, Жаратқан Ийе, Қүдиретли күшке ийедур. Сениң оң қолың, Жаратқан Ийе, Тас-талқан етер душпанды.
7 Әжайып уллылығың менен, Саған қарсы шыққанларды, Жер менен жексен қыласаң, Жибересең оларға ғәзебиңди, Сабан сыяқлы күйдирип, күл қыласаң оларды.
8 Мурныңның деминен, Жыйналды суўлар бир жерге. Дийўал сыяқлы болып толқынлар, Теңиз қойнында қатып қалды.
9 Сонда душпан былай деди: „Услайман оларды изинен қуўып, Олжаны бөлемен кеўлимди тоқ қылып, Қыраман оларды қылышымды жалаңашлап“.
10 Демиң менен үплеп едиң, Қаплады теңиз оларды. Қорғасындай батты уллы суўларға.
11 Жаратқан Ийе, қудайлар арасында Саған уқсағаны бар ма? Сен сыяқлы мухаддесликте уллы, айбаты менен алғысқа ылайық болған, Кәраматлар жаратыўшы бар ма?
12 Созып едиң оң қолыңды, Жутып кетти жер оларды.
13 Өзиң қутқарған халқыңды, Жетеледиң сүйиспеншилигиң менен, Алып бардың қүдиретиң менен мухаддес мәканыңа.
14 Қалтырасар еситип миллетлер, Қорқыныш бийледи Филистия халқын.
15 Ҳүрейлери ушады Эдом бийлериниң, Дирилди басар Моаб көсемлерин, Пүткил Қанан турғынларының руўхы түсти.
16 Жүреги суўлар ҳәм қорқыў басар оларды, Сениң халқың өтип кеткенше, Жаратқан Ийе, Сен ийелик еткен халық өтип кеткенше, Билегиңниң күши алдында тас болып тилсиз қатып қалар.
17 Жаратқан Ийе! Апарасаң халқыңды Өз таўыңа, Жайластырасаң Өзиң мәкан қылып алған жерге, Қолларың менен қурған мухаддес мәканға, Ийе!
18 Ҳүкимдарлық қылар шексиз ҳәм мәңгиге Жаратқан Ийе».
19 Фараонның атлары, саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери теңиз ишине киргенде, Жаратқан Ийе суўларды олардың үстине қайтарып әкелди. Ал израиллылар теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өтти.
20 Харонның әжапасы пайғамбар Мәриям қолына дәп алды. Басқа барлық ҳаяллар да дәп алып, ойнаўы менен оның изине ерди.
21 Мәриям нақыратты қайталап былай деп жырлады: «Жырлаң Жаратқан Ийени, Себеби еристи Ол салтанатлы жеңиске. Атларды да, атлыларды да ылақтырды теңизге».
22 Муўса израиллыларды Қамыс теңизинен баслап шыққаннан соң, олар Шур шөлине барды ҳәм шөлде үш күн жүрсе де, суў таба алмады.
23 Соңынан олар Мара деген жерге барды. Бирақ Мараның суўы ашшы болғанлықтан, олар ише алмады. Сонлықтан сол жер Мара деп аталды.
24 Сонда халық Муўсаға: «Не ишемиз?» – деп наразы болып, тоңқылдай баслады.
25 Муўса Жаратқан Ийеге жалбарынды. Жаратқан Ийе оған бир ағашты көрсетти. Муўса оны суўға ылақтырып жибергенде, суў душшы болып қалды. Сол жерде Жаратқан Ийе халық ушын қағыйда ҳәм нызам берди ҳәм оларды сынады.
26 Жаратқан Ийе оларға былай деди: – Егер сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң, яғный Мениң сөзимди дыққат пенен тыңлап, нәзеримде туўры болған ислерди ислесеңлер, буйрықларыма қулақ асып, ҳәмме қағыйдаларымды орынласаңлар, мысырлыларға берген кеселликтиң ҳеш бирин сизлерге бермеймен. Себеби Мен – сизлерге шыпа бериўши Жаратқан Ийемен.
27 Соннан кейин, олар Элимге келди. Сол жерде он еки булақ ҳәм жетпис пальма ағашы бар еди. Солай етип, олар суў жағасына орналасты.