Ўазшы 2 bob
1 Мен өзиме: «Қәне, енди рәҳәтленип, кеўил-хошлық етип көрейин», – дедим. Бирақ ол да бийҳуда екен.
2 Мен күлки ҳаққында: «Ақылсызлық», – дедим, ал кеўил-хошлық ҳаққында: «Не кереги бар?» – дедим.
3 Даналығым басшылығында денемди шарап пенен сынап көриў ушын ақмақлыққа берилиўди шештим. Усылайынша, адамлар аспан астындағы қысқа өмиринде нелерди ислесе пайдалы болатуғынын билмекши болдым.
4 Мен уллы ислер иследим: өзиме үйлер қурдым, жүзим бағларын өсирдим,
5 бағлар ҳәм сулыў тоғайлар жараттым, ол жерлерге түрли мийўе ағашларын отырғыздым,
6 Ағашларды суўғарыў ушын ҳаўызлар қурдым,
7 қул ҳәм шорылар сатып алдым, үйимде туўылған қул ҳәм шорыларым да бар еди, ири ҳәм майда малларым да соншелли көп еди. Меннен алдын Ерусалимде жасағанлардың ҳеш биринде буншелли көп мал болмаған.
8 Өзиме гүмис ҳәм алтын жыйнадым, патшалардан ҳәм ўәлаятлардан ғәзийне топладым, ҳаял ҳәм еркек қосықшыларға ийе болдым, еркекке унайтуғын сулыў тоқалларды алып кеўлимди хошладым.
9 Солай етип, мен уллылыққа ерисип, өзимнен алдын Ерусалимде жасағанлардың ҳәммесинен асып түстим. Даналығым да мени тәрк етпеди.
10 Көзим түсип, унатқанның ҳеш қайсысынан бас тартпадым. Кеўлим күсеген нәрсеге шек қоймадым. Қылған ҳәр бир исимнен кеўлим хош болды. Пүткил мийнетиме берилген пай усы болды.
11 Бирақ өз қолларым менен ислеген ислериме, Қылған ҳәмме мийнетлериме қарасам, Булардың ҳәммеси бийҳуда, самалдың изинен қуўғандай нәрсе екенин, Қуяш астында ҳеш қандай пайдалы нәрсе жоқ екенин көрдим.
12 Соннан кейин, және даналық, ақылсызлық ҳәм ақмақлықтың не екенин көрмекши болдым. Патша мийрасхоры әлле қашан исленген ислерден басқа нелер ислей алар еди?
13 Жақтылықтың қараңғылықтан жақсырақ болғаны сыяқлы, Даналықтың да ақылсызлықтан жақсырақ екенин көрдим.
14 Дана жүрер жолын билер, Ал ақылсыз қараңғылықта жүрер. Бирақ мен екеўиниң де өмириниң ақыбетиниң бирдей екенин түсиндим.
15 Сонда мен ишимнен былай дедим: «Ақылсыздың басына не түссе, мениң басыма да сол түседи. Онда жүдә ақыллы болыўдың не кереги бар?» Және өзиме өзим: «Бул да бийҳуда», – дедим.
16 Ақылсыз да, дана да, Узақ есте сақланбайды, Екеўи де тез арада умытылады. Дана да ақылсыз бенен бирдей өлим көрмей ме?
17 Усылайынша мен өмирди жек көрдим. Себеби қуяш астында исленген ҳәр бир ис маған жүдә қайғылы көринди. Ҳәммеси бийҳуда, самалдың изинен қуўғандай нәрсе екен.
18 Мен қуяш астында ислеген пүткил мийнетимди жек көрдим. Себеби оларды өзимнен кейинги адамға қалдырыўым керек еди.
19 Ол дана бола ма, ақылсыз бола ма, ким биледи? Бирақ ол мениң қуяш астында мийнет етип, ақыл менен ерискенлеримниң ҳәммесине ийелик қылады. Бул да бийҳуда.
20 Сонлықтан мен қуяш астында ислеген барлық мийнетлериме ашына басладым.
21 Адам даналығы, билими ҳәм уқыбы менен мийнет етеди, кейин булардың ҳәммеси, тап оның пайы сыяқлы буларға ҳеш мийнети сиңбеген адамға қалыўы керек болады. Бул да бийҳуда, бул – уллы азап!
22 Қуяш астында ислеген мийнетинен ҳәм урыныўларынан адам неге ериседи?
23 Оның барлық күнлери дәртке, жумыслары қайғыға толы, ҳәтте, жүреги түнде де тынышланбайды. Бул да бийҳуда.
24 Адам ушын ишип-жеўден, ислеген мийнетинен рәҳәтлениўден артық нәрсе жоқ екен. Булардың да Қудайдан берилгенине көзим жетти.
25 Ақыры, Ол бермесе, ким жей алады, ким рәҳәтлене алады?
26 Өзине ылайықлы болғанларға Қудай даналық, билим ҳәм қуўаныш береди. Ал гүнакарларға болса, байлық арттырып жыйнаў исинтапсырады. Соңынан Өзине ылайықлы болған адамларға оның жемисин береди. Бул да ақылға сыймайды, бул да самалдың изинен қуўғандай нәрсе.