Шыгыу 28 bob

Руўханийлердиң кийимлери (1-5). Эфод (6-14). Өңирше (15-30). Руўханийлердиң басқа кийимлери (31-43)

1 – Руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын, израиллылар арасынан әжағаң Харонды, оның уллары Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамарды жаныңа ал.
2 Әжағаң Харонның мәртебели болып, көркем көриниўи ушын, оған мухаддес кийимлерди тиктирип бер.
3 Мен айрықша қәбилет берген адамларға айт, олар Харонның Маған бағышланып, руўханийлик етиўи ушын, оған кийим тиксин.
4 Олар мына кийимлерди тиксин: қалталы өңирше, эфод, баҳалы үст кийим, нағыслы узын көйлек, сәлле ҳәм белбеў. Руўханий болып Маған хызмет қылыўы ушын, олар әжағаң Харонға ҳәм оның улларына бул мухаддес кийимлерди тиксин.
5 Олар алтын, және жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерди ҳәм ҳасыл зығыр жибин қоллансын.
6 – Эфодты алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жип пенен ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап ислесин.
7 Оның алдынғы ҳәм артқы тәреплерин бир-бири менен бириктириў ушын, ийин арқалы өтетуғын еки баўы болсын.
8 Эфодтың жоқарысына бириктирилген ҳалда белбеў ислет. Бул эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленсин.
9 Кейин сен еки оникс тас алып, оларға Израил улларының атларын ойып жаздыр.
10 Жасына қарап, алтаўын биринши тасқа, қалған алтаўын екинши тасқа ойып жаздыр.
11 Устаның тасқа мөрди ойып жазғанындай, Израил улларының атларын да еки тасқа ойып жаздыр ҳәм тасларды өрме нағыслы алтын қаснаққа қондыр.
12 Соңынан усы тасларды эфодтың ийин баўларына орнат. Харон Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма киргенде, сол таслар Израилдың он еки урыўын еслетип турыў ушын, ол еки ийин баўында бул тасларды алып жүреди.
13 Алтыннан және өрме нағыслы еки қаснақ ислет.
14 Сап алтыннан өрилген шынжырлар ислетип, оларды қаснақларға бириктир.
15 – Қудайдың еркин билиўде қолланылатуғын қалталы өңирше ислет. Оны да эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап ислет.
16 Өңирше төрт мүйешли ҳәм еки қабатлы болып, узынлығы да бир қарыс, ени де бир қарыс болсын.
17 Өңиршеге төрт қатар қылып ҳасыл тасларды қада. Биринши қатарда сердолик, хризолит ҳәм зүмрет,
18 екинши қатарда периўза, лазурит ҳәм гагат,
19 үшинши қатарда яқыт, агат ҳәм аметист,
20 төртинши қатарда сары яқыт, оникс ҳәм яшма болсын. Таслар алтын қаснақларға орнатылыўы тийис.
21 Таслар он еки болып, оларда мөр ойылғандай қылып, Израилдың он еки улының атлары бирме-бир ойылып жазылсын. Бул таслар Израилдың он еки урыўының тымсалы болсын.
22 Қалталы өңирше ушын сап алтыннан өрилген шынжырлар ислет.
23 Тағы да, еки алтын ҳалқа да ислетип, оларды өңиршениң үстинги еки мүйешине тақ.
24 Өрилген еки алтын шынжырдың бир ушын өңиршедеги ҳалқаларға илдир.
25 Ал екинши ушын ийин баўлардағы еки қаснаққа беккемлеп, эфодтың алды бетине байла.
26 Және еки алтын ҳалқа ислет. Оларды өңиршениң астынғы еки шетине, эфодқа жақын болған ишки жийегине тақ.
27 Тағы да, еки алтын ҳалқа ислет. Оларды эфодтың алды бетиндеги ийин баўлардың астынан, тигиске жақын қылып, белбеўдиң жоқарысынан тақ.
28 Қалталы өңиршениң ҳалқалары менен эфодтың ҳалқалары қызғыш көк баўлар менен бир-бирине байлансын. Сонда өңирше эфодтан айырылмай, эфодтың белбеўиниң жоқарысында турады.
29 Солай етип, Харон ҳәр сапар Мухаддес орынға киргенде, Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге естелазылған өңиршени жүрегиниң тусында көтерип жүреди.
30 Усы қалталы өңиршеге Урим менен Туммимди* салып қой. Харон Мениң алдыма келгенде, олар Харонның жүрегиниң тусында болсын. Харон израиллыларға Мениң еркимди билдириў ушын қолланатуғын Урим менен Туммимди Жаратқан Ийениң алдында бәрқулла жүрегиниң тусында алып жүрсин.
31 – Эфодтың ишинен кийилетуғын баҳалы кийим толық қызғыш көк жиптен исленсин.
32 Онда бас сыятуғын орын болсын. Ол сөтилип кетпеўи ушын, оның жийеклерин айландырып тоқыт.
33 Усы кийимниң етегине қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиптен исленген анарды ҳәм оның араларына кишкене алтын қоңыраўларды гезекпе-гезек тақтыр
34 .
35 Харон хызмет еткенде, усы кийимди кийсин. Ол Мухаддес орынға киргенде ҳәм шыққанда қоңыраў сести еситилсин, сонда ол өлмей аман қалады.
36 Сап алтыннан таж сыяқлы маңлайша ислетип, оған мөр ойғандай қылып: «Жаратқан Ийеге бағышланған» деп жаздыр.
37 Маңлайша қызғыш көк баў менен сәллениң алды бетине байлап қой.
38 Солай етип, израиллылар Маған арнап мухаддес сыйларын әкелгенде, қәтеге жол қойса, олардың айыпларын Харон өз мойнына алады. Мениң олардың қурбанлықларын қабыл алыўым ушын, Харон маңлайшаны бәрқулла маңлайына тағып жүриўи тийис.
39 Ҳасыл зығырдан бир узын көйлек нағыслап тоқыт ҳәм ҳасыл зығырдан бир сәлле ислет. Және де, нағыслы белбеў тоқыт.
40 Харонның уллары мәртебели болып, көркем көриниўи ушын, оларға узын көйлеклер, белбеўлер ҳәм кишигирим сәллелер тиктир.
41 Бул кийимлерди әжағаң Харонға ҳәм оның улларына кийдир. Олардың басларына май қуйып, руўханийлик ўазыйпасына тайынла. Усылай етип, олардың хызмет етиўи ушын, Маған бағышла.
42 Денениң ашық жерлери көринип қалмаўы ушын, оларға зығырдан диз кийимлер тиктир. Бул кийимлер белинен дизесине дейин жаўып турсын.
43 Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырына киргенде ямаса Мухаддес жерде хызмет етиў ушын қурбанлық орынға жақынлағанда, усы кийимлерди кийиўи тийис. Болмаса, олар айыплы болып, өлип қалады. Харон ҳәм оның урпақлары ушын бул мәңги қағыйда болсын.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.