Шыгыу 8 bob

Екинши жаза: қурбақалар (1-15). Үшинши жаза: ширкейлер (16-19). Төртинши жаза: ийтшыбынлар (20-32)

 
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонға барып, Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Жаратқан Ийе былай дейди: Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер.
2 Егер халқымды жибериўден ўаз кешсең, пүткил елиңди қурбақаларға толтырып, жазалайман.
3 Нил дәрьясы қурбақаларға толып тасып кетеди. Қурбақалар дәрьядан шығып, сарайыңа, уйықлайтуғын бөлмеңе, төсегиңе, хызметкерлериңниң ҳәм халқыңның үйлерине, ҳәтте, тандырларың менен қамыр табақларыңа да кирип алады.
4 Олар сениң, халқыңның ҳәм пүткил хызметшилериңниң үстинде секирип жүреди».
5 Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға: – Харонға айт, ол қолындағы таяғын дәрьялар, өзеклер ҳәм көллерге қарай созып, қурбақаларды шығарсын ҳәм Мысырды қурбақаларға толтырсын, – деди.
6 Солай етип, Харон қолындағы таяғын Мысырдағы суўларға қарай созды. Сонда қурбақалар шығып, Мысырды жайлап кетти.
7 Деген менен, сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай ислеп, Мысыр елине қурбақаларды шығарды.
8 Фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып: – Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер, Ол меннен ҳәм халқымнан қурбақаларды алып тасласын. Сонда мен де Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўи ушын, халқыңызды жиберемен, – деди.
9 Муўса оған: – Әжеп болады, ўақытты өзиңиз белгилең. Қурбақалар тек Нил дәрьясында қалып, өзиңиз де, үйиңиз де қурбақалардан қутылыўыңыз ушын, мен сиз, хызметкерлериңиз ҳәм халқыңыз ушын қашан дуўа етейин? – деди.
10 Фараон Муўсаға: – Ертең, – деди. Муўса оған былай деп жуўап берди: – Яқшы, айтқаныңыздай болсын. Усылайынша, сиз Қудайымыз болған Жаратқан Ийеге тең келетуғыны жоқ екенин билип аласыз.
11 Қурбақалар сизден, үйлериңизден, хызметкерлериңиз бенен халқыңыздан кетип, тек дәрьяда ғана қалады.
12 Солай етип, Муўса менен Харон фараонның алдынан кетти. Муўса Жаратқан Ийеге дуўа етип, Оның фараонға жиберген қурбақа бәлеси ушын жалбарынды.
13 Жаратқан Ийе Муўсаның тилегин орынлады: үйлердеги, ҳәўлилердеги ҳәм атызлардағы қурбақалар қырылып қалды.
14 Қурбақаларды жыйнап, үйин-үйин етип қойды. Сасық ийис елди жайлап кетти.
15 Деген менен, фараон жағдайдың жеңиллескенин көргенде, Жаратқан Ийениң айтқанындай жүрегин қатал етип, Муўса менен Харонды тыңламады.
16 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Харонға айт, ол таяғы менен жерди урсын. Сонда жердиң шаңы ширкейге айланып, пүткил Мысырды қаплайды, – деди.
17 Олар солай иследи. Харон таяғы менен жердиң шаңын урып жибергенде, пүткил Мысыр жериндеги шаң ширкейге айланды. Адамлар менен маллардың үстин ширкейлер басып кетти.
18 Сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен ширкейлер пайда етпекши болды, бирақ қолларынан келмеди. Адамлардың ҳәм маллардың үстин ширкей қаплаған еди.
19 Сонда сыйқыршылар фараонға: – Бул исте Қудайдың қолы бар, – деди. Бирақ Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараон жүрегин қатал қылып, Муўса менен Харонды тыңламады.
20 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Таң азаннан тур да, фараон дәрьяға қарай баратырғанда, оның алдынан шығып тур ҳәм оған Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер.
21 Егер жибермесең, сениң, хызметшилериңниң, халқыңның ҳәм үйлериңниң үстине ийтшыбын жаўдыраман. Мысырлылардың үйлери ҳәм олар жасап атырған жер ийтшыбынға толып кетеди.
22 Бирақ сол күни халқым жасайтуғын Гошен жерин айырып қояман. Ол жерде ийтшыбын болмайды. Усылай етип, сен Мысыр жеринде Жаратқан Ийениң, яғный Мениң бар екенимди билип аласаң.
23 Мен Өз халқым менен сениң халқыңның арасына айырмашылық қояман. Ертең усы кәрамат әмелге асады».
24 Жаратқан Ийе айтқанын иследи. Фараонның сарайына, хызметкерлериниң үйлерине ҳәм пүткил Мысыр елине быжнаған ийтшыбынлар ушып келди. Ел ийтшыбынның кесиринен ўайран болды.
25 Сонда фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып, оларға: – Барыңлар, Қудайыңызға усы елде қурбанлық бериңлер, – деди.
26 Бирақ Муўса оған былай деп жуўап берди: – Булай ислесек, туўры болмайды. Өйткени мысырлылар Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўимизди жеркенишли деп санайды. Егер олар жеркенишли деп санаған нәрсени көз алдында ислесек, олар бизлерди тас боран қылып өлтирмей ме?
27 Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, бизлер шөлде үш күнлик жол жүрип барыўымыз керек.
28 Сонда фараон: – Шөлде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўиңиз ушын, сизлерди жиберемен. Тек жүдә узақлап кетпеңлер. Енди мен ушын дуўа етиңлер, – деди.
29 Муўса оған: – Ертең сизден, хызметкерлериңизден ҳәм халқыңыздан ийтшыбынлар кетсин деп, сизиң алдыңыздан шығыўдан-ақ, Жаратқан Ийеге дуўа етемен. Тек сиз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын халықты жибермей қалып, бизлерди және алдамаң, – деди.
30 Солай етип, Муўса фараонның алдынан шығып, Жаратқан Ийеге дуўа етти.
31 Жаратқан Ийе Муўсаның тилегин орынлап, ийтшыбынларды фараоннан, оның хызметкерлеринен ҳәм халқынан алып таслады. Бирде бир ийтшыбын қалмады.
32 Солай болса да, фараон бул рет те жүрегин қатал қылып, халықты жибермеди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.