Шыгыу 17 bob
1 оңынан Израил халқының пүткил жәмийети Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Син шөлинен шықты да, бир жерден екинши жерге көшип-қонып жүрип, Рефидимге орналасты. Деген менен, ол жерде ишетуғын суў жоқ еди.
2 Олар Муўсаға: – Бизлерге ишетуғын суў бер, – деп урысты. – Неге маған урысып атырсызлар? Неге Жаратқан Ийени сынап атырсызлар? – деди оларға Муўса.
3 Бирақ халық шөллегенликтен, Муўсаға наразы болып: – Бизлерди не ушын Мысырдан алып шықтың? Бизлерди, балаларымызды ҳәм малларымызды шөлден өлтириў ушын ба? – деп тоңқылдады.
4 Муўса Жаратқан Ийеге дад салып: – Бул халыққа не ислейин? Бираздан соң, олар мени тас боран қылып өлтиреди-ғо! – деди.
5 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Халықтың алдына өт. Нил дәрьясын урған таяғыңды ал да, Израил ақсақалларының айырымларын изиңе ертип, алға қарай жүр.
6 Мине, Мен Хореб таўындағы бир жартастың үстинде, сениң алдыңда тураман. Сен жартасты урғаныңда, суў атлығып шығады ҳәм халық суў ишеди. Муўса Израил ақсақалларының көз алдында солай иследи.
7 Солай етип, сол жер Масса* ҳәм Мериба* деп атады. Себеби израиллылар сол жерде Муўса менен урысып: «Арамызда Жаратқан Ийе бар ма екен, я жоқ па екен?» – деп Жаратқан Ийени сынаған еди.
8 Амалеклер келип, Рефидимде израиллыларға урыс ашты.
9 Сонда Муўса Ешуаға: – Халық ишинен адамларды сайлап ал да, барып, амалеклер менен урыс. Ертең мен қолыма Қудайдың таяғын услап, төбешиктиң басында тураман, – деди.
10 Ешуа Муўсаның айтқанын ислеп, амалеклер менен урысты. Сол ўақытта Муўса, Харон ҳәм Хур төбешиктиң басына шықты.
11 Муўса қолын көтергенде израиллылар, ал түсиргенде амалеклер үстин келе берди.
12 Бирақ Муўсаның қоллары шаршап қалды. Сонда олар бир тас әкелип, Муўсаның астына қойды. Муўса тастың үстине отырды. Бир жағында Харон, екинши жағында Хур Муўсаның қолларын жоқары көтерип турды. Қуяш батқанша, Муўсаның қоллары беккем көтерилип турды.
13 Солай етип, Ешуа амалеклерди қылыштан өткизип, оларды жеңди.
14 Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға: – Естелик болып қалыўы ушын, буны китапқа жазып қой. Ешуаның қулағына қуйып қой, Мен амалеклердиң атын жер жүзинен пүткиллей жоқ қыламан, – деди.
15 Муўса бир қурбанлық орын қурып, оның атын Яҳўе Нисси деп қойды.
16 Кейин ол былай деди: «Жаратқан Ийениң тахтына қарсы қол көтергени ушын, Ол әўладлар даўамында амалеклерге қарсы урысады».