Шыгыу 34 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Бурынғыға уқсаған еки тас жонып ал. Мен сен сындырып таслаған таслардағы сөзлерди усыларға жазаман.
2 Азанға дейин таярлан. Азан болғанда, Синай таўына шығып, таўдың төбесинде, Мениң менен ушырасыўға алдыма бар.
3 Сениң менен бирге басқа ҳеш ким таўға шықпасын ҳәм таўдың ҳеш бир жеринде ҳеш ким көринбесин. Таўдың етегинде мал-жанлықлар да отламасын.
4 Муўса бурынғыға уқсаған еки тас жонып алды. Жаратқан Ийениң буйырғанындай, ертеңине азанда тасларды алып, Синай таўына шықты.
5 Жаратқан Ийе булт ишинде сол жерге түсип, Муўсаның қасында турды ҳәм Өзиниң «Жаратқан Ийе» деген атын жәриялады.
6 Ол Муўсаның алдынан өтип: – Жаратқан Ийемен, Жаратқан Ийемен. Реҳимли, мийримли, сабыр- тақатлы, сүйиспеншилиги шексиз ҳәм садық Қудайман.
7 Мыңыншы әўладларға дейин сүйиспеншилик көрсетип, айыпларды, жынаятларды ҳәм гүналарды кешириўшимен. Бирақ ҳеш бир айыпты жазасыз қалдырмайман. Ата-бабалардың ислеген айыплары ушын, олардың улларын, ақлықларын, үшинши ҳәм төртинши әўладын жазалайман, – деди .
8 Сонда Муўса дәрҳал жерге жығылып, Жаратқан Ийеге сыйынды да:
9 – О, Ийем! Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, бизлер менен бирге бар. Бул халық – қайсар халық болса да, Сен бизлердиң айып- гүналарымызды кеширип, бизлерди Өз халқың сыпатында қабыл ет, – деди.
10 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мине, сениң халқың менен келисим дүземен. Олардың алдында дүньяда ҳәм басқа халықлар арасында болып көрилмеген кәраматлар ислеймен. Сен арасында жасап атырған пүткил халық нелер ислейтуғынымды көреди. Мениң сен ушын ислейтуғын ислерим қорқынышлы болады.
11 Бүгин сизлерге беретуғын буйрықларыма бойсыныңлар. Амор, қанан, хет, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сизлердиң алдыңыздан қуўып шығараман.
12 Өзлериңиз киретуғын елдеги адамлар менен келисим жасаўдан аўлақ болың. Себеби бул сизлер ушын дузақ болады.
13 Олардың қурбанлық орынларын қыйратып, кийели тасларын майдалап таслаңлар ҳәм кийели ағашларын шаўып таслаңлар.
14 Басқа қудайларға сыйынбаң. Өйткени Мен қызғаншақ деген аты бар Жаратқан Ийемен, қызғаншақ Қудайман.
15 Сол жердиң халқы менен ҳеш қандай келисим дүзбең. Болмаса, олар опасызлық қылып, өз қудайларына арнап қурбанлық шалғанда, сизлерди де мирәт етеди, сизлер де олардан жейсизлер.
16 Егер олардың қызларын улларыңызға алып берсеңиз, онда сол қызлар өз қудайларына ерип, бузықлық қылғанда, улларыңызды да излерине ертип кетеди.
17 Өзлериңизге бутлардың мүсинлерин соғып алмаң.
18 Сизлерге буйырғанымдай, Абиб айының белгиленген күнлеринде жети күн ашытқысыз нан жеп, Ашытқысыз нан байрамын байрамлаң. Себеби сизлер Мысырдан Абиб айында шықтыңлар.
19 Қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммеси, барлық ири ҳәм майда малларыңыздың туңғыш еркек төллери Маған тийисли.
20 Ешектиң биринши туўылған төлиниң орнына бир қозы берип, сатып алыңлар. Егер олай етпесеңиз, гүррениң мойнын үзиң. Барлық туңғыш улларыңыздың қунын өтеўиңиз тийис. Ҳеш ким алдыма қуры қол келмесин.
21 Алты күн жумыс ислеп, жетинши күни дем алың. Егин егиў ҳәм оны орыў ўақтында да дем алың.
22 Бийдайдың биринши өнимин жыйнағанда, Ҳәптелер байрамын, ал гүзде Жыйын-терим байрамын өткизиң.
23 Барлық ер адамларыңыз жылына үш рет Ийең болған Мениң, яғный Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң алдына келиўи керек.
24 Мен басқа миллетлерди алдыңыздан қуўып жиберип, шегараларыңызды кеңейтемен. Жылына үш рет Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдына келгениңизде, ҳеш ким жериңизди басып алыўды нийет етпейди.
25 Маған берилген қурбанлықтың қанын ашытқы салынған нан менен усынбаң. Қутқарылыў байрамының қурбанлығы азанға дейин қалдырылмасын.
26 Жериңиздиң дәслепки өниминиң ең жақсысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Үйине алып келиң. Ылақты өз анасының сүтине писирмең.
27 Соннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға: – Мына сөзлерди жаз. Себеби Мен сениң менен ҳәм израиллылар менен усы сөзлерге тийкарланып, келисим дүземен, – деди.
28 Муўса сол жерде қырық күн, қырық түн Жаратқан Ийе менен бирге болды. Ол ҳеш нәрсе ишип-жемеди ҳәм келисим сөзлерин, яғный он буйрықты тасларға жазды.
29 Муўса қолына буйрықлар жазылған еки тасты алып, Синай таўынан түсти. Ол Жаратқан Ийе менен сөйлескенликтен, жүзинен нур шашып тур еди. Бирақ буны өзи билмеди.
30 Харон ҳәм пүткил израиллылар Муўсаның нур шашқан жүзин көргенде, оған жақынласыўға қорқты.
31 Бирақ Муўса оларды қасына шақырды. Харон ҳәм жәмийеттиң барлық басшылары оның жанына келди. Муўса олар менен сөйлести.
32 Кейин пүткил Израил халқы оған жақын келди. Муўса Жаратқан Ийениң Синай таўында өзине айтқанларының ҳәммесин орынлаўды халыққа буйырды.
33 Муўса олар менен сөйлесип болғаннан соң, жүзин жаўлық пенен жаўды.
34 Муўса сөйлесиў ушын, Жаратқан Ийениң алдына барғанда, сыртқа шыққанша, жүзиндеги жаўлықты алып қоятуғын еди. Қайтып келгеннен кейин, ол өзине айтылған буйрықларды израиллыларға билдиретуғын еди .
35 Сонда израиллылар оның жүзинен нур шашып турғанын көретуғын еди. Ал Муўса ишке кирип, Жаратқан Ийе менен ушырасыўға дейин, жүзин жаўлық пенен жаўып қоятуғын еди.